Еврейлерге жазылған хат 1 bob

1 Қудай Өз Улы Ийса арқалы сөйледи. 4 Қудайдың Улы Ийса периштелерден уллы. 

1 Кудай єййемги заманларда пайғамбарлар арқалы кѳп мєртебе ҳєм ҳєр түрли жоллар менен ата-бабаларымызға сѳйлеген еди.
2 Ал бул соңғы ўақытларда болса, Кудай бизлерге Ѳз Улы Ийса арқалы сѳйледи. Кудай Ѳз Улын пүткил барлықтың мийрасхоры етип белгилеп, Ол арқалы пүткил дүньяны жаратқан еди.
3 Кудайдың Улы – Кудайдың салтанатының жарқыраған нуры болып, Ол Кудайдың тєбиятының ҳақыйқаттан қандай екенин кѳрсетеди. Ул Ѳзиниң қүдиретли сѳзи менен пүткил барлықты сақлап тур. Ол Ѳзин қурбан етип, бизлерди гүналарымыздан тазалағаннан соң, жоқарыдағы қүдиретли Кудайдың оң тєрепине отырды.
4 Кудайдың Улы периштелерден қаншелли жоқары атты алған болса, Ол олардан соншелли үстин турады.
5 Ѳйткени Кудай периштелердиң қайсы бирине: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Єке болдым». Жєне де: «Мен Оған Єке боламан, Ол Маған Ул болады», – деген еди?
6 Жєне де, Кудай туңғыш Улын дүньяға жиберип атырып былай деген: «Мениң барлық периштелерим Оған табынсын».
7 Ал периштелер ҳаққында болса, Мухаддес Жазыў былай дейди: «Кудай Ѳз периштелерин самалдай, Хызметшилерин оттың жалынындай қылады».
8 Бирақ, Кудайдың Улы ҳаққында Мухаддес Жазыў былай дейди: «О Кудай, Сениң тахтың мєңги турады, Патшалық бийлигиң – єдил бийлик.
9 Сен ҳақлықты сүйип, нызамсызлықты жек кѳрдиң. Сонлықтан Кудай, Сениң Кудайың, Сени хызметке тайынлап, Саған жолдасларыңа қарағанда, Даңқ ҳєм қуўанышты кѳбирек берди».
10 Жєне де, былай дейди: «О Ийемиз, Єўел баста жердиң тийкарын Сен салғансаң. Аспанды да Сениң қолларың жаратқан.
11 Жер ҳєм аспан жоқ болып кетеди, бирақ Сен мєңгиге барсаң. Олардың ҳєммеси де кийимдей тозып қалады.
12 Оларды шапан сыяқлы орап қоясаң, Олар кийим сыяқлы ѳзгертиледи. Бирақ, Сен ҳеш қашан ѳзгермейсең, Ѳмир жылларың да тамам болмайды».
13 Кудай периштелердиң ҳеш бирине де: «Душпанларыңды аяқларыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр», – демеген.
14 Ақыры периштелердиң ҳєммеси қутқарылыўға ийе болатуғынларға хызмет қылыў ушын жиберилген хызметши руўхлар-ғо.