Марк жазған Хош Хабар 5 bob

1 Ийсаның жин урған адамға шыпа бериўи. 21 Тирилген қыз ҳәм шыпа тапқан ҳаял. 

1 Олар теңиздиң арғы жағасындағы Гадара үлкесине келди.
2 Ийса қайықтан түскенде, дәрриў Оның қарсы алдынан қәбирлердиң арасы менен киятырған жаўыз руўхқа шалынған адам шықты.
3 Бул адам қәбирлер арасында жасап, оны ҳеш ким шынжыр менен де байлап таслай алмаған еди.
4 Неше рет шынжырласа да, кисенлесе де, ол ҳәр қашан шынжырларды үзип, кисенлерди сындырып таслайтуғын еди. Оны бойсындырыўға ҳеш кимниң күши жетпейтуғын еди.
5 Ол күни-түни қәбирлер арасында ҳәм таўдың етеклеринде бақырып, ѳзин таслар менен жарақатлайтуғын еди.
6 Узақтан Ийсаны кѳрген ол жуўырып келди де, аяғына жығылып:
7 – Ќүдиретли Ќудайдың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар? Ќудай ушын ѳтинемен, мени қыйнама! – деп қатты бақырды.
8 Ѳйткени Ийса: «Ҳәй, жаўыз руўх, бул адамнан шығып кет!» – деген еди.
9 Сонда Ийса оннан: – Атың ким? – деп сорады. Ол: – Мениң атым үлкен топар, себеби бизлер кѳппиз, – деди
10 ҳәм ѳзлерин бул жерден басқа жаққа жибермеўин ѳтинип, Оған қатты жалынды.
11 Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди.
12 Жаўыз руўхлар Ийсаға жалынып: – Бизлерди сол шошқаларға жибер, оларға кирейик, – деди.
13 Ийса оларға рухсат етти. Сонда жаўыз руўхлар сол адамнан шығып, шошқаларға кирди ҳәм еки мыңға шамалас шошқа падасы жуўырысып, тик жардан теңизге түсти де, батып кетти.
14 Шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барды да, болған ўақыяны айтып берди. Адамлар не болғанын кѳриў ушын келди.
15 Олар Ийсаның қасына барып, бурын үлкен жин топары урған адамның ақыл-еси кирип, кийинип отырғанын кѳргенде қорқып қалысты.
16 Болған ўақыяны кѳргенлер жин урған адамға ҳәм шошқаларға не болғанын оларға айтып берди.
17 Сонда адамлар Ийсадан олардың үлкесинен кетиўин ѳтине баслады.
18 Ийса қайыққа мингенде, жиннен азат болған адам Оған: – Сениң менен бирге барайын, – деп жалынды.
19 Бирақ Ийса оған рухсат етпей: – Үйиңе, жақынларыңның қасына қайт, Ийемиздиң саған не ислегенин ҳәм Оның саған қандай мийрим-шәпәәт кѳрсеткенин оларға айтып бер, – деди.
20 Ол адам сол жерден кетип, Ийсаның оған не ислегенин Декаполиске барып жәриялай баслады. Еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысты.
21 Ийса қайық пенен және арғы жағаға ѳткенде, әтирапына кѳп адам жыйналды. Ол жағада турғанда,
22 Яир атлы мәжилисхана басшыларының бири келди. Ол Ийсаны кѳрип, аяғына жығылды да:
23 – Кишкене қызым ѳлим тѳсегинде жатыр. Сен келип, оның үстине қолыңды қой, ол шыпа таўып, тири қалсын! – деп қатты жалынды.
24 Ийса оның менен бирге кетти. Изине кѳп халық ерип, тығылыстырып жүрди.
25 Сол жерде он еки жыл бойы қан кетип аўырған бир ҳаял бар еди.
26 Ол талай шыпакерлерден кѳп азап шеккен еди ҳәм пүткил мал-мүлкин сарплаған болса да ҳеш шыпа таппай, аўҳалы бурынғысынан бетер болған еди.
27 Ҳаял Ийса ҳаққында еситип, адамлардың арасы менен Оның арқа бетинен келди де, кийимине қолын тийгизди.
28 Ѳйткени ол ишинен: «Оның кийимине ғана қол тийгизсем, шыпа табаман», – деген еди.
29 Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады ҳәм ол денесиниң шыпа тапқанын сезди.
30 Сонда Ийса Ѳзинен күш шыққанын дәрриў билип, халыққа бурылды да: – Мениң кийимиме ким қолын тийгизди? – деп сорады.
31 Шәкиртлери Оған: – Халықтың Сени тығылыстырып киятырғанын кѳрип турып, неге: «Мениң кийимиме ким қол тийгизди», – деп сорайсаң? – деди.
32 Бирақ Ийса буны ким ислегенин кѳриў ушын, әтирапына қарай баслады.
33 Сонда ѳзине не болғанын билген ҳаял қорқып ҳәм қалтырап, Оның алдына келди де, аяғына жығылып, бар ҳақыйқатты айтып берди.
34 Ийса оған: – Ќызым! Исенимиң сени қутқарды. Тынышлық пенен бара бер, енди дәртиңнен азап шекпейсең, – деди.
35 Ол еле усыларды айтып турғанда, мәжилисхана басшысының үйинен адамлар келип: – Ќызыңыз ѳлди. Енди неге Устаздың тынышын алып турсыз? – деди.
36 Бирақ Ийса бул сѳзлерди еситсе де, мәжилисхана басшысына: – Ќорқпа, тек исен, – деди.
37 Ийса Ѳзине Петр, Яқып ҳәм оның иниси Юханнан басқа ҳеш кимниң ериўине рухсат етпеди.
38 Олар мәжилисхана басшысының үйине келгенде, даўыс шығарып қатты жыласып турған адамларды кѳрди.
39 Ийса ишке кирип: – Неге қайғырып, жылап турсызлар? Ќыз ѳлген жоқ, ол тек уйықлап атыр, – деди.
40 Олар Ийсаның үстинен күлди. Бирақ Ол ҳәммени шығарып жиберип, Ѳзи менен бирге қыздың ата-анасын ҳәм шәкиртлерин алып, қыз жатырған бѳлмеге кирди.
41 Ќыздың қолынан услап, оған: – Талита куми! – деди. Бул: «Ќызым, саған айтаман, түргел», – дегенди билдиреди.
42 Ќыз дәрриў орнынан турып, жүре баслады: оның жасы он екиде еди. Буны кѳргенлер қатты таң қалысты.
43 Ийса оларға бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаўларын қатаң буйырып, қызға аўқат бериўди тапсырды.