Марк жазған Хош Хабар 12 bob

1 Жаўыз дийханлар ҳаққында тымсал. 13 Салық төлеў туўралы. 18 Қайта тирилиў ҳаққында сораў. 28 Ең баслы буйрық. 35 Масих – кимниң Урпағы? 38 Диний муғаллимлер ҳаққында. 41 Жесир ҳаялдың садақасы. 

1 Ийса оларға тымсаллар менен сѳйлей баслады: – Бир адам жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты ҳәм жүзимниң суўын сығыўға арналған шуқыр қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, ѳзи узақ жерге кетип қалыпты.
2 Терим мәўсими келгенде, ол бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға ѳзиниң бир хызметшисин жиберипти.
3 Бирақ олар хызметшини услап алып сабап, қуры қол қайтарыпты.
4 Ол және оларға басқа хызметшисин жибергенде, оның басын жарып, бийабырай қылыпты.
5 Сонда ол және басқа бир хызметшисин жибергенде, олар оны ѳлтирипти. Ол және де кѳп басқа хызметшилерин жибергенде, гейбиреўлерин сабап, гейбиреўлерин ѳлтирипти.
6 Енди бир ғана адам, оның сүйикли улы қалыпты. Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға ѳз улын жиберипти.
7 Бирақ дийханлар бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны ѳлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти.
8 Солай етип, оны услап алып ѳлтирип, жүзим бағынан сыртқа шығарып таслапты.
9 Енди жүзим бағының ийеси не ислейди? Ол келип, дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди.
10 Сизлер мына Мухаддес Жазыўды оқымағансызлар ма: «Ќурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды.
11 Ийемиз қылған бул ис, Кѳзимизге әжайып кѳринди!»
12 Олар бул тымсалдың ѳзлерине қарсы айтылғанын билип, Ийсаны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорққанлықтан Оны қалдырып, кетип қалды.
13 Соңынан олар Ийсаны сѳзинен тутыў ушын, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың адамларының гейбиреўлерин Оған жиберди.
14 Олар Ийсаға келип: – Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Ѳйткени Сен адамлардың бет-жүзине қарамай, Ќудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң. Рим патшасы-Ќайсарға салық тѳлеў дурыс па ямаса надурыс па? Тѳлеўимиз керек пе ямаса керек емес пе? – деп сорады.
15 Бирақ Ийса олардың еки жүзлилигин билип: – Мени неге сынап атырсызлар? Маған бир динар әкелиңлер, кѳрейин, – деди.
16 Олар алып келгенде, Ол: – Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады. Олар: – Рим патшасы-Ќайсардың, – деди.
17 Сонда Ийса оларға жуўап берип: – Ќайсардың ҳақын Ќайсарға, Ќудайдың ҳақын Ќудайға бериңлер, – деди. Олар Оған таң қалысты.
18 Соңынан қайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң бир нешеси Ийсаға келип:
19 – Устаз! Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз ѳлип, ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, ѳз ағасының урпағын даўам еттирсин», – деп жазып қалдырған.
20 Ағайинли жети жигит бар еди. Олардың бириншиси үйленип, изинде бала қалдырмай ѳлип кетти.
21 Сол ҳаялды екиншиси алып, ол да изинде бала қалдырмай ѳлип кетти. Үшиншисине де солай болды.
22 Жети ағайинлиниң ҳеш қайсысы да изинде бала қалдырмастан ѳлип кетти. Ең соңында ҳаялдың ѳзи де қайтыс болды.
23 Олар қайта тирилгенде, ҳаял қайсысының ҳаялы болады? Себеби ол жетеўине де ҳаял болған-ғо, – деп сорады.
24 Ийса оларға жуўап берип: – Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Ќудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар.
25 Ѳйткени адамлар ѳлимнен қайта тирилгенде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады.
26 Ѳлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Муўсаның китабында, жанып турған пута ҳаққында аятта, Ќудайдың не айтқанын оқымағансызлар ма? Ќудай Муўсаға: «Мен – Ибрайымның Ќудайыман, Ысақтың Ќудайыман, Яқыптың Ќудайыман», – деген-ғо.
27 Ќудай ѳлилердиң емес, ал тирилердиң Ќудайы. Сизлер қатты алжасып турсызлар, – деди.
28 Диний муғаллимлердиң бири олардың тартысларын еситти. Ийсаның оларға жақсы жуўап бергенин кѳрип, Оннан: – Буйрықлардың ишинде ең баслысы қайсы? – деп сорады.
29 Ийса оған: – Ең баслы буйрық бул: «Тыңла, Израил! Ќудайымыз болған Ийемиз – жалғыз Ийемиз.
30 Ийең болған Ќудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың ҳәм пүткил күшиң менен сүй».
31 Екиншиси мынадай: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй». Булардан уллы буйрық жоқ, – деди.
32 Диний муғаллим Оған: – Аўа, Устаз! «Ќудай – жалғыз, Оннан басқа қудай жоқ», – деп дурыс айттың.
33 Ќудайды пүткил кеўлиң, пүткил ақылың, пүткил күшиң менен сүйиў ҳәм ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүйиў – жағылған ҳәмме қурбанлықлардан ҳәм Ќудай жолына берилген садақалардан артық, – деди.
34 Ийса оның ақылға сай жуўап бергенин кѳрип: – Сен Ќудай Патшалығынан алыс емессең, – деди. Соннан соң, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.
35 Ийса Ибадатханада адамларға тәлим берип атырып: – Ќалайынша диний муғаллимлер Масихты Даўыттың Урпағы дейди?
36 Даўыттың ѳзи Мухаддес Руўхтан илҳамланып, былай деген-ғо: «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“»
37 Даўыттың ѳзи Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады? – деп сорады. Кѳп халық Оны қуўаныш пенен тыңлады.
38 Ийса тәлим берип: – Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийип жүриўди, базар майданларында ѳзлерине сәлем берилиўин,
39 мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда тѳрде отырыўды жақсы кѳреди.
40 Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, кѳзге кѳриниў ушын узын дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди.
41 Ийса Ибадатханадағы садақа қутысының қарсысында халықтың қутыға ақша салыўына қарап отырды. Байлардың кѳбиси кѳп ақша салды.
42 Сонда бир жарлы жесир ҳаял келип, еки тийин салды.
43 Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып: – Сизлерге шынын айтып турман: бул жарлы жесир ҳаял қутыға ақша салғанлардың ҳәммесинен кѳп салды.
44 Себеби олардың ҳәммеси ѳз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн кѳрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди.