Елшилерди„„„ң ислери 25 bob

1 Павел Фесттиң алдында. 13 Павел Агриппа патшаның алдында. 

1 Фест үлкеге ҳәкимлик ўазыйпасына келгеннен соң үш күн ѳткенде, ол Кесариядан Ерусалимге барды.
2 Сонда бас руўханийлер менен яҳудийлердиң басшылары оған Павелдиң үстинен шағым жасады.
3 Мийримлилик кѳрсетип, Павелди Ерусалимге жибериўин оннан жалынып сорады. Ал ѳзлери Павелди жолда ѳлтирмекши болып, тил бириктирген еди.
4 Фест оларға жуўап берип, Павелдиң Кесариядағы қамақта екенин ҳәм ѳзиниң де жақында сол жерге баратуғынын айтты да:
5 – Араңызда бийлиги барлар мениң менен бирге барып, бул адам бир қылмыс ислеген болса, оны айыпласын, – деди.
6 Фест олардың жанында сегиз ямаса он күннен артық қалмай, Кесарияға қайтты. Ертеңине ол ҳүким гүрсисине отырып, Павелди алып келиўди буйырды.
7 Павел келгенде, Ерусалимнен барған яҳудийлер оның әтирапын қоршап алды да, оған ѳзлери дәлиллеп бере алмайтуғын кѳп аўыр айыплар тақты.
8 Павел ѳзин ақлап: – Мен я яҳудийлердиң нызамына, я Ибадатханаға, я Рим патшасы-Ќайсарға қарсы ҳеш қандай жынаят ислегеним жоқ, – деди.
9 Бирақ яҳудийлерге жағынғысы келген Фест Павелге: – Ерусалимге барып, сол жерде усылар бойынша мениң алдымда ҳүким етилиўди қәлейсең бе? – деди.
10 Павел былай деди: – Мен Қайсардың ҳүким гүрсиси алдында турман. Мен усы жерде ҳүким етилиўим тийис. Мениң яҳудийлерге ҳеш қандай жаманлық ислемегенимди өзиңиз жүдә жақсы билесиз.
11 Егер мен айыплы болсам ҳәм ѳлимге ылайықлы бир нәрсе ислеген болсам, ѳлимнен бас тартпас едим. Ал егер булардың маған тағып атырған айыплары тийкарсыз болса, онда ҳеш бир адамның мени олардың қолына услап бериўге ҳақысы жоқ. Мен Ќайсардың ҳүкимин талап етемен.
12 Сонда Фест кеңесгѳйлери менен мәсләҳәтлескеннен соң: – Сен Ќайсардың ҳүкимин талап еттиң, енди Ќайсарға барасаң, – деп жуўап берди.
13 Бир қанша күннен соң, Агриппа патша менен Верника Фестти қутлықлаў ушын Кесарияға келди.
14 Олар сол жерде кѳп күн қалғанлықтан, Фест Павелдиң исин патшаға билдирип былай деди: – Бул жерде Феликс қамақта қалдырып кеткен бир адам бар.
15 Мен Ерусалимде болғанымда, яҳудийлердиң бас руўханийлери менен ақсақаллары оған айып тағып, оны жазалаўымды талап қылған еди.
16 Мен оларға: «Айыпланыўшы ѳз айыплаўшылары менен жүзлеспей турып, оған тағылып атырған айыплардан ѳзин қорғаўға мүмкиншилик берместен, оны услап бериў – римлилердиң әдетине қайшы келеди», – деп жуўап бердим.
17 Сонлықтан олар мениң менен бул жерге келгенде, мен ўақытты босқа жибермей, ертеңине-ақ ҳүким гүрсисине отырдым да, сол адамның алып келиниўин буйырдым.
18 Бирақ айыплаўшылар орынларынан турғанда, оған мен күткен айыплардың ҳеш бирин тақпады.
19 Тек олардың ѳз дини ҳәм бир Ийса атлы ѳлген, бирақ Павел тири деп тастыйықлаған Адам ҳаққында айырым тартыслары бар екен.
20 Мен бул мәселени қалай шешиўди билмей албырап, Павелден: «Ерусалимге барып, усылар бойынша сол жерде ҳүким етилиўди қәлейсең бе?» – деп сорадым.
21 Бирақ ол ѳз исин Ќайсардың қараўын ҳәм оған дейин қамақта қалдырылыўын талап етти. Сонлықтан мен оны Ќайсарға жоллаўыма дейин қамақта болыўын буйырдым.
22 Сонда Агриппа Фестке: – Бул адамды мен де тыңлағым келеди, – деди. – Оны ертең-ақ тыңлайсыз, – деди Фест.
23 Ертеңине Агриппа менен Верника уллы сән-салтанат пенен келип, мыңбасылар ҳәм қаланың абырайлы адамлары менен бирликте рәсмий залға кирди. Фесттиң буйрығы бойынша Павел алып келинди.
24 Фест былай деди: – Патша Агриппа ҳәм усы жердеги ҳәмме адамлар! Сизлер мына адамды кѳрип турсызлар. Ерусалимде де, бул жерде де, пүткил яҳудий халқы оның үстинен маған шағым жасап: «Ол буннан былай жасамаўы тийис» – деп бақырысқан еди.
25 Бирақ мен оның ѳлим жазасына ылайық ҳеш қандай ис ислемегенин анықладым. Оның ѳзи Ќайсардың ҳүкимин талап еткенликтен, оны Ќайсарға жибериўге қарар еттим.
26 Ал менде болса, ол ҳаққында ҳүкимдарға жазғандай, белгили ҳеш нәрсе жоқ. Сонлықтан бул тергеўдиң нәтийжесинде маған жазыўға бир нәрсе табылып қалар деп, оны сизлердиң алдыңызға, әсиресе, патша Агриппа, сизиң алдыңызға шығардым.
27 Ѳйткени тутқынды Ќайсарға жоллап, оған қойылған айыпларды билдирмеў надурыс болар, деп ойлайман.