Елшилерди„„„ң ислери 22 bob

22 Рим пуқарасы Павел. 30 Павел жоқарғы кеңес алдында.

1 – Туўысқанларым ҳәм ағаларым! Енди сизлерге айтажақ, ѳзимди ақлаўшы сѳзлеримди тыңлаңлар!
2 Павелдиң ѳзлерине еврейше сѳйлегенин еситкенде, олар бурынғыдан бетер тым-тырыс болды. Павел былай деп даўам етти:
3 – Мен яҳудиймен. Киликияның Тарсус қаласында туўылып, усы Ерусалим қаласында ѳстим. Гамалиелдиң қолы астында ата-бабаларымыздың нызамы бойынша муқыятлы түрде тәрбияландым. Ҳәзир сизлердиң ҳәммеңиз сыяқлы, мен де Ќудайға инталы хызмет еттим.
4 Ийсаның жолы менен жүриўшилерди ѳлгенше қуўдалап, еркек пе, ҳаял ма деместен, оларды байлап қамаққа салдым.
5 Бас руўханий менен барлық ақсақаллар кеңеси де сѳзлеримди тастыйықлай алады. Мен олардан Дамасктағы яҳудийлерге жазылған хат алып, жолға шыққан едим. Мениң мақсетим Ийсаға исенетуғын сол жердеги адамларды да байлап, жазалаў ушын Ерусалимге әкелиў еди.
6 Мен жолға шығып, Дамаскқа жақынлағанымда, түслер шамасында тосаттан аспаннан түскен бир жарық нур әтирапымды жарқыратып жиберди.
7 Мен жерге жығылдым ҳәм бир даўыстың маған: «Саул, Саул! Сен неге Мени қуўдалап атырсаң?» – дегенин еситтим.
8 «Сен кимсең, Ийем?» – деп сорадым мен. Ол маған: «Мен – сен қуўдалап атырған Насыралы Ийсаман» – деди.
9 Мениң жанымдағылар нурды кѳрсе де, мениң менен Сѳйлескенниң сѳзлерин түсинбеди.
10 «Ийем, не ислеўим керек?» – деп сорадым мен. Ийемиз маған: «Орныңнан турып, Дамаскқа бар. Саған бекитилген ислердиң ҳәммеси сол жерде айтылады», – деди.
11 Жаңағы нурдың салтанатлы жақтысынан кѳзлерим кѳрмей қалғанлықтан, жанымдағылар қолымнан услап, мени Дамаскқа жетеклеп апарды.
12 Сол жерде Ханания атлы бир диншил адам бар еди. Ханания сол жердеги барлық яҳудийлер арасында жақсы аты шыққан адам болып, Мухаддес Нызам бойынша жасайтуғын еди.
13 Ол жаныма келип турды да: «Туўысқаным, Саул! Кѳзлериң кѳрип кетсин!» – деди. Мениң сол ўақытта-ақ кѳзлерим ашылып, оны кѳрдим.
14 Ханания былай деди: «Ата-бабаларымыздың Ќудайы Ѳзиниң еркин билиўиң ушын ҳәм ҳақ Адамды кѳрип, Оның аўзынан шыққан сести еситиўиң ушын, сени таңлады.
15 Себеби сен кѳргенлериңди ҳәм еситкенлериңди барлық адамларға жәриялап, Оның гүўасы боласаң.
16 Енди нени күтип отырсаң? Орныңнан турып, суўға шомылдырыл ҳәм Оның атын айтып шақырып, гүналарыңнан тазалан!»
17 Мен Ерусалимге қайтып келип, Ибадатханада дуўа етип отырғанымда, айрықша жағдайға түсип, Ийемизди кѳрдим.
18 Ол маған: «Тезирек Ерусалимнен кет! Ѳйткени бул жердеги адамлар сениң Мен туўралы берген гүўалығыңды қабыл етпейди», – деди.
19 Мен Оған былай дедим: «Ийем! Олар мениң мәжилисханама-мәжилисхана жүрип, Саған исенетуғынларды қамап, сабағанымды биледи.
20 Және де, Сениң гүўаң Степанның қаны тѳгилгенде, мен де сол жерде едим. Мен оны ѳлтиргенлердиң кийимлерин қараўыллап, олардың исин мақуллап турдым».
21 Ийемиз маған: «Бар! Мен сени узаққа, басқа миллетлерге жиберемен», – деди.
22 Адамлар Павелди усы сѳзлерине дейин тыңлады. Бирақ соңғы сѳзлерди еситкенде: – Бундай адамды жер бетинен қуртыў керек, ол жасаўға ылайықлы емес! – деп даўысларының барынша бақыра баслады.
23 Олар усылай бақырысып, ашыў менен кийимлерин ылақтырып, аспанға шаң-тозаң кѳтерип турғанда,
24 мыңбасы Павелди әскерий бѳлимниң ишине апарыўды буйырды. Халықтың Павелге қарсы не ушын усылай бақырып атырғанын билиў ушын, оны қамшылап, тергеўди тапсырды.
25 Ќолларын керип, қайыс пенен байлап атырғанда, Павел сол жерде турған жүзбасыға: – Рим пуқарасын ҳүким етпей турып қамшылаў нызамға туўры келе ме? – деди.
26 Жүзбасы буны еситкенде, мыңбасыға барып хабар берди де: – Не ислейин деп атырсызлар? Бул адам – Рим пуқарасы екен-ғо, – деди.
27 Сонда мыңбасы Павелдиң жанына келип: – Маған айтшы, сен Рим пуқарасымысаң? – деп сорады. – Аўа, – деди Павел.
28 – Мен бул пуқаралыққа кѳп ақша менен еристим, – деди мыңбасы. – Ал мен Рим пуқарасы болып туўылдым, – деди Павел.
29 Сонда Павелди тергемекши болғанлар дәрҳал жанынан шегинди. Павелди байлатқан мыңбасы да оның Рим пуқарасы екенин билгенде қорқып кетти.
30 Ертеңине мыңбасы яҳудийлердиң Павелди не ушын айыплап атырғанын анық билмекши болғанлықтан, оны кисенлерден босатты да, бас руўханийлер менен пүткил жоқарғы кеңестиң жыйналыўын буйырды. Соңынан Павелди алып келип, олардың алдында турғызып қойды.