Елшилерди„„„ң ислери 20 bob

1 Павел Македония менен Грецияда. 7 Павелдиң Евтихты тирилтиўи. 13 Троастан Милитке сапар. 17 Павелдиң ефесли ақсақаллар менен хошласқанда сөйлеген сөзи. 

1 Ефестеги топалаң басылғаннан кейин, Павел шәкиртлерди шақыртып жигерлендирди. Соңынан олар менен хошласып, Македонияға кетиў ушын жолға шықты.
2 Ол жол-жѳнекей үлкелерди аралағанда, исениўшилерди кѳп сѳзлер менен жигерлендирип, Грецияға келди.
3 Ол жерде үш ай қалды. Кеме менен Сирияға кетпекши болғанда, яҳудийлер ѳзине қарсы тил бириктиргенликтен, Македония арқалы изине қайтыўға қарар етти.
4 Пир улы вериялы Сопатер, салоникалылардан Аристарх пенен Секундус, дербели Гаюс ҳәм Тимофей, Азия үлкесинен Тихик пенен Трофим оның менен бирге кетти.
5 Булар бурын кетип, бизлерди Троас қаласында күтип турды.
6 Ал бизлер Ашытқысыз нан байрамынан соң, Филиптен кеме менен жолға шығып, бес күнде оларға, Троасқа жетип келдик. Ол жерде жети күн болдық.
7 Ҳәптениң биринши күни нан сындырыў ушын бир жерге жыйналғанымызда, Павел исениўшилерге сѳз сѳйледи. Ертеңине кететуғын болғанлықтан, оның ўазы ярым ақшамға дейин созылды.
8 Бизлер жыйналған жоқарғы қабаттағы бѳлмеде кѳп шыралар жанып турған еди.
9 Евтих атлы бир жас жигит әйнекке минип отыр еди. Павелдиң сѳзи созылып кеткенликтен, Евтихты уйқы басты. Ол уйықлап кетип, үшинши қабаттан қулап түсти. Оны жерден кѳтерип алғанда, ол ѳлип қалған еди.
10 Павел тѳменге түсип, жигиттиң үстине еңкейди де, оның еңсесинен кѳтерип: «Уўайымламай-ақ қойың, оның жаны бар!» – деди.
11 Соңынан жоқарыға кѳтерилип, нан сындырып жеди. Олар менен таң атқанша кѳп сѳйлескеннен соң, жолға шықты.
12 Жигитти үйине тири апарып, исениўшилер үлкен жубаныш алды.
13 Бизлер бурынырақ кеме менен кетип, Асос қаласына бардық. Ол жерден Павелди мингизип алыўымыз керек еди. Ѳйткени оның ѳзи пияда жүргиси келгенликтен, бизлерге усылай тапсырған еди.
14 Павел менен Асоста ушырасып, оны кемеге мингиздик те, Митилина қаласына бардық.
15 Ол жерден кеме менен жолға шығып, ертеңине Хиос атаўының қарсысына келдик. Бир күннен соң Самос атаўына, оның ертеңине Милит қаласына бардық.
16 Азия үлкесинде ўақытты босқа жибермеў ушын, Павел Ефеске бармай ѳтиўди уйғарды. Егер мүмкин болса, ол Елиўинши күни байрамында Ерусалимде болыўға асықпақта еди.
17 Павел Милиттен Ефеске адам жиберип, исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын жанына шақыртты.
18 Олар жанына келгенде, Павел былай деди: – Азия үлкесине қәдем басқан дәслепки күнимнен баслап, сизлер менен бирге болған ўақтымның ҳәммесинде қалай жасағанымды билесизлер.
19 Яҳудийлердиң қастыяншылықлары себепли басымнан ѳткен қыйыншылықларға қарамастан, Ийемизге толық кишипейиллик пенен, сизлер ушын кѳз жасларымды тѳгип хызмет еттим.
20 Және де, пайдалы болған ҳәр қандай нәрсени қалдырмай, сизлерге халық алдында ҳәм үйлерде тәлим бериўди тоқтатпадым.
21 Яҳудийлерге де, греклерге де тәўбе етип Ќудайға қайтыўды ҳәм Ийемиз Ийсаға исениўди жәрияладым.
22 Ал енди болса, Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен Ерусалимге баратырман. Ол жерде маған не болатуғынын билмеймен.
23 Бирақ Мухаддес Руўх мени қамақ ҳәм қыйыншылықлар күтип турғанын маған ҳәр бир қалада билдирип атыр.
24 Буған қарамастан, мен ѳз жанымды аямайман. Тек ѳз бәйгимди басып ѳтип, Ќудайдың мийриминиң Хош Хабары туўралы гүўалық бериўди, яғный Ийемиз Ийсаның маған тапсырған исин жуўмақласам болғаны.
25 Мен араңызда жүрип, Ќудайдың Патшалығы ҳаққында жәрияладым. Енди болса, сизлердиң ҳеш қайсысыңыздың мениң жүзимди қайтып кѳрмейтуғынын билемен.
26 Сонлықтан бүгин сизлерге мынаны ашық айтаман, ким де ким араңызда қутқарылмаса, мен ол ушын жуўапкер емеспен.
27 Себеби сизлерге Ќудайдың пүткил еркин толық жәрияладым.
28 Ѳзлериңизге ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди бағыўшы қылып қойған пүткил сүриўге кѳз-қулақ болыңлар! Ќудайдың Ѳз Улының қаны менен сатып алған исениўшилер жәмәәтин бағыңлар!
29 Мен кеткеннен соң, сүриўди аямайтуғын жыртқыш қасқырлардың араңызға киретуғынын билемен.
30 Ҳәтте, араңыздан шәкиртлерди жолдан азғырып, ѳзлериниң излерине ертиў ушын, ҳақыйқатты бурмалаўшы адамлар шығады.
31 Сонлықтан сергек болыңлар! Үш жыл бойы, күн-түн демей кѳз жасларымды тѳгип, ҳәр бириңизге үзликсиз ақыл-нәсият бергенимди еслериңизде сақлаңлар!
32 Енди мен сизлерди Ќудайға ҳәм Оның мийримин билдиретуғын сѳзге тапсыраман. Бул сѳз сизлерди беккемлеп, Ќудайдың мухаддес болған пүткил адамлары менен бирге сизлерге де мийрас бериўге қүдирети жетеди.
33 Мен ҳеш кимниң гүмисин, алтынын ямаса кийимин күсемедим.
34 Ѳзимниң ҳәм мениң менен бирге болғанлардың мүтәжликлери ушын усы қолларым менен мийнет еткенимди билесизлер.
35 Ийемиз Ийсаның: «Алған адамнан гѳре, берген адам бахытлырақ», – деген сѳзин умытпай, усылай мийнет етип, ҳәлсизлерге жәрдем бериў кереклигин сизлерге ислеген ҳәр бир исимде кѳрсеттим.
36 Павел усы сѳзлерди айтып болғаннан соң, олардың ҳәммеси менен бирге дизе бүгип, дуўа етти.
37 Олардың ҳәммеси қатты жыласты ҳәм Павелдиң мойнынан қушақлап, оны сүйди.
38 Єсиресе оларды қатты қапа қылған, Павелдиң: «Мениң жүзимди қайтып кѳрмейсиз», – деген сѳзлери болды. Соңынан оны кемеге дейин шығарып салды.