Марк жазған Хош Хабар 4 bob

1 Туқым себиўши туўралы тымсал. 10 Тымсалдың мақсети. 13 Туқым себиўши туўралы тымсалдың түсиндирилиўи. 26 Өсип турған туқым туўралы тымсал. 30 Қышқыл туқым туўралы тымсал. 35 Ийсаның даўылды тоқтатыўы. 

1 Ийса және теңиз жағасында тәлим бере баслады. Єтирапына жүдә кѳп халық жыйналғанлықтан, теңиздеги қайыққа минип отырды, ал халық теңиздиң жағасында, жерде болды.
2 Ол халыққа тымсаллар менен кѳп нәрселерди үйретип, былай деди:
3 – Тыңлаңлар: бир туқым себиўши туқым себиўге шығыпты.
4 Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсипти. Ќуслар ушып келип, оларды шоқып жеп қойыпты.
5 Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез кѳгерип шығыпты.
6 Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан, қуўрап қалыпты.
7 Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер ѳскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты ҳәм олар зүрәәт бермепти.
8 Ал басқалары ѳнимли жерге түсип, кѳгерип ѳсип шығыпты ҳәм гейбиреўи отыз, гейбиреўи алпыс, гейбиреўи жүз еседен зүрәәт берипти.
9 Ќулағы бар жақсылап еситип алсын!
10 Ийса жалғыз қалғанда, он еки шәкирти ҳәм басқалар Оннан тымсаллар ҳаққында сорады.
11 Ийса оларға былай деди: – Ќудай Патшалығының сырын билиў сизлерге берилген. Ал сырттағы басқа адамларға ҳәммеси тымсаллап айтылады.
12 Солай етип: «Олар қараса да кѳрмейди, еситсе де түсинбейди, қайтып келип, кеширилмейди».
13 Ийса оларға былай деди: – Сизлер бул тымсалды түсинбейсизлер ме? Онда басқа барлық тымсалларды қалай түсинесизлер?
14 Туқым себиўши Ќудайдың сѳзин себеди.
15 Гейбир адамлар жол шетине себилген туқымларға уқсайды, олар Ќудайдың сѳзин еситиўден-ақ, шайтан келип, олардың кеўлине себилген сѳзди алып кетеди.
16 Базылар таслақ жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сѳзди еситкен ўақытта-ақ оны қуўаныш пенен қабыл етеди.
17 Бирақ тамырсыз болғанлықтан турақсызлық етип, сѳз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады.
18 Айырымлар тикенлер арасына себилген туқымларға уқсайды.
19 Олар сѳзди еситсе де, бул дүньяның тәшиўишлери, байлыққа алданыў ҳәм басқа да ҳәўес болыўлар сѳзди туншықтырады, сонлықтан олар зүрәәт бермейди.
20 Ал басқалары ѳнимли жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сѳзди еситип, оны қабыл етеди ҳәм зүрәәт береди: биреўлери отыз, биреўлери алпыс, биреўлери жүз еседен береди.
21 Ийса оларға және былай деди: – Ким шыраны ыдыстың ямаса кәттиң астына қойыў ушын әкеледи? Керисинше, оны шыра қойғышқа қойыў ушын әкелмей ме?
22 Себеби ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
23 Еситиўге қулағы бар еситсин!
24 Ийса даўам етип, оларға былай деди: – Еситкенлериңизге кеўил аўдарыңлар! Сизлер қандай ѳлшем менен ѳлшеп берсеңлер, Ќудай да сизлерге сондай ѳлшем менен ѳлшеп береди. Ҳәтте, сизлерге қосымша етип те береди.
25 Кимде бар болса, оған қосымша етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады.
26 Соң Ийса: – Аспан Патшалығы мынаған уқсайды: бир адам жерге туқым сеўипти.
27 Ол түн болғанда уйықлапты, күндиз болғанда ояныпты: бирақ туқымның қалай кѳгерип ѳскенин билмепти.
28 Ѳйткени жер ѳз-ѳзинен зүрәәт береди: дәслеп кѳк шығып, соңынан масақ, ал оннан соң масақ ишинде дән ѳнеди.
29 Ал егин писип жетилискенде, сол адам дәрриў орыўға кириседи, себеби орыў мәҳәли келди, – деди.
30 Ийса тағы былай деди: – Ќудай Патшалығын неге уқсатайық? Оны қандай тымсал менен түсиндириўге болады?
31 Ол қышқыл туқымға уқсайды. Жерге себилгенде, бул туқым жер жүзиндеги барлық туқымлардың ең кишиси болады.
32 Бирақ ол себилгеннен соң ѳсип, шақалары жайылып, барлық шѳплерден үлкен болады ҳәм оған аспан қуслары ушып келип, саялы шақаларына уя салады.
33 Ийса усындай кѳп тымсаллар менен халыққа түсине алғанынша сѳз айтты.
34 Оларға тымсалсыз ҳеш нәрсе айтпады, ал шәкиртлерине аўлақта ҳәммесин түсиндирди.
35 Сол күни кеште Ийса шәкиртлерине: – Теңиздиң арғы жағасына ѳтейик, – деди.
36 Олар халықты қалдырып, Ийсаны отырған қайығы менен алып кетти. Оның менен бирге басқа қайықлар да бар еди.
37 Сонда күшли даўыл кѳтерилип, толқынлар қайықты соққылағанда, қайық суўға тола баслады.
38 Ал Ийса қайықтың артқы жағында басына дастық салып, уйықлап атыр еди. Шәкиртлери Оны оятып: – Устаз! Бизлер ѳлетуғын болдық-ғо, бул Саған бәри бир ме? – деди.
39 Сонда Ол турды да, самалға тыйым салып, теңизге: – Тоқта! Тынышлан! – деп буйырды. Сонда самал тоқтап, аўыр тынышлық орнады.
40 Ийса оларға: – Неге буншама қорқасызлар? Еле исенимлериңиз жоқ па? – деди.
41 Бирақ олар қатты қорқысып, бир-бирине: – Самалды да, теңизди де Ѳзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.