Марк жазған Хош Хабар 2 bob

1 Ләң адамның шыпа табыўы. 13 Лебийдиң шәкирт болыўы. 18 Ораза ҳаққында сораў. 23 Дем алыс күни ҳаққында сораў. 

1 Бир неше күннен кейин, Ийса және Капарнаҳумға қайтып келгенде, адамлар Оның үйде екенин еситти.
2 Кѳп адам жыйналғанлықтан, есик алдында да орын қалмады. Ийса оларға Ќудайдың сѳзин айтты.
3 Сонда Оған тѳрт адам бир ләң адамды кѳтерип алып келди.
4 Бирақ адам кѳп болғанлықтан, Ийсаға жақынласа алмады. Сонлықтан олар Ийса болған үйдиң тѳбесин ашып, ләң адамды тѳсеги менен тѳменге түсирди.
5 Ийса олардың исенимин кѳрип, ләң адамға: – Балам, гүналарың кеширилди! – деди.
6 Сол жерде бир неше диний муғаллимлер отырған еди, олар ишлеринен:
7 «Ол неге Ќудайға тил тийгизип тур? Гүналарды жалғыз Ќудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ойлады.
8 Ийса олардың не ойлағанын дәрриў билип: – Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар?
9 Ләң адамға нени айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып, тѳсегиңди алып жүр», – деў ме?
10 Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға:
11 – Саған айтаман: орныңнан тур да, тѳсегиңди алып, үйиңе бар! – деди.
12 Адам орнынан турды да, дәрриў тѳсегин алып, адамлардың кѳз алдында шығып кетти. Ҳәмме таң қалысты ҳәм Ќудайды мақтап: – Бизлер ҳеш қашан бундай нәрсени кѳрген жоқпыз, – дести.
13 Ийса және теңиз жағасына барғанда, халық Оның қасына келди ҳәм Ол адамларға тәлим берди.
14 Ийса кетип баратырып, салық кеңсесинде отырған Алпейдиң улы Лебийди кѳрди де, оған: – Мениң изиме ер! – деди. Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди.
15 Ийса Лебийдиң үйинде дастурхан басында отырғанда, кѳп салықшылар менен гүнакарлар Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге аўқат жеди. Ѳйткени Оның изине ериўши бундай адамлар кѳп еди.
16 Парисейлер арасындағы диний муғаллимлер Оның гүнакарлар ҳәм салықшылар менен бирге ас ишип отырғанын кѳрип, Оның шәкиртлерине: – Ол неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деди.
17 Буны еситкен Ийса: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди.
18 Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутатуғын еди. Айырым адамлар Ийсаға келип: – Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутады, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады.
19 Ийса оларға: – Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта ораза тута ала ма? Күйеў ѳзлери менен бирге болса, олар ораза тута алмайды.
20 Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады.
21 Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды. Олай етсе, жаңа жамаў ески кийимнен жыртылып қалып, жыртық бурынғысынан бетер болады.
22 Ҳеш ким жаңа шарапты ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап ески мести жарып, шарап та ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылыўы тийис, – деди.
23 Бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасынан ѳтип баратырғанда, шәкиртлери жол бойы бийдайдың масақларын үзе баслады.
24 Парисейлер Ийсаға: – Ќара, олар не ушын дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди.
25 Ийса оларға: – Ѳзи де, қасындағылар да аўқатқа мүтәж болып аш қалғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер ҳеш оқымағансызлар ма?
26 Ол бас руўханий Абиятардың заманында Ќудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын, Ќудайға арналған нанларды ѳзи де жеген, қасындағыларға да берген емес пе? – деди.
27 Ол және: – Адам дем алыс күни ушын емес, ал дем алыс күни адам ушын жаратылған.
28 Сонлықтан Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.