1 Сәлемнама. 3 Гүна ҳәм жаза. 17 Ақыл-нәсиятлар.
Яҳуданың хаты 1 bob
1 Мен, Ийса Масихтың қулы ҳєм Яқыптың туўысқаны Яҳудадан, Єкемиз Кудай тєрепинен шақырылғанларға сєлем! Єкемиз Кудай сизлерди сүйеди ҳєм Ийса Масихтың Ѳзи сизлерди сақлап келмекте.
2 Сизлерге мийрим-шєпєєт, тынышлық ҳєм сүйиспеншилик мол-мол етип берилсин!
3 Сүйикли туўысқанларым! Бизлерге ортақ болған қутқарылыўымыз ҳаққында жазыўды жүдє қєлеген едим. Енди исениўшилерге бироталаға берилген Ийсаға деген исеним ушын гүресиң деп, сизлерге нєсият етип жазыўға мєжбүр болдым.
4 Себеби араңызға айырым қудайсыз адамлар жасырын кирип алған. Олар Кудайды мийримли деп, Оның мийриминен бузықшылық қылыў ушын пайдаланады, жалғыз Ҳүкимдарымыз ҳєм Ийемиз болған Ийса Масихты тєн алмайды. Ондайлардың жазасы єзелден-ақ жазылып қойылған.
5 Булардың ҳєммесинен хабарыңыз болса да, мен сизлерге еслетип қоймақшыман: Кудай Ѳз халқын Мысыр елиндеги қулшылықтан қутқарды, бирақ соңынан исенбейтуғынларды набыт етти.
6 Сондай-ақ, ѳз мєртебе-бийлигине қанаат етпей, мєканын таслап кеткен периштелерди де Кудай уллы жаза күнинде ҳүким етиў ушын мєңгиге байлап, қараңғылыққа қамап қойыпты.
7 Буларға уқсап, Содом менен Гомора қалалары ҳєм олардың єтирапларындағы қалалар да бузықшылық ҳєм тєбийғый емес жынысый ҳарамылық иследи. Мєңгилик отта жаныў жазасын алған бул қалалар адамларға ескертиў болды.
8 Сол сыяқлы, араңызға кирген бул адамлар да қыялпаразлыққа берилип, ѳз денелерин ипласлайды ҳєм Кудайдың бийлигин менсинбей, периштелерди мазақ етеди.
9 Ҳєтте, бас периште Михаил де Муўсаның денеси ҳаққында шайтан менен тартысқанда, оны ғарғап ҳүким етиўге батылы бармай, тек: «Кудайдың Ѳзи саған сазайыңды берсин», – деген еди.
10 Бирақ бул адамлар ѳзлери түсинбейтуғын нєрселерди мазақ етип, санасыз ҳайўанлар сыяқлы тек тєбийғый сезим бойынша жасағанлықтан набыт болады.
11 Олар ҳєсирет шегеди! Ѳйткени Каинның жаўыз жолы менен бармақта. Балаам сыяқлы дємегѳйшиликке берилген олар Корей сыяқлы қозғалаң кѳтерип, набыт болады.
12 Тек ғана ѳзин ойлап, қарым-қатнас кешелериңизде сизлер менен бирге ишип-жеген бундай уятсыз адамлар ишекке түскен қурт сыяқлы қєўипли. Олар самал менен кѳшип жүретуғын жамғырсыз бултларға, гүзде мийўесиз қалып ѳлген, тамыры менен жулып тасланған тереклерге уқсайды.
13 Олар кѳбигин шашыратқан теңиздиң қєҳєрли толқынлары сыяқлы, патаслықларын єтирапқа шашыратады. Адасқан жулдызлар сыяқлы болған олар ушын тас түнек қараңғылық мєңгиге таяр тур.
14 Адам-атаның жетинши єўлады болған Енок усы адамлар ҳаққында мына пайғамбаршылықты айтқан еди:
15 «Мине, Ийемиз ҳєр бир адамды ҳүким қылыў ушын, қудайсыз гүнакарлардың барлық жаўыз ис-ҳєрекетлерин, Ѳзине қарсы айтылған барлық жаман сѳзлерин єшкара етиў ушын, Ѳзиниң мың-мыңлаған мухаддеслери менен келеди».
16 Бул адамлар ҳємме ўақыт налып, басқаларға кеўли толмайды. Олар нєпсиқаўлық пенен ис тутады ҳєм лапгѳйлик етип, ѳз пайдасы ушын басқаларға жарамсақланады.
17 Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масихтың елшилери тєрепинен алдын айтылған сѳзлерди еске түсириңлер.
18 Олар сизлерге: «Дүньяның соңғы күнлеринде ѳз нєпсине берилген, Кудайдан қорқпайтуғын мазақ етиўшилер пайда болады», – деген еди.
19 Бундай адамлар – алаўызлық салыўшы ҳєм Мухаддес Руўхтан бос қалып, ѳзиниң гүнакар тєбиятының қулы болған адамлар.
20 Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, ең мухаддес болған исенимиңизди ѳмириңиздиң тийкары қылып, жетилисип барыңлар. Мухаддес Руўх пенен дуўа етиңлер.
21 Ѳзлериңизди мєңгилик ѳмирге еристиретуғын Ийемиз Ийса Масихтың мийрим-шєпєєтин күтип, Кудайдың сүйиспеншилиги менен жасаўды даўам етиңлер.
22 Исенимде екилениўши айырым адамларға мийримлилик пенен қатнас жасаңлар.
23 Базыларды оттан шығарып, қутқарыңлар. Жєне басқаларға сақлық пенен реҳимлилик кѳрсетиңлер. Ал олардың гүналарынан болса, жеркениңлер.
24 Кутқарыўшымыз болған жалғыз Кудай сизлерди жығылыўдан сақлаўға,
25 Ѳзиниң салтанатында уллы қуўаныш пенен минсиз қылып турғызыўға қүдиретли. Ийемиз Ийса Масих арқалы єзелден, ҳєзир ҳєм мєңгиге, уллылық, салтанат, күш-қүдирет ҳєм ҳүкимдарлық Кудайдики болсын! Аўмийин.
- 1