Еврейлерге жазылған хат 3 bob

1 Ийса Муўсадан уллы. 7 Исенбеўшилик ҳаққында ескертиў. 

1 Солай етип, бизлер менен бирге Кудай тєрепинен шақырылған, ҳєй мухаддес туўысқанларым, Кудайдың елшиси ҳєм бас руўханийи, деп ѳзлеримиз ашық тєн алған Ийса ҳаққында терең ойлаңлар!
2 Муўса Кудайдың пүткил шаңарағында Кудайға садық болғанындай, Ийса да Ѳзин хызметке қойған Кудайға садық болды.
3 Үйди салған үйдиң ѳзинен гѳре кѳбирек ҳүрмет кѳргени сыяқлы, Ийса да Муўсадан гѳре жоқарырақ уллылыққа ылайық табылды.
4 Ҳєр бир үйдиң қурыўшысы бар, ал Кудай пүткил барлықтың жаратыўшысы.
5 Муўса келешекте айтылатуғын сѳзлер ҳаққында гүўалық бериў ушын, Кудайдың пүткил шаңарағында бир хызметкер сыпатында садық болды.
6 Бирақ, Масих Кудайдың шаңарағын басқаратуғын Ул сыпатында садық болды. Егер ѳзлеримиздеги үмит себепли пайда болатуғын батырлық ҳєм қуўанышты ақырына дейин беккем сақласақ, бизлер – Оның шаңарағымыз.
7 Сол себептен Мухаддес Руўх былай дейди: «Егер бүгин Кудайдың даўысын еситсеңиз,
8 Шѳлдеги сынақ ўақтында қозғалаң кѳтерген ата-бабаларыңыздай, Кайсарлық етпеңлер.
9 Олар сол жерде қырық жыл бойы Мениң ислеримди кѳрген болса да, Мени сынай берди.
10 Сонлықтан Мен сол єўладқа ғєзепленип былай дедим: „Олардың жүрек қєлеўлери бєрқулла туўры емес, Олар Мениң жолларымды билмеди“.
11 Жєне де, Мен қєҳєрленгенимде: „Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мєканыма кирмейди“, – деп ант ишкен едим».
12 Ҳєй туўысқанларым, жүрегиңиз исенбей жаўыз болып қалып, тири Кудайдан безип кетиўден сақ болыңлар!
13 Керисинше, араңыздағы ҳеш бириңиз гүнаның алдаўына ерип, жүрегин қайсар қылмаўы ушын, ҳєр күни еле «бүгин» деп айтылып атыр екен, бир-бириңизди жигерлендирип барыңлар.
14 Ѳйткени егер бизлер дєслепки исенимимизди ақырына дейин беккем сақласақ, Масихқа тийисли болған ҳємме нєрсеге шериклес боламыз.
15 Жоқарыда былай делинген еди: «Егер бүгин Кудайдың даўысын еситсеңлер, Оған қарсы қозғалаң кѳтерген ата-бабаларыңыздай, Кайсарлық етпеңлер».
16 Кудайдың сѳзин еситсе де, Оған қарсы қозғалаң кѳтерген кимлер еди? Муўсаның басшылығында Мысырдан шыққанлардың ҳєммеси емес пе еди?
17 Кудай кимлерге қырық жыл ашыўлы еди? Гүна ислеп, сүйеклери шѳлде қалғанларға емес пе?
18 Кудай кимлерге: «Мениң дем алыў ушын беретуғын мєканыма кирмейсизлер», – деп ант ишкен еди? Ѳзине бойсынбағанларға емес пе?
19 Солай етип, кѳрип турғанымыздай, олар исенбегенликтен сол жерге кире алмады.