Елшилерди„„„ң ислери 14 bob

1 Иконияда. 8 Листра ҳәм Дербеде. 21 Сирия Антиохиясына қайтыў. 

1 Иконияда Павел менен Барнаба әдеттегидей яҳудийлердиң мәжилисханасына барып, сондай тәсирли ўаз айтқанлықтан, яҳудийлерден де, греклерден де кѳп адам исенди.
2 Бирақ, исенбейтуғын яҳудийлер басқа миллет адамларын туўысқанларға қарсы ѳшегистирип, олардың ақыл-ойын уўлады.
3 Сонлықтан ол жерде узақ ўақыт қалған Павел менен Барнаба Ийемизге сүйенип, Ќудайдың сѳзин батырлық пенен айтып жүрди. Ийемиз олар арқалы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық нәрселерди кѳрсетип, Ѳз мийрими ҳаққында сѳзлерди тастыйықлады.
4 Ќала халқы екиге бѳлинип, гейбиреўлери яҳудийлердиң, гейбиреўлери елшилердиң тәрепине ѳтти.
5 Яҳудийлер менен басқа миллет адамлары ѳз басшылары менен бирликте елшилерге жәбир берип, оларды тас пенен урмақшы болды.
6 Бирақ буны билип қойған Павел менен Барнаба Ликаонияның Листра, Дербе қалаларына ҳәм сол әтирапларға қашып барып,
7 сол жерлерде де Хош Хабарды жәриялаўды даўам етти.
8 Листрада еки аяғы ләң бир адам бар еди. Ол иштен ләң болып туўылып, ҳеш қашан жүрмеген еди.
9 Бул адам Павелдиң сѳзлерин тыңлап отырғанда, Павел оған тигилип қарап, шыпа табатуғынына исеними бар екенин кѳрди де,
10 қатты даўыслап: – Аяқларыңда тик тур, – деди. Сол адам орнынан ушып турды да, жүре баслады.
11 Халық Павелдиң ислеген исин кѳргенде, ликаония тилинде: – Ќудайлар адам пишинине енип, бизлерге келипти, – деп бақырысты.
12 Олар Барнабаны Зевс, Павелди сѳз сѳйлегени ушын Гермес деп атады.
13 Ќаланың сыртында жайласқан Зевс ибадатханасының руўханийи қала дәрўазасына ѳгизлерди ҳәм гүл шеңберлерин алып келди де, халық пенен бирликте елшилерге қурбанлық бермекши болды.
14 Бирақ елшилер – Барнаба менен Павел буны еситкенде кийимлерин жыртып, кѳпшиликтиң арасына ѳзлерин урды да, былай деп бақырды:
15 – Адамлар! Неге бундай ислеп атырсызлар? Бизлер де сизлер сыяқлы адамлармыз-ғо! Сизлердиң бул мәниссиз нәрселерди таслап, аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан тири Ќудайға қайтыўыңыз ушын Хош Хабарды жәриялап атырмыз.
16 Ќудай ѳткен әўладлардың ўақтында барлық миллетлерди ѳз ѳмир жоллары менен жүриўге қалдырды.
17 Соған қарамастан, Ѳзи ҳаққында гүўалық бериўди тоқтатпай, сизлерге жақсылық ислеп келмекте: Ол аспаннан жаўын жаўдырып, жемислерге бай мәўсимлерди береди. Сизлерди азық пенен тойдырып, жүрегиңизди қуўанышқа толтырады.
18 Усы сѳзлер менен, олар ѳзлерине қурбанлық бермеўге халықты зорға дегенде кѳндирди.
19 Бирақ Писидияның Антиохия ҳәм Икония қалаларынан келген айырым яҳудийлер халықты ѳз тәрепине аўдырып, Павелди тас пенен урды. Оны ѳлди деп ойлап, қаланың сыртына сүйреп шығарып таслады.
20 Деген менен, шәкиртлер әтирапына жыйналғанда, Павел ѳзине келип орнынан турды да, қалаға қайтты. Ертеңине ол Барнаба менен бирге Дербеге кетти.
21 Олар Хош Хабарды Дербе қаласында жәриялап, кѳп шәкирт арттырғаннан соң, Писидиядағы Листра, Икония ҳәм Антиохия қалаларына қайтып келди.
22 Жол-жѳнекей шәкиртлердиң жанларына күш-қуўат берип, исенимде беккем турыўды үгит-нәсият етти де: «Ќудайдың Патшалығына кириўимиз ушын, кѳп қыйыншылықлардан ѳтиўимиз тийис», – деди.
23 Павел менен Барнаба ҳәр бир исениўши жәмәәтте ақсақалларды тайынлады. Ораза тутып, дуўа еткеннен соң, оларды ѳзлери бурыннан исенетуғын Ийемиз Ийсаның қолына тапсырды.
24 Соңынан олар Писидия үлкеси арқалы ѳтип, Памфилия үлкесине келди.
25 Пергияда Ќудайдың сѳзин жәриялағаннан соң, Анталияға кетти.
26 Сол жерден кеме менен Антиохияға қайтты. Бул қалада олар ѳзлерине тапсырылған ис ушын ѳзлерин Ќудайдың мийримине бағышлаған еди. Олар сол исти енди орынлады.
27 Ол жерге жеткенде, олар исениўшилер жәмәәтин бир жерге жыйнап, Ќудайдың ѳзлери арқалы нелер ислегенин, басқа миллетлерге исеним қапысын қалай ашқанын билдирди.
28 Олар сол жердеги шәкиртлер менен бирге узақ ўақыт қалды.