Елшилерди„„„ң ислери 27 bob

1 Павелдиң Римге қарай жолға шығыўы. 13 Теңиздеги даўыл. 27 Кемениң апатқа ушыраўы. 

1 Италияға кеме менен кетиўге қарар еткенимизде, Павел менен басқа айырым тутқынлар Август әскерий бѳлиминен болған Юлий атлы бир жүзбасыға тапсырылды.
2 Азия үлкесиниң жағаларындағы жағысларға баратуғын Адрамиттиң кемесине минип, бизлер жолға шықтық. Жанымызда Салоникадан келген македониялы Аристарх та бар еди.
3 Ертеңине Сидонға жетип келдик. Юлий Павелге адамгершилик ислеп, оның ѳз мүтәжликлерине жәрдем алыўы ушын, досларына барып келиўине рухсат етти.
4 Ол жерден кеме менен және жолға шықтық. Самал қарсы алдымыздан есип турғанлықтан, Кипр атаўының ық жағы менен жүрдик.
5 Киликия ҳәм Памфилия үлкелериниң қарсы алдындағы теңизден ѳтип, Ликияның Мира қаласына келдик.
6 Жүзбасы сол жерде Италияға баратуғын Искендериядан келген кемени таўып, бизлерди оған мингизди.
7 Кѳп күн бойы әсте-ақырын жүзип, зорға дегенде Книдосқа жетип бардық. Самалға қарсы жүзиў қыйын болғанлықтан, Крит атаўының ық жағы менен Салмон қаласының қасынан ѳттик.
8 Жаға бойлап зордан жүзип, Ласея қаласының қасындағы «Гѳззал жағыс» деген жерге келдик.
9 Бизлер кѳп ўақытты сарп етип алдық. Ҳәтте, яҳудийлердиң ораза күнлери де ѳтип кеткенликтен, енди жүзиў қәўипли еди. Сонлықтан Павел оларға ескертип:
10 – Адамлар! Бул жолымыз тек жүк ҳәм кеме ушын емес, ал жанларымыз ушын да жүдә қәўип-қәтерли болатуғынын кѳрип турман, – деди.
11 Бирақ жүзбасы Павелдиң сѳзлеринен гѳре, кеме айдаўшысы менен кемениң хожайынының сѳзине қулақ асты.
12 Жағыс қыслаўға қолайлы болмағанлықтан, кемедегилердиң кѳбиси жолға шығыўды ҳәм илажы болса Феникске жетип, қысты сол жерде ѳткизиўди шешти. Феникс – қубла-батыс ҳәм арқа-батыс тәреплерге қараған, Критте жайласқан бир жағыс еди.
13 Ќубладан жумсақ самал есе баслағанда, олар ѳз мақсетимизге жеттик деп ойлап, кѳшкини кѳтерди де, Криттиң жағасы менен жүзип кетти.
14 Бирақ кѳп ѳтпей, атаў тәрептен «Арқа-шығыс» деп аталатуғын даўыл бастырып келди.
15 Кеме даўыл тәрепинен искенжеге алынып, самалға қарсы тура алатуғын күшимиз болмағанлықтан, бизлер тәслим болып кете бердик.
16 «Кавда» деп аталатуғын бир киши атаўдың ық жағына жеткенимизде, кемениң қайығын зорға дегенде сақлап үлгердик.
17 Кемешилер қайықты жоқарыға тартып шығарып, кемени арқан менен беккем етип байлап қойды. Ливия жағасының қайыр жерлерине тийиўден қорқып, желқомды түсирди де, ығып кете берди.
18 Даўыл бизлерди қатты қыйнағанлықтан, олар ертеңине кемеден жүк ылақтыра баслады.
19 Үшинши күни кемениң қурал-сайманларын да ѳз қоллары менен теңизге ылақтырды.
20 Кѳп күн бойы қуяш та, жулдызлар да кѳринбеди. Даўыл еле қәҳәрли болғанлықтан, ақырында аман қалыўдан үмитимизди пүткиллей үздик.
21 Адамлар кѳп ўақыттан бери ҳеш нәрсе жемеген еди. Сонда Павел ортаға шығып былай деди: – Адамлар! Маған қулақ асып, Криттен шықпағаныңызда, бундай қәўип-қәтер менен шығынға ушырамаған болар едик.
22 Бирақ енди сизлерди мәрт болыўға шақыраман. Тек кеме ғана апатқа ушырап, араңызда ҳеш бир жан набыт болмайды.
23 Себеби мен тийисли болып, хызмет етип жүрген Ќудайдың бир периштеси ѳткен түни жаныма келип,
24 былай деди: «Ќорқпа Павел! Сен Рим патшасы-Ќайсардың алдына барыўың тийис. Және Ќудай сениң менен сапарлас болғанлардың ҳәммесин саған бағышлады».
25 Сонлықтан, адамлар, мәрт болыңлар! Мен Ќудайға исенемен: маған не айтылса, сол болады.
26 Бизлер бир атаўға ығызылып апарылыўымыз тийис.
27 Даўылдың басланғанына он тѳрт күн болғанда, бизлер Адрия теңизинде ығып жүр едик. Шама менен түнниң ярымында кемешилер қандай да бир қурғақлыққа жақынласқанын шамалады.
28 Сонда олар теңиздиң тереңлигин ѳлшеп, жигирма қулаш екенин билди. Аз-маз ўақыттан соң және ѳлшеп кѳргенде, он бес қулаш екенин кѳрди.
29 Суўдың астындағы жартасқа урылыўымыздан қорқып, олар кемениң арт бетинен тѳрт кѳшки ылақтырды да, таңның тезирек атыўын тилеп, дуўа етти.
30 Кемешилер кемеден қашпақшы болып, алдыңғы тәрептен кѳшки таслаўды сылтаўлады да, қайықты теңизге түсире баслады.
31 Бирақ Павел жүзбасы менен әскерлерге: – Булар кемеде қалмаса, сизлерге аман қалыў жоқ, – деди.
32 Сонда әскерлер қайықтың арқанларын кесип, оны теңизге түсирип жиберди.
33 Таң атайын деп турғанда, Павел ҳәммени аўқат жеўге үгитлеп: – Ҳеш нәрсе жемей аўқатсыз қалып күткениңизге бүгин он тѳрт күн болды.
34 Сонлықтан аўқат жеп алыўыңызды ѳтиниш етемен. Бул аман қалыўыңыз ушын зәрүр. Ҳеш қайсысыңыздың бир тал шашыңыз да набыт болмайды, – деди.
35 Павел усыларды айтып болып нанды алды да, ҳәммениң алдында Ќудайға шүкирлик билдирип, нанды бѳлип жей баслады.
36 Сонда ҳәмме жигерленип, аўқат жеди.
37 Кемеде барлығымыз болып еки жүз жетпис алты жан едик.
38 Аўқатқа тойып болғаннан соң, олар бийдайды теңизге тѳгип, кемени жеңиллетти.
39 Таң атқанда, кемешилер ѳзлери келген жерди танымады. Бирақ жағасы қумлық болған бир қолтықты кѳрип қалып, мүмкин болса, кемени сол жерге апарып тоқтатыўды уйғарды.
40 Кѳшкилердиң арқанларын кесип, теңизге таслады да, рульлерди байлаған арқанларды шешти. Алдыңғы желқомды самал тәрепке кѳтерип, жағаға қарай жүзип кетти.
41 Бирақ кеме бир қумлы сайыз жерге тап болып, тумсығы қумға батты да, қыймылдамай қалды. Ал артқы жағы күшли толқынлар тәрепинен соққыланып, сынып кетти.
42 Тутқынлар жүзип қашып кетеди деп ойлап, әскерлер оларды ѳлтирмекши болды.
43 Бирақ жүзбасы Павелди қутқарғысы келип, әскерлерге бул нийетин иске асырыўға тыйым салды. Соңынан жүзип билетуғынларға биринши болып ѳзлерин теңизге атып, жағаға шығыўларын буйырды.
44 Ал қалғанлары болса, кимиси тахтай, кимиси кемениң сынық бѳлеклеринен услап, олардың излеринен жетип барды. Солай етип, ҳәммеси аман-есен жағаға шықты.