Еврейлерге жазылған хат 2 bob

1 Дыққат-итибарлы болайық! 5 Қутқарылыўға жетелеўши Ийса. 

1 Сонлықтан еситкенлеримизден узақлап, жолдан шығып кетпеўимиз ушын, еситкенлеримизге еле де кѳбирек дыққат аўдарыўымыз керек.
2 Себеби периштелер арқалы айтылған сѳз күшке ийе болып, ҳєр қандай жынаят ҳєм бойсынбаўшылық ушын єдил жаза берилетуғын еди.
3 Солай екен, дєслеп Ийемиз Ийса тєрепинен айтылған, соңынан Оннан еситкенлер тєрепинен тастыйықланған уллы қутқарылыўға итибарсыз қарасақ, бизлер бул жазадан қалай қашып қутыла аламыз?
4 Кудай да бул ҳаққында кєраматлы белгилер, таң қаларлық нєрселер ҳєм ҳєр түрли кєраматлы ислер арқалы, жєне де, Ѳз қєлеўи бойынша Мухаддес Руўхтың сыйларын үлестириўи арқалы гүўалық берди.
5 Кудай бизлер сѳз етип атырған келешек заманды периштелерге бағынышлы қылған жоқ.
6 Керисинше, Мухаддес Жазыўдың бир жеринде биреў былай деп гүўалық берген еди: «О Ийем, Сен еске алғандай адам ким ѳзи? Сен оған ғамхорлық кѳрсететуғындай, адам улы ким болыпты?
7 Оны периштелерден аз ўақытқа тѳменирек қойдың, Даңқ-ҳүрмет тажын оған кийдирип,
8 Ҳємме нєрсени оның аяқларына бас урғыздың». Кудай ҳємме нєрсени адамға бағынышлы қылып, оған бағынышлы болмаған ҳеш бир нєрсе қалдырмады. Деген менен, ҳємме нєрсениң адамға бағынышлы екенин бизлер елеге дейин кѳрмей атырмыз.
9 Бирақ бизлер периштелерден аз ўақытқа тѳменирек қойылған Ийсаның ѳлим азабын шеккени ушын, даңқ-ҳүрмет тажын кийгенин кѳрип турмыз. Аўа, Ол Кудайдың мийрими менен ҳємме адамлар ушын ѳлимди басынан кеширген еди.
10 Ҳємме нєрсе Кудай ушын ҳєм Кудай арқалы бар болған. Усы Кудай кѳп перзентлерин уллылыққа еристириў ушын, оларды қутқарылыўға жетелеўши Ийсаны азап-ақыретлер арқалы минсизликке жеткизиўди мақул кѳрди.
11 Ѳйткени мухаддес қылыўшы Ийса ҳєм Ол мухаддес қылған исениўшилердиң ҳєммеси бир Єкеден. Сонлықтан Ийса оларды «туўысқанларым» деп атаўға уялмайды.
12 Ийса былай дейди: «Кудай, Сениң атыңды туўысқанларыма жєрия етемен, Олардың жыйынында Сени алғыслайман».
13 Жєне басқа жерде былай делинген: «Мен Кудайға сүйенемен» тағы да: «Минекей, Мен Кудайдың Маған берген балалары менен бирге усы жердемен».
14 Бул балалар ет ҳєм қаннан ибарат болғанлықтан, Ийсаның Ѳзи де оларға теңлесип, ет ҳєм қаннан ибарат болған адамның денесине ийе болды. Буны Ол ѳлим үстинен бийликке ийе болғанды, яғный шайтанды Ѳз ѳлими арқалы набыт қылыў ушын
15 ҳєм ѳмир бойы ѳлим қорқынышы себепли қул болғанлардың ҳєммесин азат қылыў ушын иследи.
16 Себеби, єлбетте, Ийса периштелерге емес, ал Ибрайымның урпағынан болғанларға жєрдем етеди.
17 Сол себептен Кудайдың хызметинде мийрим-шєпєєтли ҳєм садық бас руўханий болып, адамлардың гүналарын тазалаў ушын, Ол ҳєр тєреплеме туўысқанларына уқсаўы керек еди.
18 Оның Ѳзи сынаққа түсип, азап шеккенликтен, Ол сынаққа түскенлерге де жєрдем ете алады.