Елшилерди„„„ң ислери 3 bob

1 Петрдиң аяғы ләң адамға шыпа бериўи. 11 Петрдиң Ибадатханадағы сөзи. 

1 Бир күни Петр менен Юхан дуўа етиў ўақтында, түстен кейин саат үште Ибадатханаға баратыр еди.
2 Сол жерде иштен аяғы ләң болып туўылған бир адам бар еди. Ол Ибадатханаға келгенлерден садақа сораў ушын кѳтерип әкелинип, ҳәр күни Ибадатхананың «Гѳззал» деген қапысының қасында отырғызылатуғын еди.
3 Бул адам Ибадатханаға кирип баратырған Петр менен Юханды кѳрип, олардан садақа сорады.
4 Петр менен Юхан оған тигилип қарады. Соңынан Петр оған: – Бизлерге қара! – деди.
5 Сол адам олардан бир нәрсе алыўды дәметип, оларға дыққат пенен тигилип қалды.
6 Петр оған: – Менде гүмис ҳәм алтын жоқ, бирақ саған ѳзимде барымды беремен. Насыралы Ийса Масих аты менен айтаман, жүр! – деп
7 оның оң қолынан услады да, орнынан турғызды. Сол ўақытта-ақ оның аяқлары менен тобықларына күш енди.
8 Ол орнынан ушып турды да, жүре баслады. Былай-былай жүрип секириўи менен Ќудайға алғыслар айтып, олар менен бирге Ибадатханаға кирди.
9 Пүткил халық оның жүрип баратырғанын ҳәм Ќудайды алғыслап атырғанын кѳрип,
10 оның Ибадатхананың «Гѳззал» деген қапысының қасында отырып, тиленшилик еткен адам екенин таныды. Оның менен жүз берген ўақыяға олар қатты ҳайран қалысып, аң-таң болысты.
11 Жаңағы адам Петр менен Юханнан айырылмай жүргенде, пүткил халық ҳайран қалысып, «Сулайманның айўаны» деп аталатуғын жерге, олардың қасына жуўырысып келди.
12 Буны кѳрген Петр халыққа қарата былай деди: – Израиллылар, буған неге аң-таң болып атырсызлар? Бул адамды бизлер ѳз күшимиз ямаса диншиллигимиз бенен жүргизгендей, неге бизлерге тигилип турсызлар?
13 Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың Ќудайы, бизиң ата-бабаларымыздың Ќудайы Ѳз хызметшиси Ийсаны уллылады. Сизлер Оны услап бердиңлер ҳәм Пилат Оны босатыўға қарар еткенде, Оннан Пилаттың алдында ўаз кештиңлер.
14 Мухаддес ҳәм ҳақ Адамнан ўаз кешип, бир адам ѳлтириўшиниң ѳзлериңизге босатылып берилиўин талап еттиңлер.
15 Сизлер Ѳмир Ийесин ѳлтирдиңлер, бирақ Ќудай Оны ѳлимнен тирилтти. Бизлер буған гүўамыз.
16 Сизлер кѳрген ҳәм таныйтуғын бул адам Ийсаның аты менен, Оның атына деген исеним менен шыпа тапты. Ҳәммеңиздиң кѳз алдыңызда оған толық шыпа берген Ийсаға деген исеним еди.
17 Енди туўысқанларым, сизлердиң бул исти басшыларыңыз сыяқлы билмей ислегениңизди билемен.
18 Бирақ барлық пайғамбарлар арқалы Ѳз Масихының азап шегетуғынын алдын ала билдирген Ќудай Ѳз сѳзин усылай әмелге асырды.
19 -
20 Солай етип, тәўбе етиңлер ҳәм гүналарыңыздың жуўылыўы ушын Ќудайға қайтыңлар. Сонда Жаратқан Ийемиз сизлерге рәҳәтлениў ўақытларын береди ҳәм сизлер ушын алдын ала тайынланған Масихты, яғный Ийсаны жибереди.
21 Ќудайдың әййемнен мухаддес пайғамбарлары арқалы айтқанындай, ҳәмме нәрсениң ѳз қәлпине келиўине дейин Ийса аспанда болыўы керек.
22 Ѳйткени Муўса былай деген еди: «Ќудай Ийемиз сизлер ушын туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады. Оның айтқан ҳәр бир сѳзин тыңлаңлар.
23 Сол пайғамбарды тыңламаған ҳәр бир адам Ќудайдың халқы арасынан жоқ етиледи».
24 Самуел пайғамбардан баслап, оннан кейин келип сѳйлеген пайғамбарлардың ҳәммеси де усы күнлер ҳаққында болжаған еди.
25 Сизлер пайғамбарлардың ҳәм Ќудайдың ата-бабаларыңыз бенен дүзген келисиминиң мийрасхорларысызлар. Себеби Ќудай Ибрайымға былай деген еди: «Сениң әўладың арқалы жер жүзиндеги ҳәмме халықлар жарылқанады».
26 Ҳәр бириңизди жаман жолдан қайтарып, сизлерди жарылқаў ушын, Ќудай Ѳзи тайынлаған хызметшисин ең алды менен сизлерге жиберди.