Колосалыларға жазылған хат 1 bob

1 Сәлемнама. 3 Павелдиң Қудайға шүкирлик билдириўи ҳәм дуўа етиўи. 15 Масихтың Өзлиги ҳәм Оның хызмети. 24 Павелдиң исениўшилер жәмәәтине қылған хызмети. 

1 Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳєм туўысқанымыз Тимофейден,
2 Колоса қаласындағы исениўшилерге, яғный Масихқа садық болған туўысқанларымызға сєлем! Єкемиз Кудай сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин!
3 Сизлер ушын дуўа еткенимизде, Ийемиз Ийса Масихтың Єкеси – Кудайға бєрқулла шүкирлик билдиремиз.
4 Себеби сизлердиң Масих Ийсаға деген исенимиңиз ҳєм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситтик.
5 Сизлердиң бул исенимиңиз ҳєм сүйиспеншилигиңиз аспанда сизлер ушын сақлаўлы турған үмитке негизленген. Сизлер усы үмит ҳаққында ҳақыйқат сѳзлери, яғный Хош Хабар арқалы еситкенсизлер.
6 Бул Хош Хабар сизлерге де жетип келди. Ол пүткил дүнья бойлап адамларды жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта. Сол сыяқлы, сизлер Кудайдың мийрими ҳаққында еситип, Оның ҳақыйқатын билип алған күниңизден баслап, Хош Хабар сизлерди де жақсылыққа жетелеп, тарқалмақта.
7 Сизлер Хош Хабар ҳаққында бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Епафрастан тєлим алдыңлар. Усы Епафрас – сизлер ушын мийнет етип атырған Масихтың садық хызметшиси.
8 Сизлердиң Мухаддес Руўхтан алған сүйиспеншилигиңиз ҳаққында да бизлерге ол билдирди.
9 Сол себептен усылар ҳаққында еситкен күнимизден баслап, бизлер де сизлер ушын үзликсиз дуўа етип, Кудайдың қєлеўин пүткил руўхый даналық ҳєм түсиник пенен толық билиўиңиз ушын сорап атырмыз.
10 Бизлер жєне сизлердиң Ийемизге ылайықлы болып жасаўыңыз, Оны ҳєр тєреплеме ырза қылып, ҳєр бир жақсы исте жемис бериўиңиз ҳєм Кудайды билиўде ѳсип барыўыңыз ушын да дуўа етип атырмыз.
11 -
12 Оның уллылығының қүдиретинен толық күш-қуўат алып, ҳємме нєрсеге сабырлылық пенен шыдай алыўыңыз ушын ҳєм Кудай Єкемизге қуўаныш пенен шүкирлик ете алыўыңыз ушын да бизлер дуўа етип атырмыз. Кудай Єкемиз бизлерди нурдағы мухаддеслердиң мийрасына шерик болыўға миясар қылды.
13 Кудай бизлерди қараңғылықтың ҳүкимдарлығынан қутқарып, сүйикли Улының Патшалығына кѳширди.
14 Бизлер Кудайдың Улының қаны арқалы қутқарылдық, яғный гүналарымызға кеширим алдық.
15 Кудайдың Улы болған Масих кѳзге кѳринбейтуғын Кудайдың қандай екенин кѳрсетеди ҳєм Ол жаратылған ҳємме нєрседен бурын бар болған.
16 Ѳйткени аспандағы ҳєм жердеги кѳзге кѳринетуғын ҳєм кѳзге кѳринбейтуғын нєрселердиң ҳєммеси Масих тєрепинен жаратылған: тахтлар, ҳүкимдарлықлар, ҳєкимшилик ҳєм бийликлер, ҳємме нєрсе Ол арқалы ҳєм Ол ушын жаратылды.
17 Масих ҳємме нєрседен бурын бар болған ҳєм ҳємме нєрсе Ол себепли бар болып турыпты.
18 Масих – исениўшилер жємєєтиниң, яғный Ѳз денесиниң басы ҳєм жємєєттиң тийкары. Ол ҳємме нєрседен жоқары болыў ушын, ѳлилер ишинен биринши болып тирилди.
19 Себеби Кудай Ѳзиниң пүткил толылығының Онда болыўын мақул кѳрди.
20 Масихтың атанақ ағаштағы қаны арқалы тынышлық орнатып, Кудай Ол арқалы жер ҳєм аспандағылардың барлығын Ѳзи менен жарастырыўды қєледи.
21 Сизлер бир ўақытлары жаман ис-ҳєрекетлериңиз себепли, кеўиллериңиз бенен Кудайға жат ҳєм душпан едиңлер.
22 Енди болса, Кудай сизлерди Ѳзиниң алдында мухаддес, кемшиликсиз ҳєм айыпсыз қылып қойыў ушын, Масихтың денесиниң ѳлими арқалы сизлерди Ѳзи менен жарастырды.
23 Тек ғана исенимде бєрқулла турақлы ҳєм беккем болып, ѳзлериңиз еситкен Хош Хабардың үмитинен таймасаңыз болғаны. Мен, Павел, аспан астындағы пүткил адамзатқа жєрияланған усы Хош Хабардың хызметшиси болдым.
24 Ҳєзир мен сизлер ушын азап шегип атырғаныма қуўанышлыман. Ѳйткени Масихтың кѳрген қыйыншылықларының жетпеген мѳлшерин Оның денеси болған исениўшилер жємєєти ушын мен ѳз денем менен азап шегип толтырып атырман.
25 Кудайдың маған берген тапсырмасы бойынша Оның сѳзин сизлерге толық жеткизиў ушын, мен исениўшилер жємєєтиниң хызметшиси болдым.
26 Кудайдың Хош Хабары ѳткен єсирлер менен єўладларда жасырын тутылды. Бирақ енди усы сыр Оның мухаддеслерине аян болды.
27 Бул сырдың басқа миллетлер ушын да қаншелли уллы ҳєм бай екенин Кудай Ѳз мухаддеслерине билдириўди уйғарды. Усы сыр – уллылыққа ерисиўге үмит беретуғын ишиңизде жасаўшы Масих.
28 Бизлер усы Масих ҳаққында ҳєммеге жєриялап атырмыз. Масих пенен қатнаста болған ҳєр бир адамды Кудайға жетилискен қылып усыныў ушын, бизлер ҳєр бир адамды ескертип, толық даналық пенен тєлим бермектемиз.
29 Масихтың қүдирети менен менде ҳєрекет етиўши күш бойынша, мен де бул мақсет ушын бар күшимди салып мийнет етпектемен.