Елшилерди„„„ң ислери 2 bob

1 Мухаддес Руўхтың түсиўи. 14 Петрдиң сөзи. 

1 Елиўинши күни байрамы келгенде, исениўшилердиң ҳәммеси бир жерге жыйналды.
2 Тосаттан аспаннан күшли самал ескендей болып, бир шаўқым еситилди ҳәм олар отырған үйди пүткиллей толтырып жиберди.
3 Оттың жалыны сыяқлы тиллерге уқсаған бир нәрселер оларға кѳринип, бѳлинип-бѳлинип ҳәр бириниң үстине түсти.
4 Олардың ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Руўхтың айтқызыўы бойынша басқа тиллерде сѳйлей баслады.
5 Сол ўақытта Ерусалимде дүньяның ҳәр түрли еллеринен келген диншил яҳудийлер жасайтуғын еди.
6 Бул сести еситип, кѳп халық бир жерге жыйналды. Олардың ҳәр бири ѳз тиллеринде айтылған сѳзлерди еситкенликтен ҳайран болды.
7 Ҳәмме қатты таң қалысып, былай деди: – Ќараңлар, бул сѳйлеп атырғанлардың ҳәммеси галилалы емес пе?
8 Онда қалай олардың бизлердиң ҳәр биримиздиң туўылған жеримиздиң тилинде сѳйлеп атырғанын еситип турмыз?
9 Арамызда парфиялылар, мидиялылар, еламийлилер бар. Месопотамияда, Яҳудияда ҳәм Кападокияда, Понтус ҳәм Азияда,
10 -
11 Фрикия ҳәм Памфилияда, Мысыр ҳәм Ливияның Киренеге жақын үлкелеринде жасайтуғынлар бар. Ѳзлери яҳудий болған ҳәм яҳудий динине ѳткен Римнен келген қонақлар, критлилер ҳәм араблар да бар. Бирақ бизлер Ќудайдың уллы ислери ҳаққында ҳәр биримиз ѳз тиллеримизде еситип турмыз-ғо.
12 Олардың ҳәммеси аң-таң болысып, бир-биринен: – Буны қалай түсиниўге болады? – деп сорады.
13 Ал гейбиреўлери мысқыллап: – Олар таза шарап ишип, мәс болған, – дести.
14 Сонда он бир елши менен бирге Петр орнынан турды да, бәлент даўыс пенен халыққа қарата сѳйледи: – Яҳудийлер ҳәм пүткил Ерусалим турғынлары! Мен буны сизлерге түсиндирейин, сѳзлериме қулақ салыңлар.
15 Бул адамлар сизлер ойлағандай мәс емес. Себеби ҳәзир азанғы саат тоғыз-ғо.
16 Бирақ бул кѳрип турғанларыңыз Иоел пайғамбар арқалы алдын ала айтылған еди:
17 «Ќудай былай дейди: Соңғы күнлерде барлық адамлардың үстине Ѳз Руўхымды жаўдыраман. Улларыңыз ҳәм қызларыңыз пайғамбаршылық етеди. Жасларыңыз аянлар, қартайған адамларыңыз түслер кѳреди.
18 Сол күнлерде Ѳзимниң ер ҳәм ҳаял хызметшилеримниң үстине де, Ѳз Руўхымды жаўдыраман, Олар да пайғамбаршылық етеди.
19 Жоқарыда, аспанда таң қаларлық нәрселер, Тѳменде, жер жүзинде кәраматлы белгилер: қан, от ҳәм бурқыраған түтинлерди кѳрсетемен.
20 Ийемиздиң уллы ҳәм салтанатлы күни келместен алдын, күн қараңғыланады, ай қанға айланады.
21 Сонда Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады».
22 Израиллылар, мына сѳзлерге қулақ салыңлар: хабарыңыз бар, Насыралы Ийса Ќудайдың Ол арқалы араңызда ислеген кәраматлары, таң қаларлық ўақыялары ҳәм кәраматлы белгилери менен Ќудай тәрепинен дәлилленген Адам еди.
23 Бул Ийса Ќудайдың ерки ҳәм алдын ала белгилегени бойынша, сизлерге услап берилген еди. Сизлер Оны Ќудайдың Нызамын билмейтуғын басқа миллет адамларының қолы менен атанақ ағашқа шегелеп ѳлтирдиңлер.
24 Ал Ќудай ѳлим азабының тусаўларын үзип, Оны тирилтти. Ѳйткени Оны ѳлимниң услап турыўы мүмкин емес еди.
25 Ол ҳаққында Даўыт былай деген: «Ийемди ҳәмме ўақыт кѳз алдымда кѳрдим, Ол мениң оң жағымда болғанлықтан, мен албырамайман.
26 Сонлықтан кеўлим қуўанып, тилим шадланып сѳйлейди. Денем де үмит ишинде жасайды.
27 Себеби Сен жанымды ѳлилер мәканына таслап кетпейсең, Ѳз Мухаддесиңди ширитип қоймайсаң.
28 Маған ѳмир жолларын үйреттиң, Мени Ѳз жаныңда қуўанышқа бѳлейсең».
29 Туўысқанларым! Мен сизлерге уллы бабамыз Даўыт ҳаққында ашық айта аламан: ол ѳлди ҳәм жерленди. Оның қәбири бүгинге дейин усы жерде, бизлерде сақланған.
30 Даўыт пайғамбар болғанлықтан, Ќудайдың оған: «Сениң урпағыңнан Бирин тахтыңа отырғызаман», – деп ѳзине ант ишип, ўәде бергенин билди.
31 Сонлықтан ол келешекте не болатуғынын кѳрип, Масихтың қайта тирилетуғыны туўралы былай деген еди: «Ол ѳлилер мәканына таслап қалдырылмады, Денеси де ширимеди».
32 Ќудай усы Ийсаны ѳлимнен тирилтти, буған бизлердиң ҳәммемиз гүўамыз.
33 Ол Ќудайдың қүдирети менен аспандағы жоқары ҳәмелге кѳтерилип, Єкеден ўәде етилген Мухаддес Руўхты алды. Ҳәзир кѳргениңиз ҳәм еситкениңиз сыяқлы, сол Руўхты бизлерге жаўдырды.
34 -
35 Даўыт аспанға кѳтерилмеген болса да былай деген еди: «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр“».
36 Солай етип, пүткил Израил халқы анық билип қойсын: Ќудай сизлер атанақ ағашқа шегелеген сол Ийсаны ҳәм Ийемиз, ҳәм Масих қылды.
37 Буны еситкенлердиң жүреклерине қанжар суғылғандай болды. Олар Петр ҳәм басқа елшилерден: – Туўысқанлар, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
38 Петр оларға былай деди: – Гүналарыңыздың кеширилиўи ушын тәўбе етип, ҳәр бириңиз Ийса Масихтың аты менен суўға шомылдырылыңлар. Сонда Мухаддес Руўхты сыйға аласызлар.
39 Бул ўәде сизлерге, сизлердиң балаларыңызға ҳәм алыстағылардың ҳәммесине, яғный Ќудай Ийемиз шақырған ҳәр бир адамға берилген.
40 Петр басқа да кѳп сѳзлер менен оларға гүўалық берип: – Бул бузық әўладтан қутқарылыңлар, – деп ѳтиниш етти.
41 Оның сѳзин қабыл еткенлер суўға шомылдырылып, сол күни оларға үш мыңға шамалас адам қосылды.
42 Олар ѳзлерин елшилердиң тәлимине бағышлап, бир-бири менен қарым-қатнаста болды ҳәм бирге нан сындырып, дуўа ететуғын еди.
43 Елшилер арқалы кѳп таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер кѳрсетилгенликтен, ҳәммени қорқыныш бийледи.
44 Исениўшилердиң ҳәммеси бирге жыйналып, ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды.
45 Мал-мүликлерин сатып, ҳәр кимниң мүтәжлигине қарай үлестиретуғын еди.
46 Олар ҳәр күни бирге Ибадатхананың ҳәўлисинде жыйналысып, үйлерде нан сындырысты. Ќуўанышлы түрде ҳақ кеўил менен бирге аўқатланды.
47 Ќудайға мақтаўлар айтып, пүткил халықтың алғысына бѳленди. Ийемиз де қутқарылғанларды оларға күн сайын қосып барды.