Елшилерди„„„ң ислери 8 bob

1 Ерусалим жәмәәтиниң қуўдаланыўы. 4 Филип Самарияда. 9 Сыйқыршы Симон. 26 Филип ҳәм эфиопиялы ўәзир. 

1 Степанның ѳлтирилиўин Саул да мақуллаған еди. Сол күнниң ѳзинде-ақ, Ерусалимдеги исениўшилер жәмәәтине қарсы күшли қуўдалаў басланды. Елшилерден басқа исениўшилердиң ҳәммеси Яҳудия менен Самария үлкелериниң ҳәмме жерлери бойлап тарқап кетти.
2 Айырым исениўши адамлар Степанды жерлеп, оны қатты азалады.
3 Бирақ Саул исениўшилер жәмәәтине қатты азап берди. Ол үйме-үй кирип, еркек пе, ҳаял ма, ҳәммесин сүйреп шығарып, қамаққа салдырды.
4 Ал тарқалып кеткен исениўшилер ел аралап, Ќудайдың сѳзин жәриялап жүрди.
5 Филип Самарияның бир қаласына келип, ол жердегилерге Масих ҳаққында жәриялады.
6 Филиптиң сѳзин еситкен ҳәм ол кѳрсеткен кәраматлы белгилерди кѳрген халық оның сѳзлерин дыққат пенен тыңлады.
7 Ѳйткени жин урған кѳп адамлардан жаўыз руўхлар қышқырысып шығып, кѳплеген ләң ҳәм ақсақ болғанлар шыпа табатуғын еди.
8 Солай етип, сол қала үлкен қуўанышқа бѳленди.
9 Сол қалада кѳп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен шуғылланатуғын, Самария халқын таң қалдырып киятырған ҳәм ѳзин уллы адам деп есаплайтуғын Симон атлы бир адам бар еди.
10 Ең қарапайым адамлардан баслап ең абырайлы адамларға дейин, ҳәммеси оны дыққат пенен тыңлап: «Онда уллы қүдирет деп аталатуғын Ќудайдың қүдирети бар», – дейтуғын еди.
11 Симон оларды кѳп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен таң қалдырып киятырғанлықтан, оны ҳәмме тыңлайтуғын еди.
12 Бирақ олар Ќудайдың Патшалығы ҳәм Ийса Масихтың аты ҳаққында Хош Хабарды жәриялаған Филиптиң сѳзлерине исенгенде, еркеклер де, ҳаяллар да суўға шомылдырылды.
13 Симонның ѳзи де исенип суўға шомылдырылғаннан соң, Филиптиң жанынан айырылмады. Кѳрсетилген белгилер ҳәм уллы кәраматларды кѳрип, ол таң қалды.
14 Ерусалимдеги елшилер самариялылардың Ќудайдың сѳзин қабыл еткенин еситип, оларға Петр менен Юханды жиберди.
15 Екеўи сол жерге барып, самариялы исениўшилердиң Мухаддес Руўхты алыўы ушын дуўа етти.
16 Себеби еле олардың ҳеш қайсысына Мухаддес Руўх түспеген болып, олар тек Ийемиз Ийсаның аты менен суўға шомылдырылған еди.
17 Петр менен Юхан олардың үстилерине қолларын қойып дуўа еткенде, олар Мухаддес Руўхты алды.
18 Елшилердиң бул қол қойыў ҳәрекети менен Мухаддес Руўх берилгенин кѳрген Симон оларға ақша усынып:
19 – Маған да усындай қүдирет бериңлер, мен кимниң үстине қолларымды қойсам да, ол Мухаддес Руўхты қабыл қылатуғын болсын, – деди.
20 Бирақ Петр оған былай деди: – Ќудайдың сыйын ақшаға сатып алыўды ойлағаның ушын, ақшаң ѳзиң менен бирге қурып кетсин.
21 Бул исте сениң пайың да, үлесиң де жоқ. Ѳйткени кеўлиң Ќудай алдында ҳақ емес.
22 Енди бул жаўыз нийетиң ушын тәўбе етип, Ийемизге жалбарын! Мүмкин, кеўлиңдеги бул нийетти Ол кеширер.
23 Себеби сениң ашшы қызғанышқа толы екениңди ҳәм жаманлықтың шырмаўында екениңди кѳрип турман.
24 Симон жуўап берип: – Мен ушын Ийеңизге сизлер дуўа етиңлер, айтқанларыңыздың ҳеш бири басыма түспесин, – деди.
25 Петр менен Юхан Ийемиздиң сѳзи ҳаққында гүўалық берип айтқаннан соң, Самарияның кѳп аўылларында Хош Хабарды жәриялап, Ерусалимге қайтты.
26 Сонда Ийемиздиң бир периштеси Филипке былай деди: – Орныңнан турып, қубла тәрепке, Ерусалимнен Газаға баратуғын шѳл жолына бар.
27 Филип орнынан турып, жолға шықты. Сол ўақытта Эфиопияның ҳаял патшасы Кандакияның ўәзирлеринен бири, оның барлық қазнасын басқаратуғын бир ақта сыйыныў ушын Ерусалимге барып,
28 сол жол менен қайтып киятыр еди. Ол арбасында Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырған еди.
29 Мухаддес Руўх Филипке: – Барып, сол арбаға жақынлас, – деди.
30 Филип жуўырып арбаның қасына барғанда, оның Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырғанын еситип: – Не оқып отырғаныңды түсинесең бе? – деп сорады.
31 Эфиопиялы: – Биреў маған жол-жорық кѳрсетпесе, қалай түсине аламан, – деди де, Филиптен арбаға минип отырыўды ѳтиниш етти.
32 Ол Мухаддес Жазыўдың мына жерин оқып отырған еди: «Ол қой сыяқлы баўызланыўға алып барылды, Жүн қырқыўшының алдында қозы қалай үндемей турса, Ол да солай аўзын ашпады.
33 Ол хорланып, әдил ҳүким алыўдан жуда болды. Оның урпақларын ким тилге алады? Ѳйткени Оның бул дүньядағы ѳмири таўсылды».
34 Ўәзир Филиптен: – Ѳтинемен, маған айтшы: пайғамбар ким туўралы айтып атыр? Ѳзи туўралы ма ямаса басқа биреў туўралы ма? – деп сорады.
35 Сонда Филип Мухаддес Жазыўдың усы жеринен баслап, Ийса ҳаққында Хош Хабарды оған айтып берди.
36 Олар жол жүрип киятырғанда, суў бар жерге келди.
37 – Мине, бул жерде суў бар-ғо, суўға шомылдырылыўыма не тосқынлық қылады? – деди ўәзир.
38 Соңынан арбаны тоқтатыўды буйырды. Филип пенен екеўи суўға түсти ҳәм ол Филиптиң қолынан суўға шомылдырылды.
39 Олар суўдан шыққанда, Ийемиздиң Руўхы Филипти бирден алып кетип, ўәзир оны қайтып кѳрмеди. Солай болса да, ол қуўанышлы түрде жолын даўам етти.
40 Ал Филип Азот қаласында пайда болды. Ол Кесарияға барғанша барлық қалаларды аралап, Хош Хабарды жәриялап жүрди.