Колосалыларға жазылған хат 4 bob

2 Ақыл-нәсиятлар. 7 Соңғы сәлемнама. 

1 Ҳєй хожайынлар, аспанда сизлердиң де Ийеңиз бар екенин билип, қулларыңызға єдиллик ҳєм теңлик пенен қатнас жасаңлар.
2 Бєрқулла дуўа етиңлер. Дуўа еткениңизде шүкирлик билдирип, сергек болыңлар.
3 Бизлер ушын да дуўа етиңлер: Масихтың сыры ҳаққында Ѳз сѳзин жєриялай алыўымыз ушын, Кудай бизлерге жол ашсын. Мен усы сыр ушын тутқындаман.
4 Бул сырды тийисли түрде, түсиникли етип айта алыўым ушын да дуўа етиңлер.
5 Ўақыттан жақсы пайдаланып, жємєєттиң сыртындағы адамларға ақыллылық пенен қатнас жасаңлар.
6 Сѳзиңиз ҳємме ўақытта жағымлы ҳєм дузлы болсын. Сонда сизлер ҳєр бир адамға қалай жуўап бериў кереклигин билип аласызлар.
7 Ийемизге мениң менен бирге хызмет ететуғын исенимли хызметши болған сүйикли туўысқанымыз Тихик мен туўралы ҳємме хабарды сизлерге билдиреди.
8 Мине, мен усы мақсет пенен оны сизлерге жиберип атырман. Ол ҳал-жағдайымызды билдирип, сизлердиң кеўиллериңизге жубаныш береди.
9 Тихик пенен бирге жерлесиңиз, исенимли ҳєм сүйикли туўысқанымыз болған Онисимди де жиберип атырман. Олар сизлерге бул жерде болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында айтып береди.
10 Мениң менен бирге қамақта отырған жолдасым Аристарх ҳєм Барнабаның аталас иниси Марк сизлерге сєлем айтып атыр. Сизлер Марк ҳаққында нусқаў алған едиңлер: егер ол сизлерге барса, оны қабыл етиңлер.
11 Юстус деп аталатуғын Ешу да сизлерге сєлем айтып атыр. Яҳудийлер ишинен тек усылар ғана мениң менен бирге Кудайдың Патшалығы ушын хызмет етпекте. Олар маған жубаныш болды.
12 Масих Ийсаның хызметшиси болған жерлесиңиз Епафрас сизлерге сєлем айтып атыр. Сизлерди Кудайдың ҳєр бир еркине толық исенсин ҳєм минсиз адамлар болсын деп, ол сизлер ушын бар күши менен үзликсиз дуўа етип атыр.
13 Сизлер ушын ҳєм Лаодикия менен Ераполда болғанлар ушын, оның кѳп мийнет еткенине мен гүўаман.
14 Сүйикли шыпакер Лука менен Димас та сизлерге сєлем айтып атыр.
15 Лаодикиядағы туўысқанларға, Нимфаға ҳєм оның үйиндеги жємєєтке сєлем айтыңлар.
16 Бул хат араңызда оқылғаннан соң, оны Лаодикия жємєєтинде де оқытың. Сизлер де Лаодикиядан келген хатты оқыңлар.
17 Архипке мынаны айтып қойыңлар: «Ийемизден қабыл еткен хызметиңди орынлаўға инталы бол!»
18 Мен, Павел, бул сєлемнаманы ѳз қолым менен жазып атырман. Мениң тутқынлығымды умытпаңлар. Кудайдың мийрими сизлерге яр болсын!