Елшилерди„„„ң ислери 11 bob

1 Петрдиң болған ўақыяны түсиндириўи. 19 Антиохиядағы исениўшилердиң жәмәәти. 

1 Елшилер менен Яҳудиядағы туўысқанлар басқа миллетлердиң де Ќудайдың сѳзин қабыл еткенин еситти.
2 Сонлықтан Петр Ерусалимге келгенде, сүннетли исениўшилер оны айыплап:
3 – Сен сүннетсиз адамлардың үйине барып, олар менен бирге ас ишипсең! – деди.
4 Сонда Петр сѳз баслап, болған ўақыяны избе-излик пенен айтып берди:
5 – Мен Яффа қаласында дуўа етип отырған едим. Айрықша жағдайға түсип, бир аян кѳрдим: дастурханға уқсаған бир нәрсе тѳрт мүйеши асылған ҳалында аспаннан түсип, мениң жаныма дейин келди.
6 Кѳзлеримди тигип, дастурханға дыққат пенен қарадым. Дастурханның ишинде жер жүзинде жасаўшы тѳрт аяқлы жаныўарларды, жабайы ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм аспан қусларын кѳрдим.
7 Сонда маған бир даўыстың: «Петр, тур. Сойып же», – дегенин еситтим.
8 «Яқ, Ийем! Аўзыма ҳеш қашан ҳарам ямаса патас нәрсе алғаным жоқ», – дедим.
9 Даўыс аспаннан екинши мәрте еситилип: «Ќудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме!» – деди.
10 Бул үш мәрте тәкирарланды. Соңынан ҳәммеси және аспанға алынды.
11 Тап сол ўақытта Кесариядан маған жиберилген үш адам мен болып атырған үйдиң алдында турған еди.
12 Мухаддес Руўх маған ҳеш екиленбей олар менен кетиўди айтты. Бул алты туўысқанымыз да мениң менен бирге шығып, сол адамның үйине бардық.
13 Ол бизлерге қалайынша бир периштени кѳргенин айтып берди. Периште оның үйинде пайда болып, ѳзине: «Яффаға адам жоллап, Петр деп аталатуғын Симонды шақырт.
14 Ол саған сени ҳәм пүткил хожалығыңды қутқаратуғын сѳзлерди айтады», – депти.
15 Мен сѳйлей баслағаннан-ақ, ең баста бизлердиң үстимизге түскендей, олардың үстилерине де Мухаддес Руўх түсти.
16 Сонда Ийемиздиң мына сѳзлери ядыма түсти: «Яқыя суў менен шомылдырды, ал сизлер Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар».
17 Солай етип, Ќудай Ийемиз Ийса Масихқа исенетуғын бизлерге берген сыйын оларға да берсе, Ќудайға қарсы шығатуғындай мен ким болыппан?
18 Бул сѳзлерди еситип, олар тынышланды. Ќудайды алғыслап былай деди: – Демек, Ќудай басқа миллетлерге де тәўбе етип, мәңгилик ѳмирге ийе болыў мүмкиншилигин берипти.
19 Степан ѳлтирилген күннен басланған қуўдалаў себепли тарқалған исениўшилер Феникия, Кипр ҳәм Антиохияға шекем барды. Олар Ќудайдың сѳзин тек яҳудийлерге жәриялайтуғын еди.
20 Бирақ, олардың арасынан кипрлы ҳәм киренели айырым адамлар Антиохияға барып, греклерге де Ийемиз Ийса туўралы Хош Хабарды жәриялап жүрди.
21 Ийемиздиң қүдирети олар менен бирге болғанлықтан, кѳп адамлар исенип, Ийемиздиң жолына түсти.
22 Бул ҳаққында хабар Ерусалимдеги исениўшилердиң жәмәәтине жетип барғанда, олар Барнабаны Антиохияға жиберди.
23 Барнаба сол жерге келгенде, Ќудайдың мийримин кѳрип қуўанды. Олардың ҳәммесине Ийемизге шын кеўилден садық болыңлар, деп ақыл-нәсият берди.
24 Ѳйткени ол Мухаддес Руўхқа толған, исеними күшли, жақсы адам еди. Солай етип, кѳп адамлар Ийемизге алып келинди.
25 Сонда Барнаба Саулды излеў ушын Тарсусқа кетти.
26 Оны таўып, Антиохияға әкелди. Солай етип, Барнаба менен Саул толық бир жыл сол жердеги исениўшилер жәмәәти менен бирге жыйналып, кѳп адамларға тәлим берди. Усы Антиохия қаласындағы шәкиртлер биринши мәрте масихыйлар деп аталды.
27 Сол күнлери Ерусалимнен Антиохияға бир неше пайғамбарлар келди.
28 Олардан Агабус атлы биреўи орнынан турып, пүткил жер жүзинде ашлық болатуғынын Мухаддес Руўхтан илҳамланып, болжап айтты. Бул ашлық Клавдий патшаның заманында болды.
29 Сонда шәкиртлер Яҳудияда жасайтуғын туўысқанларға қолларынан келгенинше ақшалай жәрдем бериўге қарар етти.
30 Олар жыйналған ақшаларды исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларына Барнаба ҳәм Саул арқалы жиберип, усы қарарды орынлады.