Колосалыларға жазылған хат 3 bob

1 Масих пенен болған жаңа өмир. 18 Хожалықтағы қатнасықлар ҳаққында. 

1 Солай етип, Масих пенен бирге тирилген болсаңыз, онда аспандағы нєрселерди излеңлер. Масих сол жерде, Кудайдың оң жағында отырыпты.
2 Жердеги емес, ал аспандағы нєрселерди ойлаңлар.
3 Себеби сизлер дүнья ушын ѳлгенсизлер ҳєм жаңа ѳмириңиз Масих пенен бирге Кудайда жасырылған.
4 Ѳмириңиз болған Масих келгенде, сизлер де Оның менен бирликте салтанат пенен кѳринесиз.
5 Сонлықтан ѳзлериңиздеги жерге тийисли болған жаман єдетлерди: бузықшылық, ҳарамылық, нєпсиқумарлық, жаман қєлеўлер ҳєм нєпсиқаўлық болған бутқа табыныўшылықты жоқ қылыңлар.
6 Булар себепли, сѳзге қулақ аспайтуғынларға Кудайдың ғєзеби келеди.
7 Бурын сизлер де усындай адамлардың арасында жасағаныңызда, сондай ис-ҳєрекетлерди иследиңлер.
8 Бирақ енди ҳєммесин: ашыў, ғєзеп ҳєм жек кѳриўшиликти қойыңлар. Аўзыңыздан ҳеш қандай ѳсек ҳєм сѳгис сѳз шықпасын.
9 Бир-бириңизге ѳтирик сѳйлемеңлер. Ѳйткени сизлер ески тєбиятыңызды оның жаман ислери менен таслап,
10 жаңа тєбиятқа ийе болдыңлар. Бул жаңа тєбиятқа ийе адам Кудайды толық билиў ушын, ѳз Жаратыўшысына уқсап барады.
11 Солай етип, жаңа тєбиятқа ийе адамлар арасында грек ҳєм яҳудий, сүннетли ҳєм сүннетсиз, варвар ҳєм скиф, қул ҳєм азат адам болып бѳлиниў жоқ. Ал ең єҳмийетлиси, ҳємме исениўшилерде жасайтуғын тек Масих ғана бар.
12 Кудайдың таңлап алған мухаддес ҳєм сүйикли адамлары сыпатында реҳимлилик, жақсылық, кишипейиллик, мүлєйимлилик ҳєм сабырлылық пенен жасаңлар.
13 Бир-бириңизге шыдамлы ҳєм кеширимли болыңлар. Егер ким де ким биреўден ѳкпели болса, Ийемиздиң сизлерди кеширгени сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер.
14 Булардың ҳєммесине қосымша сүйиспеншилик пенен жасаңлар. Ол минсиз бирликке еристиреди.
15 Жүреклериңизде Масихтың тынышлығы ҳүкимдарлық етсин. Сизлер бир денениң мүшелери болып, усы тынышлыққа шақырылдыңыз. Жєне де, шүкирлик билдириңлер.
16 Масихтың сѳзи пүткил байлығы менен ишиңизде жасасын. Бир-бириңизге толық даналық пенен тєлим берип, ақыл-нєсият етиңлер. Кудайға шүкирлик билдирип, Оған Забур жырларын, алғыс-мақтаў қосықларын ҳєм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықларды шын жүректен айтыңлар.
17 Сѳзиңиз ямаса исиңиз бенен қылған ҳєр бир нєрсени Ийемиз Ийсаның аты ушын, Ол арқалы Єкемиз Кудайға шүкирлик етип ислеңлер.
18 Ҳєй ҳаяллар, күйеўлериңизге бойсыныңлар. Бул Ийемизге тийисли болған ҳаялларға минєсип.
19 Ҳєй күйеўлер, ҳаялларыңызды сүйиңлер. Оларға қопал қатнаста болмаңлар.
20 Ҳєй балалар, ҳємме нєрседе ата-аналарыңыздың сѳзин тыңлаңлар. Себеби бул Ийемизге унайды.
21 Ҳєй єкелер, руўхы түспеўи ушын, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер.
22 Ҳєй қуллар, дүньядағы хожайынларыңызға ҳємме нєрседе бойсыныңлар. Буны тек оларға жағыныў ушын кѳзабаға емес, ал Ийемизден қорқып, шын жүректен ислеңлер.
23 -
24 Ийемизден сыйлық ретинде мийрас алатуғыныңызды билип, не ислесеңиз де адамлар ушын емес, ал Ийемиз ушын ислеп атырғандай болып, шын жүректен ислеңлер. Ѳйткени сизлер Ийемиз Масихқа хызмет етип атырсызлар.
25 Наҳақ ис ислеген адамға наҳақлығына ылайық қайтарылады. Кудай ҳеш кимди айырмайды.