Марк жазған Хош Хабар 15 bob

1 Пилаттың Ийсаны тергеўи. 6 Ийсаның өлимге ҳүким етилиўи. 16 Әскерлердиң Ийсаны масқаралаўы. 21 Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи. 33 Ийсаның жан тапсырыўы. 42 Ийсаның қәбирге қойылыўы. 

1 Таң атыўдан бас руўханийлер, ақсақаллар, диний муғаллимлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес мәсләҳәтлесип алды да, Ийсаны байлап, римли ҳәким Пилатқа апарып тапсырды.
2 Пилат Оннан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди ѳзиң айттың, – деп жуўап берди.
3 Бас руўханийлер Оны кѳп нәрселерде айыплады.
4 Пилат және Ийсадан сорап: – Сен ҳеш жуўап бермейсең бе? Ќара, олар Саған қаншама айып тағып атыр, – деди.
5 Бирақ Ийса ҳеш жуўап бермегенликтен, Пилат ҳайран қалды.
6 Ҳәр Ќутқарылыў байрамында Пилат халық сораған бир тутқынды босатып беретуғын еди.
7 Сол ўақытта қамақта қозғалаң ўақтында ѳзиниң шериклери менен адам ѳлтирген Бараба деген бир адам бар еди.
8 Халық Пилатқа келип, әдеттегидей ислейтуғын исин олар ушын ислеп, бир тутқынды босатып бериўин сорай баслады.
9 Пилат олардан: – Яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деп сорады.
10 Себеби ол бас руўханийлердиң Ийсаны ѳзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди.
11 Бирақ бас руўханийлер халықты үгитлеп, Ийсаның орнына Барабаны босатып бериўди талап еттирди.
12 Пилат оларға және: – Олай болса, сизлер Яҳудийлердиң Патшасы деп атаған Адамға не ислейин? – деди.
13 Олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп бақырысты.
14 Пилат олардан: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады. Бирақ олар қаттырақ бақырысып: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деди.
15 Сонда Пилат халықты қанаатландырыў ушын Барабаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
16 Єскерлер Ийсаны ҳүкимет сарайының ишки ҳәўлисине алып барып, пүткил әскерлерди жыйнады.
17 Олар Ийсаға шым қызыл шапан кийгизди де, тикенли шыбықлардан таж ѳрип, басына салды.
18 Соңынан: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп бақырыса баслады.
19 Басына қамыс пенен урып, Оған түкирди де, алдында дизе бүгип, тәжим етти.
20 Масқаралап болғаннан соң, олар Ийсаның үстиндеги шым қызыл шапанды шешип алып, Оған Ѳз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти.
21 Искендер ҳәм Руфустың әкеси, Симон деген киренели бир адам аўылдан киятырып, сол жерден ѳтип баратыр еди. Оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи.
22 Олар Ийсаны Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге алып келди.
23 Оған мирра қосылған шарапты бергенде, Ол ишиўден бас тартты.
24 Ийсаны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң, ким не алар екен деп шек тасласып, ѳз ара Оның кийимлерин бѳлисти.
25 Олар Ийсаны атанақ ағашқа шегелегенде, саат азанғы тоғыз еди.
26 Оның бас бетинде айыбын кѳрсететуғын: «ЯҲУДИЙЛЕРДИЊ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди.
27 -
28 Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашқа шегеледи.
29 Ѳтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оның үстинен күлип: – Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен!
30 Ѳзиңди Ѳзиң қутқарып, атанақ ағаштан түсип кѳрши! – деди.
31 Бас руўханийлер менен диний муғаллимлер де Оны мазақ қылып, бир-бирине: – Бул басқаларды қутқарып, Ѳзин Ѳзи қутқара алмайды!
32 Израилдың Патшасы Масих ҳәзир атанақ ағаштан түссин, сонда бизлер кѳрип, Оған исенемиз, – дести. Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленгенлер де Оны мазақ етти.
33 Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды.
34 Саат үште Ийса қатты даўыс пенен: – Елой, Елой! Лама сабахтани? – деп бақырды. Бул: «Ќудайым, Ќудайым! Неге Мени таслап кеттиң?» – дегенди аңлатады.
35 Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип: – Ќараңлар, Ол Илиясты шақырып атыр, – дести.
36 Сонда бир адам жуўырып барып, сорғышты сирке суўына сиңдирди ҳәм оны бир таяққа қадады да, Оған ишиўге берип: – Тоқтай турың! Илияс келип, Оны түсирип алар ма екен, кѳрейик! – деди.
37 Ал Ийса қатты бақырды да, жан тапсырды.
38 Сол ўақытта Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан тѳменге дейин қақ айырылып, екиге бѳлинди.
39 Ийсаның қарсысында турған жүзбасы Оның усылай жан тапсырғанын кѳрип: – Ҳақыйқаттан да, бул Адам – Ќудайдың Улы екен, – деди.
40 Сол жерде узақтан қарап турған бир неше ҳаял бар еди. Олардың арасында: магдалалы Мәриям, кишкене Яқып пенен Иосестиң анасы Мәриям ҳәм Саломия болды.
41 Олар Ийсаға Галилада болған ўақтында ерип жүрип, Оған хызмет еткен еди. Ол жерде Ийса менен бирге Ерусалимге келген басқа кѳп ҳаяллар да бар еди.
42 Күн кеш болды. Бул күн таярлық күни, яғный шемби күнинен алдыңғы жума күни еди.
43 Сонда жоқарғы кеңестиң ҳүрметли ағзасы, Ќудайдың Патшалығын күтиўши ариматиялы Юсуп келди. Ол батыллық пенен Пилаттың алдына кирди де, Ийсаның денесин сорады.
44 Пилат Ийсаның әлле қашан ѳлгенине ҳайран қалып, жүзбасыны шақыртып алды да: – Ѳлгенине кѳп ўақыт болды ма? – деп сорады.
45 Жүзбасыдан билип алғаннан соң, ол денени Юсупке берди.
46 Юсуп кепинлик таўар сатып алды. Ол Ийсаның денесин атанақ ағаштан түсирип алып, кепин менен орады да, жартаста ойылған қәбирге қойып, қәбирдиң аўзына бир тасты домалатып қойды.
47 Магдалалы Мәриям менен Иосестиң анасы Мәриям Ийсаның қай жерге қойылғанын кѳрди.