Елшилерди„„„ң ислери 17 bob

1 Салоникада. 10 Верияда. 16 Афинада. 

1 Олар Амфиполис ҳәм Аполлониядан ѳтип, Салоникаға келди. Бул жерде яҳудийлердиң бир мәжилисханасы бар еди.
2 Павел ѳз әдети бойынша мәжилисханаға барды. Үш ҳәпте олар менен Мухаддес Жазыўларды талқылады.
3 Масихтың азап шегип, ѳлимнен қайта тирилиўи тийис екенин түсиндирип, дәлиллер келтирди де: – Мен сизлерге жәриялап атырған бул Ийса – Масих, – деди ол.
4 Яҳудийлердиң базылары мақуллап, Павел менен Силаға қосылды. Сондай-ақ, Ќудайға сыйынатуғын греклердиң үлкен топары ҳәм кѳплеген абырайлы ҳаяллар да солай иследи.
5 Бирақ яҳудийлер күншиллик етип, базарда бос жүрген айырым жарамас адамларды жыйнады да, қалада топалаң салды. Павел менен Силаны таўып, оларды халықтың алдына шығарыў ушын, Ясонның үйине топылып кирди.
6 Бирақ оларды таба алмай, Ясон менен басқа гейбир туўысқанларды қала басшыларының алдына сүйреп апарып: – Пүткил дүньяны астан-кестен еткен бул адамлар усы жерге де келипти.
7 Ясон оларды қабыл қылды. Олардың ҳәммеси Ийса деген басқа бир патша бар екенин айтып, Рим патшасы-Ќайсардың пәрманларына қарсы ҳәрекет етип жүр, – деп бақырды.
8 Бул сѳзлерди еситкен халық ҳәм қала басшылары қатты тынышсызланды.
9 Бирақ олар Ясоннан ҳәм басқалардан кепилликке ақша алып, босатып жиберди.
10 Туўысқанлар дәрриў сол түни Павел менен Силаны Верияға жиберди. Олар Верияға келип, яҳудийлердиң мәжилисханасына кирди.
11 Вериядағы яҳудийлер Салоникадағылардан парасатлырақ еди. Олар Ќудайдың сѳзин үлкен қызығыўшылық пенен қабыл етип, Павел менен Силаның айтқан сѳзлериниң дурыс екенин билиў ушын, ҳәр күни Мухаддес Жазыўларды изертлейтуғын еди.
12 Солай етип, яҳудийлердиң кѳбиси ҳәм кѳплеген абырайлы грек ҳаяллары менен ер адамлары исенди.
13 Бирақ Салоникадағы яҳудийлер Павелдиң Верияда да Ќудайдың сѳзин жәриялағанын билгенде, сол жерге де келди ҳәм халықты үгитлеп, қозғалаң салды.
14 Сонда туўысқанлар Павелди дәрҳал теңиз тәрепке жиберди. Ал Сила менен Тимофей Верияда қалды.
15 Павелди шығарып салыўшылар оны Афинаға дейин апарды. Олар Павелден: «Сила менен Тимофей, мүмкин болса, тез маған жетсин», – деген тапсырманы алып, излерине қайтты.
16 Афинада Сила менен Тимофейди күтип жүрген Павел қаланың бутларға толы екенин кѳргенде, қатты қапа болып ашыўланды.
17 Сонлықтан ол мәжилисханадағы яҳудийлер ҳәм Ќудайға сыйынатуғын греклер менен айтысып, ҳәр күни базар майданында ушырасқанлар менен тартысып жүрди.
18 Эпикуршылардың ҳәм стоик ойшылларының гейбиреўлери де оның менен тартыса баслады. Биреўлери: «Мына мылжың не демекши», – десе, айырымлары: «Ол жат қудайлардың хабаршысы болса керек», – деди. Ѳйткени Павел Ийса ҳәм Оның қайта тирилиўи туўралы Хош Хабарды жәриялап жүр еди.
19 Олар Павелди Ареопаг кеңесине алып келип, оған: – Сен жәриялап жүрген бул жаңа тәлийматтың не екенин билиўимизге бола ма?
20 Себеби сен қулағымызға жат нәрселерди айтып атырсаң, булардың не екенин билгимиз келеди, – деди.
21 Пүткил афиналылар ҳәм сол жерде жасайтуғын шет еллилер ўақытларын тек жаңалықлар айтыў ҳәм тыңлаў менен ѳткизетуғын еди.
22 Павел Ареопаг кеңесиниң ортасында турып, былай деди: – Ҳәй, афиналылар! Сизлердиң ҳәр тәреплеме жүдә диншил екениңизди кѳрип турман.
23 Мен айланып жүрип, сизлер табынатуғын орынларды кѳзден кеширгенимде, «Бийтаныс қудайға» деген жазыўы бар, бир қурбанлық шалынатуғын орынды да кѳрдим. Енди ѳзлериңиз билмей сыйынып жүрген усы Ќудай ҳаққында сизлерге жәриялайжақпан.
24 Дүньяны ҳәм оның ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан Ќудай аспан ҳәм жердиң Ийеси болғанлықтан, адамның қолы менен салынған ибадатханаларда жасамайды.
25 Ол бир нәрсеге мүтәждей, Оған адамның қоллары менен хызмет етип болмайды. Ѳйткени ҳәмме адамларға ѳмир, дем ҳәм барлықты Оның Ѳзи береди.
26 Ќудай ҳәмме миллетлерди бир адамнан жаратып, оларды пүткил жер жүзине орналастырды. Олардың жасайтуғын дәўирлери менен мәканларының шегараларын алдын ала белгилеп берген.
27 Буны Ќудай Ѳзин излесин ҳәм қармаланып болса да тапсын, деп иследи. Деген менен, Ол ҳеш биримизден алыс емес.
28 Себеби сизлердиң шайырларыңыздың гейбиреўлери: «Бизлер Оның урпағымыз», – деп айтқанындай, бизлер Ол арқалы жасаймыз, ҳәрекет етемиз ҳәм бармыз.
29 Бизлер енди Ќудайдың урпағы болғанымыз себепли, Ќудай адамның ѳнери ҳәм ақыл-ойы менен дѳретилген алтын, гүмис ямаса тас мүсинге уқсас деп ойламаңлар.
30 Ѳткен наданлық дәўирлерде Ќудай дыққат аўдармаған болса да, енди ҳәр бир жерде ҳәр бир адамның тәўбе етиўин буйырмақта.
31 Ѳйткени Ол бул дүньяны Ѳзи таңлаған Адамы арқалы әдиллик пенен ҳүким ететуғын күнди белгилеп қойыпты. Буны сол Адамды ѳлимнен қайта тирилтип, ҳәр бир адамға дәлилледи.
32 Ѳлимнен қайта тирилиў ҳаққында еситкенде, кимиси мазақ етип күлди, кимиси: «Бул ҳаққында сени басқа сапар тыңлағымыз келеди», – деди.
33 Соңынан Павел олардың арасынан шығып кетти.
34 Ал гейбир адамлар оған қосылып, исенди. Олардың арасында Ареопаг кеңесиниң ағзасы болған Дионисий, Дамарис атлы бир ҳаял ҳәм және басқалар бар еди.