Марк жазған Хош Хабар 1 bob

1 Яқыяның жол таярлаўы. 9 Ийсаның шомылдырылыўы. 14 Ийсаның шәкиртлерин таңлаўы. 21 Ийсаның жаўыз руўхлы адамға шыпа бериўи. 29 Ийсаның көп адамларға шыпа бериўи. 35 Ийсаның Галиладағы ўазы. 40 Ийсаның мақаў кесел болған адамға шыпа бериўи. 

1 Ќудайдың Улы Ийса Масихтың Хош Хабарының басланыўы.
2 Ийшая пайғамбардың китабында былай деп жазылған: «Мине, Мен хабаршымды алдыңнан жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды таярлап қояды .
3 Шѳл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады: „Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жолларын дүзетиңлер!“»
4 Яқыя шѳл далаға келип, адамларды суўға шомылдырды. Оларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди.
5 Сонда пүткил Яҳудия үлкесиниң халқы ҳәм Ерусалим турғынларының ҳәммеси оған барып, гүналарын мойынлады ҳәм Иордан дәрьясында шомылдырылды.
6 Яқыя түйе жүнинен кийим кийген, белин тери қайыс пенен буўған болып, шегиртке ҳәм жабайы ҳәррениң палы менен аўқатланатуғын еди.
7 Ол халыққа жәриялап: – Мениң изимнен меннен де қүдиретли Биреў киятыр. Мен ийилип, Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен.
8 Мен сизлерди суў менен шомылдырдым, ал Ол сизлерди Мухаддес Руўх пенен шомылдырады, – деди.
9 Сол күнлери Ийса Галила үлкесиндеги Насыра қаласынан келип, Иордан дәрьясында Яқыяның қолынан шомылдырылды.
10 Ийса суўдан шығыўдан-ақ, аспанның ашылғанын ҳәм Мухаддес Руўхтың кептердей Ѳзиниң үстине түскенин кѳрди.
11 Сонда аспаннан: – Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман! – деген саза еситилди.
12 Соннан соң, дәрриў Мухаддес Руўх Ийсаны шѳлге апарды.
13 Ийса шѳлде қырық күн болып, шайтан тәрепинен сыналды. Ол жабайы ҳайўанлар арасында болды ҳәм периштелер Оған хызмет етти.
14 Яқыя қамаққа алынғаннан кейин, Ийса Галила үлкесине келди ҳәм Ќудайдың Хош Хабарын жәриялап:
15 – Ўақыт болды, Ќудай Патшалығы жақынлады. Тәўбе етип, Хош Хабарға исениңлер! – деди.
16 Ийса Галила теңизиниң жағасы менен баратырғанда, теңизге аў салып жүрген Симонды ҳәм оның иниси Андрейди кѳрди. Олар балықшылар еди.
17 Ийса оларға: – Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды Ќудайдың жолына түсириўшилер қыламан, – деди.
18 Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди.
19 Ийса бираз жүргеннен соң, Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды кѳрди. Олар қайықта аўларын жамап отырған еди.
20 Ийса дәрриў оларды да шақырды. Олар да әкеси Зебедейди жумысшылар менен қайықта қалдырып, Ийсаның изине ерди.
21 Олар Капарнаҳум қаласына келди. Дем алыс күни болғанда Ийса дәрҳал мәжилисханаға кирип, адамларға тәлим бере баслады.
22 Адамлар Оның тәлимине таң қалысты, себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Ѳз бийлиги менен тәлим берди.
23 Сол ўақытта олардың мәжилисханасында жаўыз руўхлы бир адам болып, ол:
24 – Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Ќудайдың Мухаддесисең! – деп бақыра баслады.
25 Бирақ Ийса жаўыз руўхқа кейип: – Үниңди ѳшир де, оннан шығып кет! – деди.
26 Жаўыз руўх адамды қалтыратты да, қатты бақырып, оннан шығып кетти.
27 Ҳәмме таң қалысып, ѳз ара: – Бул не? Бул қандай қүдиретли жаңа тәлиймат? Оның буйрығына жаўыз руўхлар да бойсынады-ғо, – дести.
28 Ийса ҳаққында хабар тез арада пүткил Галила үлкесиниң ҳәмме жерине тарқалды.
29 Мәжилисханадан шығыўдан-ақ, Ийса Яқып ҳәм Юхан менен бирге Симон ҳәм Андрейдиң үйине келди.
30 Симонның қәйин енесиниң ыссылығы кѳтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсаға ол ҳаққында дәрриў айтып берди.
31 Ийса ҳаялдың қасына барып, қолынан услап турғызғанда, оның ыссылығы түсип, оларға хызмет етти.
32 Ќуяш батып кеш түскенде, адамлар Ийсаға барлық аўырған ҳәм жин урғанларды алып келди.
33 Пүткил қала халқы есик алдына жыйналды.
34 Ол ҳәр түрли аўырыў менен аўырған кѳп адамларға шыпа берди ҳәм кѳп жинлерди қуўып шығарды. Ийса жинлердиң сѳйлеўине рухсат бермеди, ѳйткени жинлер Оның ким екенин билетуғын еди.
35 Таң азанда Ийса ерте турып, үйден шықты. Бир Ѳзи аўлақ жерге кетип, сол жерде дуўа етти.
36 Симон ҳәм оның қасындағылар Оны излеп шықты.
37 Оны тапқаннан соң, Оған: – Ҳәмме Сени излемекте, – дести.
38 Ол жуўап берип: – Жүриңлер, жақын жайласқан қалаларға барайық. Мен ол жерлерде де ўаз айтыўым керек, себеби Мен сол ушын келгенмен, – деди.
39 Солай етип, Ийса пүткил Галила үлкесин аралап, олардың мәжилисханаларында ўаз айтып, жинлерди қуўып шығарды.
40 Мақаў кесел болған бир адам Ийсаға келип, Оның алдында дизе бүкти ҳәм Оннан: – Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп ѳтинди.
41 Ийсаның жаны ашып, қолын созып, оған тийгизди де: – Ќәлеймен, тазалан! – деди.
42 Дәрҳал сол адамның мақаў кесели кетип, тазаланды.
43 Ийса қатаң ескертип, оны дәрҳал жиберди де:
44 – Абайла, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтыўшы болма! Бирақ руўханийге барып ѳзиңди кѳрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди.
45 Бирақ ол барып, болған ўақыяның ҳәммесин жар салып айта баслады. Сол себепли, Ийса енди қалаға ашық кире алмайтуғын болды ҳәм қала сыртындағы далаңлықта турды. Сонда да халық Оған ҳәр тәрептен келе берди.