Еврейлерге жазылған хат 8 bob

1 Ийса – жаңа келисимниң бас руўханийи. 

1 Айтқанларымыздың тоқ етери мынадан ибарат: бизлердиң аспанда қүдиретли Кудайдың оң жағында отырған бас руўханийимиз Ийса бар.
2 Ол сол жерде адам тєрепинен емес, ал Кудай тєрепинен қурылған ҳақыйқый ҳєм мухаддес шатырда хызмет қылады.
3 Ҳєр бир бас руўханий садақа ҳєм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады. Сонлықтан бизлердиң бас руўханийимиздиң де беретуғын бир нєрсеси болыўы тийис еди.
4 Егер Ийса жер жүзинде қалғанда, руўханий болмас еди. Ѳйткени єлле қашан жер жүзинде Мухаддес Нызам бойынша садақалар беретуғын руўханийлер бар.
5 Бирақ, бул руўханийлер аспандағы ҳақыйқый ҳєм мухаддес шатырдың үлгиси ҳєм кѳлеңкеси болған жердеги Мухаддес шатырда хызмет етеди. Себеби Муўса усы Мухаддес шатырды қурыўға кирискенде, Кудай тєрепинен былай деп ескертилген еди: «Абайла, ҳєр бир нєрсени таўда ѳзиңе кѳрсетилген үлги бойынша исле».
6 Ал Ийса бурынғыдан да жақсырақ ўєделерге тийкарланып дүзилген, Кудай менен адамлардың арасындағы жақсырақ келисимниң тєўеллешиси болды. Сонлықтан Ол руўханийлердиң хызметинен анағурлым жоқарырақ хызметке ийе болды.
7 Егер сол биринши келисим кемшиликсиз болғанда, оның орнына екиншисин дүзиўдиң кереги болмас еди.
8 Ал, халқын айыплы деп тапқан Кудайдың сѳзлери мынадай: «Жаратқан Ийемиз былай дейди: „Мен Израил халқы ҳєм Яҳудия халқы менен, Жаңа келисим дүзетуғын күнлер жақынлады.
9 Бул келисим Мен олардың ата-бабаларының қолынан услап, Мысыр елинен алып шыққан ўақтымда, Олар менен дүзген келисим сыяқлы болмайды. Ѳйткени олар Мениң келисимиме садық болмады. Сонда Мен де олардан жүзимди терис бурдым.
10 Сол күнлерден соң, Израил халқы менен дүзетуғын келисимим мынаў: Нызамларымды олардың сана-сезимлерине салып, Жүреклерине ойып жазып қояман. Мен олардың Кудайы боламан, Олар Мениң халқым болады.
11 Ҳеш кимниң жанындағы адамға, Я болмаса, ѳз туўысқанына, Ийемизди бил, деп үйретиўине ҳєжет жоқ. Себеби кишкенесинен үлкенине дейин, Олардың ҳєммеси Мени билетуғын болады.
12 Мен олардың наҳақ ислерин реҳимлилик пенен кеширемен, Гүналарын қайтып есиме алмайман“».
13 Кудай «жаңа келисим» деп, бурынғысының гѳнерген кѳрсетти. Гѳнерген нєрсе кѳп ѳтпей жоқ болады.