Еврейлерге жазылған хат 9 bob

1 Биринши келисим дәўириндеги диний хызмет. 11 Масихтың минсиз қурбанлығы. 

1 Биринши келисим дєўиринде сыйыныў қағыйдалары ҳєм адамның қолынан қурылған Мухаддес шатыр бар еди.
2 Курылған сол Мухаддес шатырдағы «Мухаддес бѳлме» деп аталатуғын биринши бѳлмеде шыра қойғыш, стол ҳєм столдың үстинде Кудайға усынылған нанлар болатуғын еди.
3 Мухаддес шатырдағы екинши пердениң артында «Ең мухаддес бѳлме» деп аталатуғын екинши, ишки бѳлме бар еди.
4 Бул бѳлмеде хош ийисли затлар түтетилетуғын алтыннан исленген орын ҳєм ҳємме жери алтын менен қапланған Келисим сандығы бар еди. Сандықтың ишинде манна салынған алтын гүзе, Харонның бѳрткен ҳасасы ҳєм он буйрық ойып жазылған таслар бар еди.
5 Сандықтың үстинде керуб атлы уллы периштелердиң мүсини бар еди. Олар сандықтың үстиндеги гүналар кеширилетуғын жерди қанатлары менен жаўып туратуғын еди. Бирақ, ҳєзир бул нєрселер ҳаққында бирме-бир айта алмаймыз.
6 Мухаддес шатыр усылай үскенеленген еди. Оның биринши бѳлмесине руўханийлер ҳєр қашан кирип, сыйыныў хызметин орынлайтуғын еди.
7 Ал екинши, ишки бѳлмеге болса, бир жылда бир мєртебе тек бас руўханий ғана кире алатуғын еди. Ол ѳзи менен бирге сол жерге ѳзиниң гүналарының ҳєм халықтың билмей ислеген гүналарының кеширилиўи ушын шалынған қурбанлықтың қанын алып кириўи тийис еди.
8 Бул арқалы Мухаддес Руўх бизлерге мынаны билдиреди: Мухаддес шатырдың биринши бѳлмеси еле бар екен, Ең мухаддес бѳлмеге баратуғын жол жабық болады.
9 Бул ҳєзирги заман ушын тымсал болып, берилген садақалар ҳєм қурбанлықлардың Кудайға сыйынатуғын адамның ҳүжданын пєклей алмайтуғынын кѳрсетеди.
10 Булар тек жеўге, ишиўге ҳєм ҳєр қыйлы диний тазаланыў үрдислерине байланыслы нєрселер болып, жаңа дүзим пайда болғанға дейин күшке ийе болған сыртқы қағыйдалар ғана.
11 Бирақ Масих пайда болған жақсы нєрселердиң бас руўханийи болып келип, қолдан соғылмаған, яғный бул дүньядағы жаратылыстан болмаған уллырақ ҳєм минсиз Мухаддес шатырға кирди.
12 Масих теке ҳєм баспақлардың қаны менен емес, ал Ѳз қаны менен Ең мухаддес бѳлмеге биринши ҳєм соңғы мєртебе кирип, бизлерге мєңгилик қутқарылыў алып келди.
13 Бурын ҳарамланып қалғанлардың денесиниң пєк болыўы ушын, олардың үстилерине теке менен ѳгизлердиң қаны ҳєм қашарлардың күли себилип, оларды мухаддес қылатуғын еди.
14 Ал енди болса, мєңгилик Мухаддес Руўх арқалы Ѳзин минсиз қурбанлық қылып Кудайға бағышлаған Масихтың қаны бизлердиң тири Кудайға хызмет ете алыўымыз ушын, ҳүжданымызды ѳлимге жетелеўши ислерден тазалаўы сѳзсиз.
15 Солай етип, Кудай тєрепинен шақырылғанлардың ўєде етилген мєңгилик мийрасты алыўы ушын, Масих Кудай менен адамлардың арасында дүзилген жаңа келисимниң тєўеллешиси болды. Ѳйткени Ол адамларды биринши келисимниң ўақтында ислеген гүналарынан қутқарыў ушын, Ѳзин қурбан етти.
16 Ўєсият бар жерде ўєсият еткен адамның ѳлимин тастыйықлаў да керек болады.
17 Ўєсият тек адамның ѳлиминен соң ғана күшке ийе болады. Ўєсият еткен адам тири болса, ол ҳеш қандай күшке ийе емес.
18 Сонлықтан биринши келисим де қан тѳгилгеннен кейин күшке енди.
19 Муўса Мухаддес Нызамның ҳєр бир буйрығын халыққа жєриялағаннан соң, баспақ ҳєм текелердиң суў қосылған қанына қызыл жүн ҳєм иссоп шѳбин малып алып, келисим китабының да, пүткил халықтың да үстине септи де:
20 «Бул – Кудайдың сизлер менен дүзген келисимин бекитетуғын қан», – деди.
21 Сондай-ақ, ол Мухаддес шатырдың ҳєм сыйынғанда қолланылатуғын барлық затлардың үстине де қан септи.
22 Ҳақыйқаттан да, Мухаддес Нызам бойынша дерлик ҳємме нєрсе қан менен тазаланады. Кан тѳгилмесе, гүна кеширилмейди.
23 Солай етип, аспандағы ҳақыйқый нєрселердиң үлгиси болған бул нєрселер усылай тазаланыўы керек еди. Бирақ аспандағы нєрселер болса, оннан да жақсырақ қурбанлықлар менен тазаланыўы тийис.
24 Себеби Масих аспандағы ҳақыйқый ҳєм мухаддес шатырдың үлгиси болған, қолдан қурылған Мухаддес шатырға емес, ал туўры аспанға кирип, ҳєзир бизлер ушын Кудайдың алдында тур.
25 Малдың қаны менен Ең мухаддес бѳлмеге жыл сайын киретуғын бас руўханий сыяқлы, аспанға кирген Масихқа Ѳзин қайта-қайта қурбан етиўдиң кереги жоқ.
26 Егер олай болмағанда, дүнья жаратылғаннан баслап Масихтың қайта-қайта азап шегиўи тийис болар еди. Бирақ Масих Ѳзин қурбан етип, гүнаны жоқ қылыў ушын, заманның ақырында тек бир мєртебе жерге келди.
27 Бир мєртебе ѳлип, оннан соң ҳүким етилиў адамлардың тєғдирине жазылған.
28 Сол сыяқлы, Масих та кѳплердиң гүналарын жуўыў ушын, биринши ҳєм соңғы мєртебе қурбан болды. Екинши мєртебе болса, Ол гүналарды жуўыў ушын емес, ал Ѳзин интизарлық пенен күтип атырғанларды толық қутқарыў ушын келеди.