Марк жазған Хош Хабар 8 bob

1 Ийсаның төрт мың адамды тойғызыўы. 11 Ийсадан кәраматлы белги көрсетиўин талап етиў. 14 Парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың ашытқысы. 22 Ийсаның Бетсайдада соқыр адамға шыпа бериўи. 27 Петрдиң Ийсаның Масих екенлигин мойынлаўы. 31 Ийса Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында. 

1 Сол күнлери кѳп халық жыйналды. Олардың жейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып:
2 – Халыққа жаным ашып тур. Олар үш күннен бери Мениң қасымда болып, жейтуғын ҳеш нәрсеси жоқ.
3 Егер оларды аш ҳалында үйлерине жиберсем, жолда ҳәлсиреп қалады. Және де, олардың гейбиреўлери узақтан келген-ғо, – деди.
4 Шәкиртлери Оған жуўап берип: – Ким усындай бир елсиз жерде соншелли адамды тойдырыў ушын нан таба алады? – деди.
5 Ийса олардан: – Неше наныңыз бар? – деп сорады. Олар: – Жетеў, – деп жуўап берди.
6 Сонда Ийса халыққа жерге отырыўды буйырды. Жети нанды алып, Ќудайға шүкирлик етти ҳәм тарқатыў ушын, шәкиртлерине сындырып берди. Шәкиртлери халыққа тарқатты.
7 Оларда және бир неше киши балық та бар еди. Ийса Ќудайға шүкирлик етип, оларды да тарқатыўды буйырды.
8 Халық жеп тойды ҳәм аўысып қалған бѳлеклерди жыйнап, жети себет толтырды.
9 Ол жерде тѳрт мыңға шамалас адам бар еди. Ийса адамларды тарқатып жиберди
10 ҳәм шәкиртлери менен дәрриў қайыққа минип, Далманута үлкесине кетти.
11 Парисейлер Ийсаға келип, Оның менен тартыса баслады ҳәм Оны сынап кѳриў ушын, аспаннан кәраматлы белги кѳрсетиўин талап етти.
12 Ийса аўыр гүрсинип: – Неге бул әўлад кәраматлы белги талап етип атыр? Шынын айтып турман: бул әўладқа ҳеш қандай кәраматлы белги кѳрсетилмейди, – деди.
13 Соңынан оларды қалдырып, және қайыққа минди де, арғы жағаға кетти.
14 Шәкиртлери ѳзлери менен бирге нан алыўды умытып кетип, қайықта тек ғана бир нан бар еди.
15 Ийса оларды ескертип: – Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың ашытқысынан сақ болыңлар! – деди.
16 Олар: – Нанымыз жоқ болғанлықтан усылай деди, – деп, ѳз ара сѳйлесе баслады.
17 Ийса буны билип, олардан: – Неге сизлер наныңыздың жоқлығын айтысып турсызлар? Елеге дейин кѳрмей ҳәм түсинбей турсызлар ма? Елеге дейин кеўиллериңиз соқыр ма?
18 Неге кѳзлериңиз бола тура кѳрмейсизлер, қулақларыңыз бола тура еситпейсизлер? Еслериңизде жоқ па?
19 Мен бес нанды бес мың адамға сындырып бергенимде, аўысқан бѳлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады. – Он еки, – деп жуўап берди олар.
20 Ийса және: – Мен жети нанды сындырып, тѳрт мың адамға бѳлистиргенимде, аўысқан бѳлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады. – Жети, – деп жуўап берди олар.
21 Ийса оларға: – Сонда еле де түсинбедиңлер ме? – деди.
22 Ийса шәкиртлери менен Бетсайдаға келгенде, адамлар Ийсаға бир соқыр адамды әкелип, оған қолын тийгизиўин ѳтинди.
23 Ийса соқыр адамның қолынан услап, оны аўылдың сыртына алып шықты. Оның кѳзлерине түкирип, оның үстине қолларын қойды да: – Бир нәрсе кѳрип турсаң ба? – деп сорады.
24 Ол қарап: – Адамларды кѳрип турман. Олар жүрип баратырған тереклерге уқсайды, – деди.
25 Сонда Ийса оның кѳзлерине және қолларын қойғанда, ол тигилип қарады да, шыпа таўып, ҳәммесин анық кѳре баслады.
26 Ийса оны үйине жиберип, оған: – Аўылға барма! – деди.
27 Ийса Ѳз шәкиртлери менен Филип Кесариясындағы аўылларға кетти. Жол бойы шәкиртлеринен: – Мени адамлар ким деп санайды? – деп сорады.
28 Олар жуўап берип: – Биреўлер Шомылдырыўшы Яқыя, екиншилер Илияс, тағы басқалар пайғамбарлардың бири деседи, – деди.
29 Ийса олардан: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады. Петр жуўап берип: – Сен – Масихсаң, – деди.
30 Сонда Ийса оларға Ѳзи ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды ескертти.
31 Ийса Адам Улының кѳп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай ѳлтирилетуғынын ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин оларға үйрете баслады.
32 Ол бул ҳаққында ашық-айдын айтты. Бирақ Петр Оны шетке шақырып алып, қарсы сѳйлей баслады.
33 Ийса бурылып, Ѳзиниң басқа шәкиртлерине қарады да, Петрге қатаң жуўап берип: – Жоқ бол кѳзимнен, шайтан! Сен Ќудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди.
34 Соңынан Ийса шәкиртлери менен халықты Ѳзине шақырып алып: – Ким де ким Маған ергиси келсе, ѳзинен кешсин ҳәм ѳз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин.
35 Себеби ким де ким ѳз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким ѳз жанын Мен ҳәм Хош Хабар ушын жоғалтса, оны сақлап қалады.
36 Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ ѳз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда?
37 Ол ѳз жаны ушын қандай тѳлем бере алады?
38 Егер ким де ким усы опасыз ҳәм гүнакар әўладта Меннен ҳәм Мениң сѳзлеримнен арланса, Адам Улы да Єкесиниң салтанатында Ѳзиниң мухаддес периштелери менен келгенде, оннан арланады, – деди.