Марк жазған Хош Хабар 7 bob

1 Адамды не ҳарамлайды? 24 Сирофиникиялы ҳаялдың исеними. 31 Ийсаның ҳәм герең, ҳәм сақаў адамға шыпа бериўи. 

1 Ийсаның қасына Ерусалимнен келген парисейлер ҳәм айырым диний муғаллимлер жыйналды.
2 Олар Ийсаның шәкиртлериниң айырымлары ҳарам, яғный үрп-әдет бойынша жуўылмаған қоллары менен аўқат жегенин кѳрди.
3 Ѳйткени парисейлер ҳәм барлық яҳудийлер ата-бабаларынан қалған үрп-әдетлерин сақлап, қолларын жақсылап жуўмай турып аўқат жемейтуғын
4 ҳәм және де, базардан келип, жуўынбағанша аўқатланбайтуғын еди. Олар басқа да кѳп дәстүрлерди сақлаўды үрдис еткен. Мысалы: кесе, гүзе, мыс қазанларды жуўады.
5 Сонлықтан парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсадан: – Неге Сениң шәкиртлериң ата-бабалардан қалған үрп-әдетлерди орынламай, ҳарам қоллары менен аўқат жейди? – деп сорады.
6 Ийса оларға: – Сизлер, еки жүзлилер туўралы Ийшая пайғамбар мынадай деп дурыс болжаған: «Бул халық сыйлар Мени тили менен, Ал кеўиллери тур Меннен алыс.
7 Олар Маған босқа сыйынып, Адам ойлап тапқан парызларды үйретер».
8 Сизлер Ќудайдың буйрығын таслап, адамлардың дәстүрлерин орынлап жүрсизлер, – деди.
9 Ийса оларға және: – Сизлер ѳз дәстүрлериңизди сақлаў ушын, Ќудайдың буйрығын бийкарлаўды ақылға муўапық деп есаплайсызлар.
10 Муўса: «Ата-анаңды ҳүрметле, ким де ким ата-анасына жаман сѳз айтса, ѳлтирилсин», – деген.
11 Бирақ сизлер: «Ким де ким әкесине ямаса анасына: „Саған беретуғынымды Ќудайға қурбан (Ќудайға арналған сый) еттим“, десе,
12 сол адам ата-анасына ҳеш жәрдем бермесе де болады», – дейсизлер.
13 Солай етип, сизлер ѳз үрп-әдетлериңиз бенен Ќудайдың сѳзин бийкар етип, басқа да усы сыяқлы кѳп ислерди ислейсизлер, – деди.
14 Ийса халықты және Ѳзине шақырып алып былай деди: – Мени ҳәммеңиз тыңлап, түсинип алыңлар.
15 Адамның ишине сырттан киретуғын ҳеш нәрсе оны ҳарамлай алмайды,
16 ал адамды оның ишинен шығатуғын нәрсе ҳарамлайды.
17 Ол халықтың қасынан кетип, үйге киргенде, шәкиртлери сол тымсал ҳаққында сорады.
18 Ийса оларға: – Еле сизлер де түсинбедиңлер ме? Адамның ишине сырттан киретуғын ҳеш нәрсе оны ҳарамлай алмайтуғынын түсинбейсизлер ме?
19 Себеби ол оның кеўлине емес, ал қарынына барып, соңынан сыртқа шығады, – деди. Солай етип, Ийса ҳәр қандай азық-аўқаттың ҳадал екенин айтты.
20 Ол және: – Адамды оның ишинен шыққан нәрселер ҳарамлайды.
21 Ѳйткени иштен, адамның кеўлинен жаман ойлар, бузықшылық, урлық ислеў, адам ѳлтириў,
22 неке ҳадаллығын бузыў, нәпсиқаўлық, жаўызлық, алдаў, азғынлық, күншиллик, масқаралаў, менменлик, ақылсызлық шығады.
23 Бул жаманлықлардың барлығы адамның ишинен шығып, оны ҳарамлайды, – деди.
24 Ийса сол жерден шығып, Тир үлкесине келди. Ол бир үйге кирди ҳәм буны ҳеш кимниң билгенин қәлемеди, бирақ жасырына алмады.
25 Кишкене қызы жаўыз руўхқа шалынған бир ҳаял Ийса ҳаққында еситип, дәрҳал Оған келди де, аяғына жығылды.
26 Бул – Сирофиникия елинде туўылған грек ҳаялы еди. Ол Ийсадан қызындағы жинди қуўып шығарыўды ѳтинди.
27 Ал Ийса оған: – Биринши балаларды тойдырыў керек, балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди.
28 Ҳаял жуўап берип: – Дурыс, Ийем. Бирақ ийтлер де дастурханнан түскен балалардың нанының усақларын жейди-ғо, – деди.
29 Ийса оған: – Усы жуўабың ушын үйиңе қайта бер, қызыңнан жин шығып кетти, – деди.
30 Ҳаял үйине келгенде, қызының тѳсекте жатырғанын ҳәм оннан жинниң шығып кеткенин кѳрди.
31 Ийса Тир үлкесинен шығып, Сидон арқалы Декаполистиң үсти менен Галила теңизине қайтып келди.
32 Сол жерде адамлар Оған ҳәм герең, ҳәм сақаў болған адамды алып келип, оның үстине қолын қойыўын ѳтинди.
33 Ийса оны шетирек шығарып, қулақларына бармақларын тықты да, түкирип, қолын оның тилине тийгизди.
34 Аспанға қарап гүрсинди де, оған: – Еффата! – деди. Бул «ашыл» дегенди билдиреди.
35 Сол ўақытта-ақ адамның қулақлары ашылды ҳәм ол тилге кирип, дурыс сѳйлей баслады.
36 Ийса адамларға бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды буйырды. Бирақ Ол оларға қанша тыйым салса да, олар және де кѳбирек жая берди.
37 Адамлар қатты таң қалысып: – Ол ҳәммесин жақсы ислейди: гереңлерди еситетуғын, гүңелеклерди сѳйлейтуғын қылады, – дести.