Марк жазған Хош Хабар 9 bob

2 Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи. 14 Ийсаның жин урған балаға шыпа бериўи. 30 Ийса және Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында. 33 Уллылық ҳаққында. 38 Бизлерге қарсы болмаған – бизлердиң тәрепдарымыз. 42 Азғырыў ҳәм дозақ оты. 

1 Ийса оларға және: – Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Ќудай Патшалығының Ѳз қүдирети менен келгенин кѳрмегенше, ѳлмейди, – деди.
2 Арадан алты күн ѳткеннен соң, Ийса тек Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, бәлент бир таўға шықты. Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси ѳзгерди.
3 Оның кийими жарқырап кетип, қардай аппақ түске енди. Жер жүзинде ҳеш бир кир жуўыўшы бундай қылып ағарта алмас еди.
4 Сонда оларға Илияс ҳәм Муўса пайғамбарлар кѳринип, Ийса менен сѳйлесип турды.
5 Петр Ийсаға: – Устаз, бизлердиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.
6 Петр бул сѳзлерди не айтарын билмегенликтен айтты, ѳйткени шәкиртлер қатты қорқысып қалған еди.
7 Сол ўақытта бир булт пайда болып, оларды қаплады. Булттан: – Бул – Мениң сүйикли Улым! Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
8 Шәкиртлери бирден жән-жағына қарағанда, ѳзлериниң қасында Ийсадан басқа ҳеш кимди кѳрмеди.
9 Таўдан тѳмен түсип баратырғанда, Ийса оларға: – Адам Улы ѳлимнен қайта тирилгенше, бул кѳргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар, – деп буйырды.
10 Олар бул ўақыяны сыр сақлап, «ѳлимнен қайта тирилиў» дегенниң не екенлиги ҳаққында бир-биринен сорайтуғын еди.
11 Шәкиртлери Ийсадан: – Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады.
12 Ийса оларға жуўап берип: – Дурыс, алды менен Илияс келип, ҳәммесин дүзетеди. Бирақ неге Адам Улы кѳп азап шегип, қабылланбаўы шәрт, деп жазылған?
13 Сизлерге айтатуғыным: Илияс келген еди. Бирақ ол ҳаққында жазылғандай, адамлар оған қәлегенин ислеп, жаман қатнаста болды, – деди.
14 Олар басқа шәкиртлерине қайтып келгенде, шәкиртлерди қоршаған кѳп халықты ҳәм олар менен тартысып турған диний муғаллимлерди кѳрди.
15 Пүткил халық Ийсаны кѳриўден таң қалысты ҳәм жуўырысып келип, Оған сәлем берди.
16 Ийса олардан: – Олар менен не ҳаққында тартысып турсызлар? – деп сорады.
17 Халық арасынан бир адам Оған жуўап берип: – Устаз! Мен Саған тилсиз руўх урғанлықтан гүңелек болып қалған баламды алып келдим.
18 Баламды руўх тутқанда, жерге жығады. Оның аўзында кѳбик пайда болады ҳәм ол тислерин қайрап, қатып қалады. Мен Сениң шәкиртлериңнен руўхты қуўып шығарыўын ѳтинген едим, бирақ олардың қолларынан келмеди, – деди.
19 Сонда Ийса оларға: – Ҳәй, исенбейтуғын әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Ќашанға дейин сизлерге шыдайман? Баланы Маған алып келиңлер, – деди.
20 Олар баланы Ийсаға алып келди. Ийсаны кѳриўден, руўх баланы дәрриў қалтыратты. Бала жерге жығылды да, аўзынан кѳбик шығып, аўнап жатты.
21 Сонда Ийса баланың әкесинен: – Бундай болғанына қанша ўақыт болды? – деп сорады. Єкеси: – Кишкене бала ўақтынан усындай.
22 Руўх оны ѳлтирмекши болып, неше мәрте отқа да, суўға да таслады. Егер қолыңнан келсе, бизлерди аяп, жәрдем ете гѳр, – деди.
23 Ийса оған: – Егер қолыңнан келсе, дейсең бе? Исенетуғын адамға ҳәмме нәрсе мүмкин, – деди.
24 Баланың әкеси дәрҳал жылап жиберип: – Мен исенемен: аз исенимимниң беккем болыўына жәрдем ет! – деп бақырды.
25 Халықтың жуўырып киятырғанын кѳргенде Ийса жаўыз руўхқа кейип: – Ҳәй, тилсиз ҳәм герең руўх! Буйыраман: оннан шығып кет ҳәм қайтып оған кириўши болма, – деди.
26 Сонда руўх шыңғырып, баланы қатты қалтыратты да, оннан шығып кетти. Бала ѳлидей болып жатырғанлықтан, адамлардың кѳбиси: – Ол ѳлип қалды, – дести.
27 Бирақ Ийса оны қолынан услап турғызғанда, ол орнынан турды.
28 Ийса үйге киргеннен кейин, шәкиртлери аўлақта Оннан: – Бизлер неге жаўыз руўхты қуўып шығара алмадық? – деп сорады.
29 Ийса оларға жуўап берип: – Жинлердиң бундай түрин тек дуўа етиў арқалы қуўып шығарыўға болады, – деди.
30 Сол жерден шығып, олар Галила арқалы ѳтти. Ийса буны ҳеш кимниң билмеўин қәледи.
31 Себеби Ол шәкиртлерине тәлим берип: – Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, олар Оны ѳлтиреди ҳәм ѳлтирилгеннен кейин, Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди.
32 Бирақ шәкиртлери бул сѳзлердиң мәнисин түсинбеди, ал сорайын десе қорқты.
33 Олар Капарнаҳумға келди. Ийса үйде болғанда, шәкиртлеринен: – Жол бойы не ҳаққында тартыстыңлар? – деп сорады.
34 Бирақ олар үндемеди. Ѳйткени олар жол бойы арасында кимниң ең уллы екенлиги ҳаққында тартысқан еди.
35 Ийса отырып, он еки шәкиртин шақырып алды да, оларға: – Егер ким де ким биринши болғысы келсе, сол ең соңғы болып, ҳәммеге хызмет етиўи шәрт, – деди.
36 Соң кишкене бир баланы алып, олардың ортасына турғызды да, оны қушақлап:
37 – Ким де ким мынадай кишкене бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның тек Мени емес, ал Мени Жибергенди қабыл еткени болады, – деди.
38 Юхан Ийсаға: – Устаз! Сениң атың менен жинлерди қуўып шығарып жүрген бир адамды кѳрдик. Бирақ ол бизлерге ерип жүрмегенликтен, оған тыйым салдық, – деди.
39 Ал Ийса былай деди: – Оған тыйым салмаңлар, себеби Мениң атым менен кәрамат кѳрсеткенниң ҳеш қайсысы да Мен туўралы жақын арада жаман сѳз айта алмайды.
40 Ѳйткени ким де ким бизлерге қарсы болмаса, ол бизлердиң тәрепдарымыз.
41 Сизлерге шынын айтып турман: ким де ким Масихқа тийисли болғаныңыз себепли, Мениң атым ушын сизлерге бир кесе суў ишкизсе, ол сыйсыз қалмайды.
42 – Және де, ким де ким Маған исенетуғын мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып теңизге тасланғаны оған жақсырақ болады.
43 Егер сени қолың азғырса, оны шаўып тасла.
44 Еки қолың менен дозаққа, сѳнбес отқа барғаныңнан гѳре, шолақ болып мәңгилик ѳмирге ерискениң жақсырақ.
45 Егер сени аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки аяғың менен дозаққа тасланғаныңнан гѳре,
46 шолақ болып мәңгилик ѳмирге ерискениң жақсырақ.
47 Егер сени кѳзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки кѳзиң менен дозаққа тасланғаныңнан гѳре, жалғыз кѳзиң менен Ќудайдың Патшалығына киргениң жақсырақ.
48 «Дозақта олардың қурты да ѳлмейди, оты да ѳшпейди».
49 Себеби ҳәр бир адам от пенен дузланады.
50 Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз ѳз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Ѳзлериңизде дуз болып, бир-бириңиз бенен татыўлықта жасаңлар, – деди.