1 Саулдың тәўбе етиўи. 20 Саул Дамаскта ҳәм Ерусалимде. 32 Петрдиң ләң болған адамға шыпа бериўи. 36 Петрдиң Тавитаны тирилтиўи.
Елшилердиң ислери 9 bob
1 Ал Саул Ийемиздиң шәкиртлерине еле ѳлим қәўпин туўдырып жүрди. Ол бас руўханийге барды да,
2 Дамасктағы мәжилисханаларға хатлар жазып бериўин сорады. Сол жерде Ийсаның жолы менен жүрген еркек болсын, ҳаял болсын, тапса оларды услап, Ерусалимге алып келиў нийетинде еди.
3 Ол жол жүрип Дамаскқа жақынлағанда, тосаттан аспаннан түскен бир нур оның әтирапын жарқыратып жиберди.
4 Саул жерге жығылып: – Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? – деген даўысты еситти.
5 Саул: – Сен кимсең, Ийем? – деп сорады. – Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман.
6 Ал енди орныңнан турып, қалаға бар. Нени ислеў тийис екенлигиң саған айтылады, – деген даўыс еситилди.
7 Саул менен киятырғанлардың тиллери тутылып, тоқтап қалды. Себеби олар даўысты еситсе де, ҳеш кимди кѳрмеген еди.
8 Саул жерден турды. Бирақ кѳзлерин ашқанда, ҳеш нәрсе кѳре алмады. Сонлықтан олар оның қолынан услап, Дамаскқа жетеклеп апарды.
9 Оның кѳзлери үш күн бойы кѳрмей қалып, ҳеш нәрсе ишип жемеди.
10 Дамаскта Ханания атлы Ийсаның шәкирти бар еди. Ийемиз оған кѳринип: – Ханания, – деди. – Усы жердемен, Ийем, – деп жуўап берди ол.
11 Ийемиз оған: – Орныңнан тур да, «Туўры кѳше» деген кѳшеге барып, Яҳуданың үйиндеги Саул атлы бир тарсуслы адамды сора. Ол ҳәзир дуўа етип атыр.
12 Ол ѳзине кѳрсетилген аянда жанына Ханания атлы бир адамның келип, кѳзлериниң қайтадан кѳриўи ушын үстине қолларын қойып дуўа еткенин кѳрген еди, – деди.
13 Ханания жуўап берип: – Ийем! Бул адамның Сениң Ерусалимдеги мухаддеслериңе қанша жаманлық ислегенин мен кѳп адамлардан еситкен едим.
14 Бул жерге де ол Сениң атыңа сыйынатуғынлардың ҳәммесин тутқынға алыў ушын, бас руўханийлерден бийлик алып келген, – деди.
15 Ийемиз оған: – Бар! Ѳйткени Мен бул адамды атымды басқа миллетлерге, патшаларға ҳәм Израил улларына жеткизиў ушын таңладым.
16 Мениң атым ушын қаншама азап шегетуғынын Ѳзим оған кѳрсетемен, – деди.
17 Солай етип, Ханания барды да, сол үйге кирди ҳәм қолларын Саулдың үстине қойып: – Туўысқаным, Саул! Саған киятырған жолыңда кѳринген Ийемиз Ийса кѳзлериңниң ашылып, Мухаддес Руўхқа толыўың ушын мени жиберди, – деди.
18 Сол ўақытта-ақ кѳзлеринен перде түскендей болып, Саул және кѳре баслады. Ол орнынан турып, суўға шомылдырылды ҳәм
19 аўқат жеп, күшке енди. Саул бир неше күн Дамасктағы шәкиртлердиң жанында қалды.
20 Ол дәрҳал Ийсаның Ќудайдың Улы екенлигин мәжилисханаларда жәриялай баслады.
21 Оны еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысып: «Мынаў Ерусалимде усы Ийсаның атына сыйынатуғынларды қырған адам емес пе? Ол бул жерге де сондай адамларды тутқын етип, бас руўханийлерге апарыў ушын келген жоқ па еди?» – дести.
22 Бирақ Саул күннен-күнге руўхый күшке толысып барды. Ийсаның Масих екенлиги ҳаққында дәлиллер келтирип, Дамаскта жасайтуғын яҳудийлерди таң қалдыратуғын еди.
23 Арадан кѳп күнлер ѳткенде, яҳудийлер Саулды ѳлтириўге тил бириктирди.
24 Бирақ, олардың бул нийети Саулға белгили болып қалды. Яҳудийлер оны ѳлтириў ушын күни-түни қаланың дәрўазасын аңлыды.
25 Деген менен, Саулдың шәкиртлери бир күни түнде оны себетке салды да, қаланың дийўалынан түсирип жиберди.
26 Саул Ерусалимге келип, сол жердеги шәкиртлерге қосылыўға тырысты. Бирақ оның Ийсаның шәкирти болғанына исенбей, олардың ҳәммеси оннан қорқатуғын еди.
27 Сонда Барнаба оны елшилерге ертип келди. Ол Саулдың жолда Ийемизди қалай кѳргенин, Ийемиздиң оның менен сѳйлескенин ҳәм оның Дамаскта қалай Ийсаның аты менен батыл түрде ўаз айтқанын оларға айтып берди.
28 Солай етип, Саул Ерусалимде олар менен бирге араласып, Ийемиздиң аты менен қорқпастан ўаз айтып жүрди.
29 Ол грекше сѳйлейтуғын яҳудийлер менен сѳйлесип, тартысатуғын еди. Ал олар Саулды ѳлтириўге ҳәрекет етти.
30 Туўысқанлар буны билгенде оны Кесарияға апарып, сол жерден Тарсусқа жиберди.
31 Солай етип, пүткил Яҳудия, Галила ҳәм Самария бойлап исениўшилер тынышлыққа еристи. Ийемизден қорқып жасаған жәмәәт беккемленип, Мухаддес Руўхтың қоллап-қуўатлаўы менен саны ѳсе берди.
32 Сонда Петр ел аралап жүрип, Лиддада жасайтуғын исениўшилерди кѳриўге келди.
33 Ол сол жерде ләң болып сегиз жылдан бери тѳсек тартып жатырған Еней атлы бир адамды кѳрди.
34 Петр оған: – Еней, Ийса Масих саған шыпа береди. Орныңнан турып, тѳсегиңди жыйна, – деди. Еней сол ўақытта-ақ орнынан турды.
35 Лидда ҳәм Шаронда жасайтуғынлардың дерлик ҳәммеси буны кѳрип, Ийемиздиң жолына түсти.
36 Яффада Ийсаның шәкирти болған Тавита атлы бир ҳаял бар еди. Тавита – грекше «Доркас», яғный «кийик» дегенди аңлатады. Ол ҳәмме ўақыт жақсылық ислеп, жарлыларға қайыр-садақа беретуғын еди.
37 Сол күнлери Тавита аўырып, қайтыс болды. Адамлар оның денесин жуўып, жоқарыдағы бѳлмеге қойды.
38 Лидда Яффаға жақын болғанлықтан, Петрдиң сол жерде екенин еситкен шәкиртлер оған еки адамды жиберип: «Тезирек бизлерге кел», – деп ѳтиниш етти.
39 Петр орнынан турып, олар менен бирге кетти. Үйге келгенде, оны жоқарыдағы бѳлмеге алып барды. Барлық жесир ҳаяллар Петрдиң әтирапына жыйналды. Олар жылап турып, Доркастың ѳзлери менен бирге жасаған ўақтында тиккен ишки кийимлери менен кѳйлеклерин оған кѳрсетти.
40 Петр ҳәммени сыртқа шығарып жиберди де, дизе бүгип, дуўа етти. Соңынан ѳлиге бурылып: – Тавита, орныңнан тур! – деди. Ҳаял кѳзлерин ашты да, Петрди кѳрип, тикейип отырды.
41 Петр қолын берип, оны орнынан турғызды. Соңынан исениўшилер менен жесир ҳаялларды шақырды да, тирилген Тавитаны оларға кѳрсетти.
42 Бул ўақыя туўралы хабар пүткил Яффаға мәлим болып, кѳп адамлар Ийемизге исенди.
43 Петр кѳп күн Яффада, Симон атлы тери ийлеўшиниң үйинде қалды.