Марк жазған Хош Хабар 16 bob

1 Ийсаның қайта тирилиўи. 9 Ийсаның магдалалы Мәриямға көриниўи. 12 Ийсаның еки шәкиртине көриниўи. 14 Ийсаның шәкиртлерине тапсырмасы. 19 Ийсаның аспанға алыныўы. 

1 Дем алыс күни ѳткеннен соң, магдалалы Мәриям, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм Саломия Ийсаның денесине жағыў ушын хош ийисли май сатып алды.
2 Олар ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни қуяш шығыўдан таң азанда қәбирге келди.
3 Ѳз ара: – Ќәбирдиң аўзындағы тасты бизлерге ким домалатып берер екен? – деп сѳйлести.
4 Бирақ басларын кѳтерип қарап, тастың домалатып тасланғанын кѳрди. Тас жүдә үлкен еди.
5 Ќәбирдиң ишине кирген олар оң тәрепте отырған ақ кийимли бир жас жигитти кѳрип, қорқып кетти.
6 Жигит оларға: – Ќорқпаңлар! Сизлер атанақ ағашқа шегеленген Насыралы Ийсаны излеп жүрсизлер-ғо. Ол қайта тирилди, Ол бул жерде жоқ. Мине, Оның қойылған жери.
7 Енди барып, Оның шәкиртлерине ҳәм Петрге: «Ол сизлерден бурын Галилада болады. Ѳзиниң айтқанындай, Оны сол жерде кѳресизлер», – деп айтыңлар, – деди.
8 Ҳаяллар қатты қорқысып ҳәм қалтырасып, қәбирден шығып қашып кетти. Ќорққанлықтан, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтпады.
9 Ийса ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни ерте таңда қайта тирилип, биринши болып магдалалы Мәриямға кѳринди. Ийса бурын оннан жети жинди қуўып шығарған еди.
10 Мәриям барып, буны Ийса менен бирге болғанларға хабарлады. Олар жылап, қайғырып отырған еди.
11 Бирақ олар Ийсаның тири екенин ҳәм Мәриямның Оны кѳргенин еситсе де, исенбеди.
12 Соңынан Ийса аўылға баратырған олардың екеўине басқаша түрде кѳринди.
13 Олар қайтып келип, басқа шәкиртлерге хабарлағанда, оларға да исенбеди.
14 Соңынан Ийса аўқатланып отырған он бир шәкиртине кѳринип, оларды исенбеўшиликте ҳәм қайсарлықта айыплады. Ѳйткени олар Оның тирилгенин кѳргенлерге исенбеген еди.
15 Ийса оларға былай деди: – Пүткил дүнья бойлап жүриңлер ҳәм барлық адамларға Хош Хабарды жәриялаңлар.
16 Ким де ким исенип шомылдырылса, қутқарылады, ал ким де ким исенбесе, ҳүким етиледи.
17 Исенгенлер менен мынадай кәраматлы белгилер бирге болады: Мениң атым менен жинлерди қуўып шығарып, жаңа тиллерде сѳйлейди.
18 Ќоллары менен жыланларды услап алса да ҳәм уўлы зат ишсе де, оларға зыян келмейди. Аўырыўлардың үстилерине қолларын қойғанда, олар шыпа табады.
19 Ийемиз Ийса оларға усыларды айтып болғаннан соң, аспанға алынды ҳәм Ќудайдың оң тәрепине отырды.
20 Ал шәкиртлери барып, ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялап жүрди. Ийемиз олар менен бирге ислеп, Ѳз сѳзин кәраматлы белгилер арқалы тастыйықлайтуғын еди.