Марк жазған Хош Хабар 6 bob

1 Насыралылардың Ийсаны тән алмаўы. 7 Ийсаның он еки шәкиртине тапсырма бериўи. 14 Шомылдырыўшы Яқыяның өлтирилиўи. 30 Ийсаның бес мың адамды тойғызыўы. 45 Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи. 

1 Ийса сол жерден шығып, Ѳзи ѳскен қалаға келди. Оның изине шәкиртлери де ерди.
2 Дем алыс күни болғанда, Ол мәжилисханада тәлим бере баслады. Оны тыңлаған кѳп адамлар таң қалысып: – Булардың бәрин Ол қаяқтан алған? Оған бундай даналықты ким берген? Усындай кәраматлар Оның қолы менен қалай исленбекте?
3 Ол ағаш устасы емес пе? Ол Мәриямның улы, Яқып, Иосес, Яҳуда ҳәм Симонлардың ағасы емес пе? Оның қарындаслары да усы жерде, бизлердиң арамызда емес пе? – десип, Оны тән алмады.
4 Ийса оларға: – Ќәдирленбейтуғын пайғамбар жоқ, ол тек ѳз ўатанында, ағайин-туўғанларының арасында ҳәм үйинде ғана қәдирсиз, – деди.
5 Ийса ол жерде тек бир неше аўырыў адамлардың үстине ғана қолын қойып, шыпа берди, бирақ басқа кәраматлар ислей алмады
6 ҳәм олардың исенимсизлигине ҳайран қалды. Соңынан Ийса сол әтираптағы аўылларды аралап, тәлим берди.
7 Он еки шәкиртин шақырып алып, оларды екеў-екеўден жибере баслады ҳәм оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға бийлик берди.
8 Оларға: – Жолға жалғыз таяқтан басқа ҳеш нәрсе: нан да, дорба да, қалталарыңызға ақша да алмаңлар,
9 аяқларыңызға аяқ кийим кийсеңлер де, артық кийим алмаңлар, – деп буйырды.
10 Ол және: – Бир жерлерде қайсы үйге кирсеңиз, ол жерден шығып кеткениңизше, сол үйде болыңлар.
11 Егер бир жерде сизлерди қабыл етпесе ҳәм сѳзлериңизди тыңламаса, сол жерден шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер, – деди.
12 Шәкиртлер барып, халыққа тәўбе етиўди жәриялап жүрди
13 ҳәм кѳп жинлерди қуўып шығарып, кѳп аўырыў адамларды май менен сылап, оларға шыпа берди.
14 Патша Ҳирод Ийса туўралы еситти, себеби Оның аты ҳәммеге белгили болған еди. Гейбиреўлер: «Бул – ѳлимнен қайта тирилген Шомылдырыўшы Яқыя, сонлықтан да Ол усындай кәраматлар ислемекте», – десе,
15 базылар: «Бул – Илияс», – дести. Тағы басқалар: «Ол – бурынғы пайғамбарлар сыяқлы, бир пайғамбар», – дести.
16 Ал буны еситкен Ҳирод: – Мен басын кестирген Яқыя тирилип келипти, – деди.
17 Ҳирод ѳз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродияға үйленгенлиги себепли, адам жиберип, Яқыяны услатып байлатты да, оны қаматып таслады.
18 Ѳйткени Яқыя оған: «Туўысқаныңның ҳаялын алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди.
19 Ал Ҳиродия кек сақлап, Яқыяны ѳлтириўди ойлап еди, бирақ ѳлтире алмады.
20 Себеби Ҳирод Яқыяның ҳақ ҳәм мухаддес адам екенин билип, оннан қорқып, оны қорғайтуғын еди. Ол Яқыяның сѳзлерин еситкенде қатты тынышсызланса да, оларды қызығыўшылық пенен тыңлайтуғын еди.
21 Күнлердиң биринде қолайлы жағдай туўылды. Ҳирод туўылған күнинде сарай ҳәмелдарларына, әскербасыларға ҳәм Галила үлкесиниң басшыларына зыяпат берди.
22 Сонда Ҳиродияның қызы келип ойынға түсип, Ҳиродтың ҳәм оның қонақларының кеўлинен шықты. Ҳирод қызға: – Меннен не тилесең де сора, беремен, – деди.
23 Және де, қызға ант ишип: – Не тилесең де, ҳәммесин беремен, патшалығымның ярымын да беремен, – деди.
24 Ќыз сыртқа шығып, анасына: – Не сорайын? – деди. Анасы: – Шомылдырыўшы Яқыяның басын сора! – деди.
25 Ќыз дәрриў асығыслық пенен патшаға келди де: – Маған тап ҳәзир Шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, табаққа салып бериўиңизди қәлеймен, – деди.
26 Патша буған қатты қыйналса да, ѳзи ант ишкенликтен ҳәм қонақлары себепли, қыздың тилегине қарсы тура алмады.
27 Сонлықтан патша сол ўақытта-ақ жәлладын жиберип, Яқыяның басын әкелиўди буйырды. Жәллад барып, қамақта Яқыяның басын кести де,
28 табаққа салып, қызға әкелип берди, ал қыз оны анасына берди.
29 Буны еситкен Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетти де, қәбирге қойды.
30 Елшилер Ийсаның қасына қайтып келип, Оған барлығын: қандай ислер ислегенин ҳәм нелерди үйреткенин айтып берди.
31 Ийса оларға: – Келиңлер, аўлақ жерге барайық, ол жерде сизлер бираз дем аласызлар, – деди. Ѳйткени келип-кетиўшилер кѳп болғанлықтан, олардың аўқатланыўға да ўақты жоқ еди.
32 Сонлықтан да олар қайыққа минип, жалғыз ѳзлери елсиз жерге кетти.
33 Бирақ кѳп адамлар олардың кетип баратырғанын кѳрди. Оларды танығанлықтан, барлық қалалардан шықты да, жаға бойлап жуўырысып, олардан бурын жетип келди.
34 Ийса қайықтан түскенде соншама халықты кѳрип, оларға жаны ашыды. Себеби олар шопансыз қойларға уқсайтуғын еди. Сонлықтан Ийса оларға кѳп нәрселерди үйрете баслады.
35 Кеш болғанда, Оның шәкиртлери қасына келип: – Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды.
36 Оларды тарқатып жибер, әтираптағы аўыл-елатларға барып, ѳзлерине азық сатып алсын, – деди.
37 Ийса оларға жуўап берип: – Оларға сизлер аўқат бериңлер! – дегенде, олар: – Расында да, еки жүз динарға нан сатып алып, халыққа жегизейик пе? – деди.
38 Ийса оларға: – Ќанша наныңыз бар? Барып кѳриңлер, – деди. Олар билип келип: – Бес нан, еки балық бар екен, – дести.
39 Сонда Ийса шәкиртлерине халықты топ-топқа бѳлип, жасыл шѳптиң үстине отырғызыўды буйырды.
40 Халық жүзден, елиўден топарға бѳлинип отырды.
41 Ийса бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Ќудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын шәкиртлерине берди ҳәм еки балықты да барлығына үлестирди.
42 Олардың ҳәммеси жеп тойды.
43 Аўысқан нан бѳлеклерин ҳәм балықларды жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.
44 Нан жеген ер адам бес мыңға шамалас еди.
45 Буннан соң, дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Ѳзинен бурын арғы жағадағы Бетсайдаға кетиўди буйырды. Ал Ѳзи халықты тарқатып жиберди.
46 Оларды жибергеннен соң, дуўа етиў ушын таўға шықты.
47 Кеш болғанда қайық теңиздиң ортасында болып, ал Ийсаның жалғыз Ѳзи жағада еди.
48 Самал қарсы есип турғанлықтан, Ийса шәкиртлериниң есиўге қыйналып атырғанын кѳрди. Таңғы тѳртлер шамасы Ийса теңиздиң үсти менен шәкиртлерине қарай жүрип, олардың қасынан ѳтейин деп те қалды.
49 Шәкиртлери теңиздиң үсти менен киятырған Оны кѳргенде әрўақ деп ойлап, бақырысып жиберди.
50 Ѳйткени ҳәммеси Оны кѳрип, қорқып қалысқан еди. Бирақ Ийса оларға дәрриў: – Жигерлениңлер! Бул Мен-ғо, қорқпаңлар! – деди.
51 Сонда Ийса олардың қайығына миниўден, самал тоқтады. Олар қатты таң қалысты.
52 Себеби олар нан менен болған кәраматты түсинбеген еди: кеўиллери соқыр еди.
53 Ийса ҳәм Оның шәкиртлери теңиздиң арғы жағасына ѳтип, Генесарет жерине келип тоқтады да, қайықты байлап қойды.
54 Олар қайықтан түскенде, адамлар Ийсаны дәрриў танып,
55 пүткил дѳгерекке жуўырысты. Оның қай жерде екенлигин еситиўден, Оған аўырыў адамларды тѳсеклери менен әкеле баслады.
56 Ол қай жерге келмесин: аўылларға ма, қалаларға ма, елатларға ма, адамлар аўырыўларды базар майданларына алып келди. Олар Ийсадан ҳеш болмаса кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Ќол тийгизгенлердиң ҳәммеси шыпа тапты.