Марк жазған Хош Хабар 10 bob

1 Ажырасыў ҳаққында. 13 Ийсаның балаларға пәтия бериўи. 17 Бай жигит. 32 Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында үшинши рет айтыўы. 35 Яқып ҳәм Юханның тилеги. 46 Ийсаның соқыр Бартимейге шыпа бериўи. 

1 Ийса сол жерди қалдырып, Яҳудия үлкесине ҳәм Иорданның арғы тәрепине кетти. Оның жанына және кѳп халық жыйналған еди ҳәм Ол тағы әдеттегидей оларға тәлим берди.
2 Ийсаға айырым парисейлер келди ҳәм Оны сынап кѳрмекши болып: – Ер адамның ҳаялы менен ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп сорады.
3 Ийса сораўға сораў менен жуўап берип: – Муўса сизлерге нени буйырған еди? – деди.
4 Олар: – Муўса ер адамның ҳаялына талақ хат жазып, ажырасыўына рухсат еткен, – деди.
5 Ийса оларға: – Сизлер тас баўыр болғанлықтан, ол усы буйрықты жазған еди.
6 «Бирақ жаратылыстың басында Ќудай адамларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқан».
7 «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, ѳз ҳаялына қосылады
8 ҳәм екеўи бир дене болады. Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады».
9 Сол себепли, Ќудай қосқанларды адам ажыратпасын, – деди.
10 Үйде болғанда, Оннан шәкиртлери және усылар ҳаққында сорады.
11 Ийса оларға: – Ким де ким ѳз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол ҳаялына болған неке ҳадаллығын бузған болады.
12 Ҳаял да ѳз күйеўи менен ажырасып, басқа еркекке турмысқа шықса, ол да неке ҳадаллығын бузған болады, – деди.
13 Ќолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға балаларын алып келди. Ал шәкиртлери оларға кейиди.
14 Буны кѳргенде Ийса оларға ашыўланып: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер! Оларға тосқынлық жасамаңлар! Ѳйткени Ќудай Патшалығы усындайлардики.
15 Шынын айтып турман: – Ким де ким Ќудай Патшалығын бала сыяқлы қабыл етпесе, оған ҳеш кире алмайды, – деди.
16 Соңынан балаларды қушақлап, олардың үстине қолларын қойып, пәтиясын берди.
17 Ийса жолға шығып баратырғанда бир адам жуўырып келип, Оның алдында дизе бүкти де: – Ийгиликли Устаз! Мәңгилик ѳмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
18 Ийса оған: – Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Ќудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес.
19 Оның буйрықларын ѳзиң билесең-ғо: «Адам ѳлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, жалатайлық қылма, ата-анаңды ҳүрметле».
20 Ол Ийсаға: – Устаз! Мен булардың ҳәммесин бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди.
21 Ийса оған сүйиспеншилик пенен қарап: – Саған бир нәрсе жетиспейди. Барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер, сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
22 Бирақ жигит бул сѳзлерди еситкенде түри ѳзгерип кетти. Ол қапа болып, кетип қалды. Себеби оның байлығы кѳп еди.
23 Ийса әтирапына қарап, шәкиртлерине: – Байлығы барларға Ќудай Патшалығына кириў қандай қыйын! – деди.
24 Шәкиртлери бул сѳзлерди еситип, таң қалысты. Бирақ Ийса оларға және: – Балаларым! Ќудай Патшалығына кириў қандай қыйын!
25 Бай адамның Ќудай Патшалығына кириўинен гѳре, түйеге ийнениң кѳзинен ѳтиў аңсатырақ, – деди.
26 Олар қатты таң қалысып, бир-бирине: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деди.
27 Ийса оларға қарап: – Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Ќудайдың қолынан келеди. Ѳйткени Ќудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди.
28 Сонда Петр сѳз баслап, Оған: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсени таслап, Сениң изиңе ердик, – деди.
29 Ийса жуўап берип: – Шынын айтып турман: ким де ким Мен ҳәм Хош Хабар ушын я үйлерин, я аға-инилерин, я апа-қарындасларын, я ата-анасын, я балаларын, я жерлерин таслап шықса,
30 ол ҳәзир, бул дүньяда қуўдаланыўлар менен бирликте жүз есе артығы менен үйлерин де, аға-инилерин де, апа-қарындасларын да, аналарын да, балаларын да, жерлерин де алады ҳәм келешекте мәңгилик ѳмирге ийе болады.
31 Бирақ, бириншилердиң кѳбиси соңғылар, соңғылардың кѳбиси бириншилер болады, – деди.
32 Олар Ерусалимге кѳтерилетуғын жолда баратырғанда, Ийса шәкиртлериниң алдында жүрди. Шәкиртлери таң қалысты, ал ерип киятырғанлар қорқынышта еди. Ийса он еки шәкиртин және шақырып алды да, Ѳзине не болатуғыны ҳаққында оларға айта баслап, былай деди:
33 – Минекей, бизлер Ерусалимге қарай кѳтерилип баратырмыз. Сол жерде Адам Улы бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлердиң қолына услап бериледи. Олар Оны ѳлимге ҳүким етип, басқа миллет адамларына тапсырады.
34 Олар Оны масқаралап, Оған түкиреди ҳәм қамшылап сабап, ѳлтиреди. Ал үш күннен кейин, Ол қайта тириледи.
35 Сонда Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан Ийсаға келип: – Устаз! Бизлер не сорасақ та, соны Сениң бизлер ушын орынлаўыңды қәлеймиз, – деди.
36 Ийса олардан: – Мениң сизлер ушын не ислеўимди қәлейсизлер? – деп сорады.
37 Олар: – Ѳзиңниң салтанатлы патшалығыңда биреўимизди оң жағыңа, екиншимизди сол жағыңа отырғыз, – дести.
38 Ийса: – Сизлер не сорап турғаныңызды билмейсизлер. Сизлер Мен ишетуғын азап кесесинен ише аласызлар ма? Мениң шомылдырылатуғынымдай, шомылдырыла аласызлар ма? – деди.
39 Олар: – Аўа, аламыз, – деп жуўап берди. Ийса оларға: – Мен ишетуғын азап кесесинен сизлер де ишесизлер, Мениң шомылдырылатуғынымдай, сизлер де шомылдырыласызлар.
40 Бирақ Мениң оң жағым ямаса сол жағыма отырғызыў Мениң еркимде емес. Бул орынлар кимлерге арналған болса, солар отырады, – деди.
41 Ќалған он шәкирт буны еситкенде, Яқып пенен Юханға ашыўланып қалды.
42 Сонда Ийса оларды қасына шақырып алып: – Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлары болып есапланғанлар халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын сизлер билесизлер.
43 Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, ол сизлерге хызметши болыўы шәрт.
44 Араңызда ким биринши болғысы келсе, ол ҳәммеге қул болыўы шәрт.
45 Себеби Адам Улы да Ѳзине хызмет еттириўге емес, ал Ѳзи хызмет етиўге ҳәм кѳплеген адамлардың қутқарылыўы ушын Ѳз жанын қурбан етиўге келди, – деди.
46 Олар Ерихоға келди. Ийса Ѳз шәкиртлери ҳәм кѳп халық пенен Ериходан шығып баратырғанда, жол бойында тиленшилик етип, Тимейдиң улы соқыр Бартимей отыр еди.
47 Ол Насыралы Ийсаның сол жерде екенин еситкенде: – Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гѳр! – деп бақыра баслады.
48 Кѳп адамлар үнин шығармаўын айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып: – Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гѳр! – деди.
49 Ийса тоқтап: – Оны шақырың, – деди. Адамлар соқырды шақырып: – Жигерли бол, орныңнан тур! Ол сени шақырып атыр, – деди.
50 Ол шапанын шешти де, орнынан ушып турып, Ийсаға келди.
51 Ийса оннан: – Мениң сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады. Соқыр адам Оған: – Устаз! Кѳзлерим кѳретуғын болсын, – деди.
52 Ийса оған: – Бар, исенимиң сени қутқарды, – деди. Сол ўақытта-ақ соқырдың кѳзи қайтадан кѳретуғын болды ҳәм ол Ийсаның изине ерип, жолға түсти.