Филиплилерге жазылған хат 1 bob

1 Сәлемнама. 3 Павелдиң шүкирлик билдирип, дуўа етиўи. 12 Өмиримниң мәниси – Масих. 

1 Масих Ийсаның қуллары болған бизлер, Павел ҳєм Тимофейден, Филип қаласындағы Ийса Масихқа тийисли болған барлық мухаддеслерге, єсиресе жємєєт жетекшилери менен хызметшилерине сєлем!
2 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин!
3 Сизлерди ҳєр сапар еске алғанымда, Кудайға шүкирлик билдирип атырман.
4 Мен Кудайға дуўа еткенимде, сизлер ушын ҳєр қашан қуўаныш пенен сорайман.
5 Себеби сизлер бастан баслап ҳєзирги ўақытқа дейин Хош Хабарды жєриялаўға үлес қосып келмектесизлер.
6 Сизлердиң араңызда жақсы исти баслаған Кудайдың буны Масих Ийсаның күнине шекем толық тамамлайтуғынына анық исенемен.
7 Ҳєммеңиз туўралы усындай пикирде болыўым орынлы, ѳйткени сизлер ҳємме ўақыт мениң жүрегимдесиз. Мен тутқын болсам да, Хош Хабарды жақласам да ҳєм оның ҳақыйқатын турақлылық пенен дєлиллесем де, ҳєммеңиз мениң менен бирликте Кудайдың мийримин бѳлисип келмектесиз.
8 Сизлердиң ҳєммеңизди Масих Ийсаның сүйиспеншилиги менен қалай сағынғаныма Кудайдың Ѳзи гүўа.
9 Сүйиспеншилигиңиз толық билим ҳєм терең түсимпазлық пенен ѳсип арта бериўи ушын дуўа етип атырман.
10 Солай етип, сизлер Масихтың келетуғын күнинде пєк ҳєм минсиз болыўыңыз ушын, ең жоқары ийгиликтиң не екенин айыра аласызлар.
11 Жєне де, Кудайды уллылап, алғыс-мақтаўлар айтыўыңыз ушын, Ийса Масих арқалы ҳақыйқатлық жемисине бай боласызлар.
12 Туўысқанларым, мынаны билиўиңизди қєлеймен: мениң басымнан кеширгенлерим Хош Хабардың жєне де кѳбирек жайылыўына ҳақыйқаттан да жєрдем етти.
13 Мениң Масих ушын тутқын болғаным пүткил сарай сақшыларына ҳєм қалған ҳємме адамларға мєлим болды.
14 Сондай-ақ, мениң тутқынлығым себепли, кѳпшилик туўысқанларымыздың Ийемизге деген исеними беккемленип, олар Кудайдың сѳзин қорқпастан айтыўға бурынғыдан да кѳбирек батырлық кѳрсетпекте.
15 Дурыс, гейбиреўлер Масих ҳаққында күншиллик пенен, жарыспаққа жєрияласа, ал базылар жақсы нийет пенен жєрияламақта.
16 Усы кейингилер мениң бул жерге Хош Хабардың қорғаўшысы етип қойылғанымды билип, буны сүйиспеншилик пенен ислеп атыр.
17 Ал алдыңғылары мениң тутқынлық аўҳалымды еле де аўырластырмақшы болып, Масих ҳаққында ѳзлериниң атақ-абырайлары ушын напєк нийет пенен жєрияламақта.
18 Бирақ, солай болса не болыпты? Мейли, жаман нийет пенен болсын, мейли, ҳақ нийет пенен болсын, Масих ҳаққында қандай жол менен жєрияланса да, мен буған қуўанаман. Аўа, мен қуўана беремен де.
19 Себеби сизлердиң еткен дуўаларыңыздың ҳєм Ийса Масихтың Руўхының жєрдеми менен, бул аўҳалымнан азат болатуғынымды билемен.
20 Кандай жағдай болса да, мен Масихтан арланбаўды қєлеймен. Тири болсам да, ѳлсем де, ҳєр қашан болып келгениндей, ҳєзир де Масихты пүткил барлығым менен уллылаў ушын толық батырлық кѳрсетиўден беккем үмит етемен.
21 Ѳйткени мениң ушын ѳмиримниң мєниси – бул Масих, ал ѳлим утыс демек.
22 Бирақ, егер бул дүньяда ѳмир сүриўим арқалы ѳнимли мийнет етсем, онда нени таңлаўды билмеймен.
23 Мени еки тєреп те ѳзине тартады. Бул дүньядан кетип, Масих пенен бирге болыўды қєлеймен. Себеби бул анағурлым жақсырақ.
24 Бирақ, бул дүньяда қалыўым сизлер ушын кереклирек.
25 Буған кѳзим жеткенликтен, қалатуғынымды билемен. Исенимде ѳсип қуўаныўыңыз ушын, ҳєммеңиз бенен бирге боламан.
26 Солай етип, жєне жаныңызға келгенимде, Масих Ийса алдында мениң менен еле де кѳбирек мақтана аласызлар.
27 Тек жасап атырған ѳмириңиз Масихтың Хош Хабарына ылайықлы болсын. Сонда келип сизлерди кѳрсем де, алыста болып ҳал-жағдайыңызды еситсем де, сизлердиң бир руўхта беккем турғаныңызды, Хош Хабарға деген исеним ушын бир жан, бир тєн болып гүресип атырғаныңызды билейин.
28 Жєне де, ѳзлериңизге қарсы шыққанлардан ҳеш қорқпайтуғыныңызды да еситейин. Сизлердиң бундай батырлығыңыз олардың набыт болатуғынының, ал сизлердиң қутқарылатуғыныңыздың белгиси ҳєм Кудайдың иси.
29 Ѳйткени Кудай Масих ушын, сизлерге Оған тек исениўди емес, ал Ол ушын азап шегиўди де айрықша ҳуқық етип берген.
30 Усы азапты басымнан кеширгенимди сизлер кѳрдиңлер ҳєм ҳєзир де азап шегип атырғанымды еситип атырсызлар. Мениң бул гүресиме сизлер де шериксизлер.