Филиплилерге жазылған хат 4 bob

1 Ақыл-нәсиятлар. 10 Павелдиң миннетдаршылығы. 21 Соңғы сәлемнама ҳәм тилек. 

1 Сонлықтан ҳєй жүректен сағынып жүрген сүйикли туўысқанларым, қуўанышым ҳєм басымның тажы, Ийемиз бенен қатнасыңыз беккем болсын, қєдирданларым!
2 Еводияға ѳтиниш етемен, Синтихияға да ѳтиниш етемен, Ийемиз бенен қатнаста болған сизлер, аўызбиршиликли болыңлар!
3 Аўа, садық Сизигус саған да жалбарынаман, бул ҳаялларға жєрдем бер. Себеби олар мениң менен, Климент пенен ҳєм басқа хызметшилер менен бирге Хош Хабарды жєриялаў ушын аўыр мийнет етти. Олардың ҳєммесиниң атлары Ѳмир китабында жазылған.
4 Ийемиз бенен қатнаста болып, бєрқулла қуўаныңлар. Тєкирарлап айтаман: қуўаныңлар.
5 Сизлердиң адамгершилигиңиз ҳємме адамларға мєлим болсын. Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын.
6 Ҳеш нєрседен тєшиўиш шекпеңлер. Ал ҳємме нєрсе ушын Кудайға дуўа етип ҳєм жалбарынып, ҳєр бир тилегиңизди Оған шүкирлик пенен билдириңлер.
7 Сонда ҳєр қандай ақыл-ойдан зыят болған Кудайдың тынышлығы Масих Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳєм ой-пикирлериңизди қорғайды.
8 Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, тек нелердиң ҳақыйқый, нелердиң ҳүрметли, нелердиң ҳақ, нелердиң пєк, нелердиң унамлы, нелердиң мақтаўға турарлы, жєне де, нениң жақсы ҳєм нениң алғысқа ылайықлы екенин терең ойлаңлар.
9 Меннен нелерди үйренип, қабыл етип, еситип ҳєм кѳрген болсаңыз, соларды ислеңлер. Сонда тынышлық бериўши Кудайдың Ѳзи сизлер менен бирге болады.
10 Маған енди жєне ғамхорлық кѳрсетип атырғаныңыз ушын, мен Ийемизге алғыс айтып, қатты қуўанаман. Єлбетте, сизлер бурын да маған ғамхорлық қылыўды ойлайтуғын едиңиз, бирақ буған мүмкиншилик жоқ еди.
11 Мен бул сѳзлерди мениң бир мүтєжлигим болғанлықтан айтып атырған жоқпан. Ѳйткени мен ҳєр қандай жағдайда да барыма қанаат етиўге үйренгенмен.
12 Жоқшылықта да, молшылықта да жасаўдың не екенин билемен. Ҳєр қандай аўҳалда да: тоқшылықта ҳєм ашлықта, молшылықта ҳєм мүтєжликте жасаўдың сырын үйрендим.
13 Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳємме нєрсени ислей аламан.
14 Деген менен, сизлер мениң қыйыншылықларымды бѳлисип, жақсы иследиңлер.
15 Ҳєй филиплилер, сизлерге биринши рет Хош Хабарды жєриялап, Македониядан шыққан ўақтымда басқа жємєєтлер емес, ал тек сизлер ғана мениң менен алыс-берис қылғаныңызды ѳзлериңиз де билесизлер.
16 Мен Салоникада болған ўақтымда да сизлер бир неше мєртебе маған мүтєж нєрселеримди жеткиздиңлер.
17 Мен буны сизлерден бир зат алмақшы болып емес, ал сизлердиң есабыңызда руўхый жемис кѳбейсин деп айтып атырман.
18 Менде ҳємме нєрсе бар, ҳєтте, артып та атыр. Епафродит арқалы жиберген нєрселериңизди алғанлығым себепли, ҳеш мүтєжлигим қалмады. Бул нєрселер – хош ийисли түтетки ҳєм Кудай унатып қабыл ететуғын қурбанлық.
19 Мениң Кудайым сизлердиң ҳєр бир мүтєжлигиңизди Масих Ийса арқалы Ѳзиниң салтанатлы байлығы менен қандырады.
20 Єкемиз Кудайға мєңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
21 Масих Ийсаға тийисли болған барлық исениўшилерге сєлем айтыңлар. Жанымдағы туўысқанлар сизлерге сєлем айтып атыр.
22 Барлық исениўшилер, єсиресе Рим патшасы-Кайсардың сарайындағылар сизлерге сєлем айтып атыр.
23 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими руўхыңызға яр болсын!