Елшилерди„„„ң ислери 26 bob

1 Павелдиң өзин ақлаўы. 

1 Агриппа Павелге: – Ѳзиңди ақлап сѳйлеўиңе рухсат бериледи, – деди. Сонда Павел қолын кѳтерип ишарат етти де, ѳзин ақлап сѳйлей баслады:
2 – Патша Агриппа! Яҳудийлердиң маған тағып атырған барлық айыпларына қарсы бүгин ѳзимди сизиң алдыңызда ақлап атырғаным ушын бахтиярман, деп есаплайман.
3 Себеби әсиресе сиз яҳудийлердиң үрп-әдетлерин ҳәм тартыслы мәселелерин жақсы билесиз. Сонлықтан мени сабырлылық пенен тыңлаўыңызды ѳтиниш етемен.
4 Дәслеп ѳз елимде, соңынан Ерусалимде жаслығымнан бери қалай ѳмир сүргенимди пүткил яҳудийлер биледи.
5 Олар мени кѳп ўақыттан бери таныйды ҳәм егер қәлесе, динимиздиң ең қатал бағыты бойынша парисей болып жасағаным туўралы гүўалық бере алады.
6 Енди болса, Ќудайдың ата-бабаларымызға берген ўәдесинен үмит еткеним ушын, мен усы жерде турып, ҳүким етилип атырман.
7 Бизиң он еки урыўымыз күни-түни Ќудайға бар ықласы менен хызмет етип, бул ўәдениң орынланыўынан үмит етеди. О, патшам! Мени яҳудийлер, мине, усы үмит себепли айыпламақта.
8 Ќудайдың ѳлилерди тирилтиўин сизлер неге исенип болмайтуғын нәрсе, деп есаплайсызлар?
9 Ҳақыйқатында мен де Насыралы Ийсаның атына қарсы қолымнан келген ҳәмме нәрсени ислеўим керек, деп ойлайтуғын едим.
10 Мен буны Ерусалимде иследим де. Бас руўханийлерден алған бийлик пенен исениўшилердиң кѳбисин қамаққа салдырдым. Оларға ѳлим жазасы берилиўи ушын даўыс беретуғын едим.
11 Мәжилисханама-мәжилисхана жүрип, оларды тез-тез жазалап, Ийсаға тил тийгизиўге мәжбүрлейтуғын едим. Оларға қәҳәрли болғаным соншелли, ҳәтте, оларды жат қалаларда да қуўдаладым.
12 Бир мәрте мен бас руўханийлерден бийлик ҳәм тапсырма алып, Дамаскқа қарай жолға шықтым.
13 О, патшам! Тал түсте жолда баратырғанымда, аспаннан түсип, мениң ҳәм жолдасларымның әтирапын жарқыратып жиберген қуяштың сәўлесинен де жарық бир нур кѳрдим.
14 Ҳәммемиз жерге жығылғанымызда, бир даўыстың маған еврей тилинде сѳйлегенин еситтим: «Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? Ќудайға қарсы турсаң, ѳзиңе зыян болады».
15 «Ийем, Сен кимсең?» – деп сорадым мен. Ийемиз жуўап берип былай деди: «Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман.
16 Ќәне, тикейип, орныңнан тур! Мени кѳргениң ҳәм Мениң саған кѳрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бериўиң ушын, және де, сени Ѳз хызметиме тайынлаў ушын саған кѳриндим. Сен кѳргенлериң ҳәм саған кѳрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бересең.
17 Мен сени ѳз халқыңның ҳәм басқа миллетлердиң қолынан қутқараман.
18 Басқа миллетлердиң кѳзлерин ашып, оларды қараңғылықтан жақтыға, шайтанның қолы астынан Ќудайға апарыў ушын сени оларға жиберип атырман. Солай етип, олардың гүналары кеширилип, Маған деген исенимлери менен мухаддес адамлардың арасынан үлес алсын».
19 Сонлықтан, патша Агриппа, аспаннан берилген аянға бағынбай тура алмадым.
20 Дәслеп Дамаск, соңынан Ерусалим ҳәм пүткил Яҳудия үлкесиндеги яҳудийлерге, және басқа миллетлерге де тәўбе етип Ќудайға қайтыўды ҳәм тәўбеге ылайық ислер ислеўди жәриялап жүрдим.
21 Яҳудийлердиң мени Ибадатханада услап, ѳлтирмекши болғанының себеби усы.
22 Бирақ бүгинги күнге дейин маған Ќудай жәрдем берип келмекте. Сонлықтан үлкен-киши, ҳәммеге гүўалық берип, усы жерде турман. Мениң айтып турғанларым пайғамбарлардың ҳәм Муўсаның болжап айтқанларынан басқа емес.
23 Олар Масихтың азап шегетуғынын ҳәм биринши болып ѳлимнен тирилетуғынын, Ѳз халқына ҳәм басқа миллетлерге нур ҳаққында жәриялайтуғынын билдирген еди.
24 Павел усы тәризде ѳзин ақлап турғанда, Фест бәлент даўыс пенен: – Павел, сениң есиң дурыс емес! Кѳп оқығаның сени ақылыңнан аздырыпты! – деди.
25 Павел былай деди: – Есим дурыс, ҳүрметли Фест! Мениң сѳзлерим ҳақыйқатқа ҳәм ақылға сай.
26 Патша бул нәрселер ҳаққында жақсы билгенликтен, мен оның менен еркин сѳйлесип турман. Булардың ҳеш бириниң оның дыққатынан шетте қалмағанына исенемен. Ѳйткени бул бир шетте болған жоқ.
27 Патша Агриппа! Сиз пайғамбарлардың сѳзлерине исенесиз бе? Билемен, исенесиз.
28 Сонда Агриппа Павелге: – Мени аз-маз ўақыттың ишинде кѳндирип, масихый қылмақшымысаң? – деди.
29 – Аз болсын, кѳп болсын, тек сиз емес, ал бүгин мени тыңлап отырғанлардың ҳәммеси мына шынжырларсыз мен сыяқлы болыўын Ќудайдан тилеймен, – деди Павел.
30 Сонда патша, ҳәким, Верника ҳәм олар менен отырғанлар орынларынан турды.
31 Олар сыртқа шығып, ѳз ара: «Бул адам ѳлимге ямаса қамалыўға ылайық ҳеш нәрсе ислемеген», – дести.
32 Агриппа Фестке: «Егер бул адам Рим патшасы-Ќайсардың ҳүкимин талап етпегенде, оны азат қылыўға болар еди», – деди.