Филимонға жазылған хат 1 bob

1 Сәлемнама. 4 Филимонның исеними ҳәм сүйиспеншилиги. 8 Павелдиң Онисим ушын өтиниш етиўи. 23 Соңғы сәлемнама. 

1 Ийса Масих ушын тутқын болған мен, Павелден ҳєм туўысқанымыз Тимофейден, бизлер менен бирге хызмет ететуғын сүйикли Филимонға сєлем!
2 Жєне де, апамыз Афияға, бизлер менен бирге Кудайдың єскери болған Архипке ҳєм сениң үйиңдеги исениўшилер жємєєтине де сєлем жоллаймыз.
3 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин!
4 Мен дуўа еткенимде сени тилге алып, Кудайыма бєрқулла шүкирлик билдиремен.
5 Себеби сениң Ийемиз Ийсаға деген исенимиң ҳєм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиң ҳаққында еситип атырман.
6 Исенимиңди басқалар менен бѳлисиўде тєсирли болыўың ушын, қулласы, Масих арқалы бизлер ийе болатуғын ҳєр қандай ийгиликти билиўде жетилисип барыўың ушын дуўа етип атырман.
7 Ѳйткени туўысқаным, сен себепли исениўшилердиң кеўиллери кѳтерилип қалды. Солай етип, сениң сүйиспеншилигиң маған үлкен қуўаныш ҳєм тєселле берди.
8 Сонлықтан Масихтың елшиси сыпатында ўазыйпаңды атқарыўды саған буйырыўға бийлигим болса да,
9 -
10 ҳєзир Ийса Масих ушын тутқын болған мен, ғарры Павел, қамақта мениң улым болған Онисим ушын сеннен сүйиспеншилик пенен ѳтинип сорайман.
11 Ол бир ўақытлары саған пайдасыз болған еди, бирақ енди болса саған да, маған да жүдє пайдалы болып қалды.
12 Оны, яғный ѳз жүрек-баўырымды саған қайтарып жиберип атырман.
13 Хош Хабар ушын қамақта болғанымда, сениң орныңда маған хызмет етиўи ушын оны жанымда алып қалыўды қєлер едим.
14 Бирақ, сениң ислейтуғын жақсылығың мєжбүрий түрде емес, ал ѳз ықтыярың менен болыўы ушын, сениң қайылшылығыңсыз ҳеш нєрсе ислегим келмеди.
15 Мүмкин, оның сеннен ўақытша айра түскениниң себеби оны мєңгиге қайтарып алыўың ушын болған шығар.
16 Оны енди қул деп емес, ал қулдан зыят сүйикли туўысқаның сыпатында қабыл ет. Єсиресе мен ушын ол жүдє қєдирли. Ал сен ушын болса, ол ҳєм қул сыпатында, ҳєм Ийемиздеги бир туўысқан сыпатында жєне де қєдирлирек болады.
17 Сонлықтан егер мени жолдасым деп санайтуғын болсаң, оны мени қабыл еткендей, қабыл ет.
18 Ол саған қандай да бир жаманлық ислеген болса ямаса қарыздар болса, мениң есабыма жазып қой.
19 Мен, Павел, буны ѳз қолым менен жазып атырман: мен тѳлеймен. Ал сениң маған ѳз ѳмириң менен қарыздар екениңди айтпай-ақ қояйын.
20 Аўа, туўысқаным, мен сеннен Ийемиз алдында бир жєрдем алайын. Масих алдында кеўлимди кѳтер.
21 Кулақ асатуғыныңа исенип, саған жазып атырман. Сениң айтқанымнан да артық ислейтуғыныңды билемен.
22 Соның менен бирге, маған туратуғын бир орын да таярла. Ѳйткени Кудай сизлердиң дуўа етип сорағанларыңызға жуўап берип, мени сизлерге жиберетуғынынан үмит етемен.
23 Ийса Масих ушын мениң менен бирге тутқын болған Епафрас саған сєлем айтып атыр.
24 Жєне де, бизлер менен хызмет етип атырған Марк, Аристарх, Димас ҳєм Лука да саған сєлем жоллап атыр.
25 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими сизлерге яр болсын!
  • 1