Колосалыларға жазылған хат 2 bob

6 Масих пенен қатнаста болып жасаў. 16 Жалған тәлийматлардан сақ болыңлар! 

1 Мен сизлер ушын, сондай-ақ, Лаодикиядағылар ҳєм мени жүзбе-жүз кѳрмегенлердиң ҳєммеси ушын қаншелли ғайрат салып атырғанымды билиўиңизди қєлеймен.
2 Мениң усы ғайрат салыўымның мақсети – сизлердиң кеўиллериңиз жубаныш таўып, сүйиспеншилик пенен бирлесиўиңизден ибарат. Солай етип, сизлер минсиз түсиниктен пайда болатуғын кємил исеним менен, Кудайдың сыры болған Масихты билип аласызлар.
3 Масихта ақыл-даналықтың пүткил ғєзийнеси жасырылған.
4 Буны мен ҳеш кимниң сизлерди майлы тил менен алдап кетпеўи ушын айтып атырман.
5 Себеби мениң ѳзим араңызда жоқ болсам да, руўхым сизлер менен бирге болып, араңыздағы тєртипти ҳєм Масихқа деген исенимиңиздиң беккемлигин кѳрип, қуўанып атырман.
6 Сонлықтан Масих Ийсаны Ийемиз деп қабыл еткен болсаңыз, Оның менен тығыз қатнаста болып жасаңлар.
7 Онда тамыр жайып ҳєм тикленип, ѳзлериңиз үйренгендей, исенимде беккемленип барыңлар ҳєм Кудайға сансыз шүкирлик билдириңлер.
8 Сақ болыңлар! Масихқа емес, ал адамлардың үрп-єдетлерине ҳєм бул дүньядағы мєниссиз қағыйдаларға тийкарланған философия, бос ҳєм ѳтирик сѳзлер менен ҳеш ким сизлерди олжа етпесин.
9 Ѳйткени қудайлық тєбияттың пүткил толылығы Масихтың денесинде жасайды.
10 Сизлер де ҳєр қандай ҳєкимшилик ҳєм бийликтиң басы Масих пенен қатнаста болып, усы толылыққа еристиңиз.
11 Сизлер Масих пенен қатнаста болып, сүннет етилдиңиз. Бул сүннет адамның қолы менен қылынатуғын сүннет емес, ал Масих тєрепинен исленген сүннет болып, усы арқалы гүнакар тєбиятыңыз кесип тасланады.
12 Суўға шомылдырылғаныңызда Масих пенен бирге кѳмилдиңлер ҳєм Оны ѳлимнен тирилткен Кудайдың күшине исенип, сол ўақытта Оның менен бирге тирилдиңлер.
13 Сизлер гүналарыңыз ҳєм гүнакар тєбиятыңыздың сүннетсизлиги себепли ѳли едиңлер, бирақ Кудай сизлерди Масих пенен бирге тирилтти. Ол барлық гүналарымызды кеширди.
14 Мухаддес Нызам талаплары бойынша бизлерге қарсы айып тағып, ҳүким белгилейтуғын ҳүжетти Кудай ѳширди ҳєм оны атанақ ағашқа шегелеп, жоқ қылды.
15 Ол руўхый ҳєкимлер менен бийлеўшилерди қуралсызландырды. Оларды Масихтың атанақ ағаштағы ѳлими арқалы жеңип, кѳпшиликтиң кѳз алдында масқара етти.
16 Солай етип, жейтуғын ҳєм ишетуғын нєрселерге, байрамға, жаңа айға ямаса дем алыс күнине байланыслы ҳеш ким сизлерди ҳүким етпесин.
17 Булар тек келиўи тийис нєрсениң кѳлеңкеси, ал ҳақыйқатлық болса Масихта.
18 Жалған кишипейилликтен ҳєм периштелерге сыйыныўдан лєззет алатуғын ҳеш ким сизлерди сыйыңыздан айырмасын. Олар тек ѳзлери кѳрген аянларға ғана берилип, ѳз гүнакар тєбиятының ақылы менен себепсиз кѳкирек кѳтереди.
19 Бундайлар исениўшилер жємєєтиниң басы болған Масих пенен байланысты үзген. Єне усы бастан пүткил дене буўын ҳєм сиңирдиң жєрдеми менен күш алып ҳєм бирлесип, Кудайдың қєлеген жолы менен ѳсип барады.
20 -
21 Егер сизлер Масих пенен бирге бул дүньяның мєниссиз қағыйдалары ушын ѳлген болсаңлар, онда неге бул дүньяға тийисли адамлар сыяқлы: «Услама», «Жеме» ҳєм «Кол тийгизбе» деген қағыйдаларға қулақ асасыз?
22 Бундай қағыйдалардың ҳєммеси қолланыў арқалы жоқ болатуғын нєрселерге байланыслы болып, адамлардың буйрық ҳєм тєлийматларына тийкарланған.
23 Аўа, бул қағыйдалар жалған диндарлық, жалған кишипейиллик ҳєм денени қыйнаў бойынша ақыллыдай болып кѳринеди. Бирақ гүнакар тєбияттың қєлеўлерин жүўенлеўде олардың ҳеш қандай пайдасы жоқ.