Еврейлерге жазылған хат 6 bob

13 Қудайдың өзгермейтуғын ўәдеси. 

1 Сонлықтан Масих ҳаққында басланғыш тєлийматты үйрениўде тоқтап қалмайық, ал алға илгерилеп, жетисип барайық. Ѳлимге жетелеўши ислер ушын тєўбе етиўден, Кудайға исениўден,
2 суўға шомылдырыў ҳаққында қағыйдалардан, қол қойып дуўа етиўден, ѳлилердиң тирилиўинен ҳєм мєңгилик ҳүкимнен ибарат болған сол тєлийматтың тийкарларын қайтадан салмайық.
3 Егер Кудай рухсат берсе, бизлер алға илгерилеп, жетисип барамыз.
4 Бир мєртебе ҳақыйқатлық нуры түсип, Кудайдың сыйының дємин татқан ҳєм Мухаддес Руўхқа шерик болғанларды,
5 Кудайдың сѳзиниң жақсы екенин ҳєм келешектиң қүдиретли ислерин ѳмирлеринде кѳрип болып,
6 исенимнен қайтқанларды дүзетип тєўбе қылдырыў мүмкин емес. Себеби олар Кудайдың Улын ѳзлери қайтадан атанақ ағашқа шегелеп, масқара қылған болады.
7 Үстине жийи-жийи жаўған жаўынды ишкен ҳєм ѳзинде ислегенлерге пайдалы зүрєєт берген жерди Кудай жарылқайды.
8 Бирақ, шеңгел ҳєм жантақ ѳсирген жер жарамсыз болып, кѳп күтпей ғарғысқа ушырайды ҳєм ақыры жандырылып жибериледи.
9 Сизлерге келсек, сүйикли туўысқанларым, бизлер усылай десек те, сизлердиң қутқарылыўға байланыслы еле де кѳбирек жарылқаўларға ийе екениңизге исенимимиз кємил.
10 Ѳйткени Кудай єдалатсыз емес: Ол сизлердиң мийнетиңизди ҳєм исениўшилерге қылған ҳєм қылып атырған хызметиңиз арқалы Ѳзине кѳрсеткен сүйиспеншилигиңизди умытпайды.
11 Ҳєр бириңиздиң үмитиңизди ақырына дейин беккем сақлаўыңыз ушын, усылай ғайрат салыўыңызды єрман етемиз.
12 Жєне де ериншек болмай, Кудай тєрепинен ўєде етилгенлерди исеним ҳєм сабырлылық пенен алғанлардан ѳрнек алыўыңызды қєлеймиз.
13 Кудай Ибрайымға ўєде бергенде, Ѳзинен уллырақ ҳеш ким болмағанлықтан, Ѳзиниң аты менен ант ишип,
14 былай деген еди: «Сени үсти-үстине жарылқайман, Урпақларыңды сансыз қылып кѳбейтемен».
15 Солай етип, Ибрайым сабырлылық пенен күтип, ўєде етилгенди алды.
16 Адамлар ѳзлеринен уллырақ болған менен ант ишеди. Олар ушын ант айтылған сѳзлерди тастыйықлап, ҳєр бир тартысты тоқтатады.
17 Сол сыяқлы, Кудай да Ѳз еркиниң ѳзгермейтуғынын ўєдени алғанларға ашық кѳрсетпекши болып, ўєдесин ант пенен тастыйықлады.
18 Солай етип, усы еки нєрсе, яғный ўєде ҳєм ант ѳзгермейди. Себеби Кудай оларды айтқанда ѳтирик сѳйлеўи мүмкин емес. Сонлықтан ѳзлеримизге берилген үмитти беккем сақлаўымыз ушын, Кудайдан пана тапқан бизлер олар арқалы үлкен жубанышқа ийе боламыз.
19 Бизлердиң бул үмитимиз жанларымыз ушын кемениң кѳшкиси сыяқлы исенимли ҳєм беккем. Усы үмит бизлерди аспандағы Мухаддес шатырдың пердесиниң арғы тєрепине ѳткизеди.
20 Ийса бизлер ушын сол жерге бизлерден алдын кирип, Мелхиседек сыяқлы мєңгиге бас руўханий болды.