Еврейлерге жазылған хат 7 bob

1 Руўханий Мелхиседек. 11 Ийса Мелхиседек сыяқлы руўханий. 

1 Бул Мелхиседек Сєлем патшасы ҳєм Күдиретли Кудайдың руўханийи еди. Ол патшаларды жеңилиске ушыратып қайтып киятырған Ибрайымды қарсы алып, оған пєтиясын берген еди.
2 Ал Ибрайым оған ҳємме нєрсениң оннан бирин берген еди. Оның еки аты бар, бириншиси Мелхиседек болып, бул аттың мєниси «єдиллик патшасы», ал екиншиси Сєлем патшасы болып, бул аттың мєниси «тынышлық патшасы» дегенди аңлатады.
3 Оның єкеси, анасы ҳєм шежиреси белгисиз. Ѳмириниң басы, я соңы жоқ. Ол сол жағынан Кудайдың Улына уқсайды ҳєм мєңгиге руўханий болып қалады.
4 Караңлар, ол қаншелли уллы! Ҳєтте, түп бабамыз Ибрайым да түскен олжаларының оннан бирин оған берген еди.
5 Лебий урыўынан шыққан руўханийлер Мухаддес Нызамдағы буйрық бойынша ѳз туўысқанларынан, яғный халықтан, ҳєммеси де Ибрайымның урпақлары болса да, оннан бирин алыўы тийис еди.
6 Мелхиседек Лебий урыўынан болмаса да, Ибрайымнан оннан бирин алып, Кудайдың ўєдесине ийе болған оған пєтиясын берген еди.
7 Пєтия берген адам пєтия алған адамнан уллы екени сѳзсиз.
8 Оннан бирин алатуғын руўханийлердиң басында ѳлим бар. Бирақ, Ибрайымнан оннан бирин алған Мелхиседектиң тири екени ҳаққында гүўалық бар.
9 Демек, оннан бирин алатуғын Лебийдиң ѳзи де Ибрайым арқалы оннан бирин берди, деп айтыўға болады.
10 Ѳйткени Мелхиседек Ибрайымды қарсы алғанда, Лебий еле бабасы Ибрайымның белинде еди.
11 Израил халқы Мухаддес Нызамды лебийлилердиң руўханийлик хызмети тийкарында алған еди. Бирақ егер Харон єўладынан болған лебийлилердиң руўханийлик хызмети арқалы минсизликке ерисиў мүмкин болғанда, онда Мелхиседек сыяқлы басқа бир руўханийдиң келиўине ҳєжет бар ма еди?
12 Себеби руўханийлик хызмети ѳзгертилсе, Мухаддес Нызам да ѳзгертилиўи тийис.
13 Алдын сѳз етилген адам, яғный Ийса басқа урыўдан шыққан еди. Сол урыўдан ҳеш ким қурбанлық шалынатуғын орында хызмет етпеген.
14 Ал Ийемиз Ийсаның Яҳуда урыўынан келип шыққаны анық. Муўса бул урыўға байланыслы руўханийлик ҳаққында ҳеш нєрсе айтпаған еди.
15 Мелхиседекке уқсаған басқа бир руўханий пайда болғанынан бул сѳзлеримиз еле де анығырақ болады.
16 Ийса Лебий урыўына байланыслы болған Мухаддес Нызамдағы қағыйдалар бойынша емес, ал таўсылмайтуғын ѳмир қүдирети менен руўханий болды.
17 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда Ол ҳаққында: «Сен Мелхиседек сыяқлы, Мєңгиге руўханийсең», – деген гүўалық бар.
18 Руўханийлик ҳаққында єўелги қағыйдалар ҳєлсиз ҳєм пайдасыз болғанлықтан бийкар етилди.
19 Себеби Мухаддес Нызам ҳеш бир нєрсени минсизликке еристирмеди. Буның орнына, бизлерди Кудайға жақынластыратуғын жақсы үмит берилди.
20 Ийса Кудайдың берген анты бойынша руўханий болды. Ал лебийли руўханийлер Кудайдың анты бойынша руўханий болған жоқ.
21 Ийса Ѳзине: «Кудай Ийемиз ант ишти, Ол антынан таймайды: „Сен мєңгиге руўханийсең“», – деген Кудайдың анты бойынша руўханий болды.
22 Солай етип, Ийса еле де жақсырақ келисимниң гиреўи болды.
23 Жєне бир айырмашылығы мынадай: єпиўайы руўханийлердиң саны кѳп еди. Ѳйткени ѳлим оларға хызметлерин даўам етиўге тосқынлық қылатуғын еди.
24 Бирақ Ийса мєңги жасайтуғын болғанлықтан, Оның руўханийлиги де мєңги.
25 Сонлықтан Ол Ѳзи арқалы Кудайға келгенлерди пүткиллей қутқаратуғын күшке ийе. Себеби Ол мєңгиге тири болып, Кудайдан олар ушын ѳтинип сорайды.
26 Ийса бизлерге керек болған бас руўханийдиң анық Ѳзи болады. Ѳйткени Ол мухаддес, айыпсыз, пєк, гүнакарлардан ажыратылған ҳєм аспаннан да жоқары кѳтерилип, уллы абырайға ийе болған.
27 Басқа бас руўханийлер сыяқлы, ҳєр күни єўели Ѳз гүналары ушын, ал соңынан халықтың гүналары ушын қурбанлық бериўдиң Оған ҳєжети жоқ. Себеби Ол Ѳзин қурбан етип, бул исти бир мєртебе ҳєм биротала орынлады.
28 Муўсаның Нызамы адам болғанлықтан минсиз емес болғанларды бас руўханий қылып қояды. Бирақ Муўсаның Нызамынан соң, Кудайдың ант етип берген ўєдеси Оның мєңгиге минсиз Улын бас руўханий етип қойды.