Елшилерди„„„ң ислери 13 bob

1 Барнаба менен Саулдың хызметке жиберилиўи. 4 Кипр атаўында. 13 Писидияның Антиохия қаласында. 

1 Антиохиядағы исениўшилер жәмәәтинде пайғамбарлар ҳәм муғаллимлер бар еди. Олар: Барнаба, Негр деп аталатуғын Симон, киренели Лукий, үлке патшасы Ҳирод пенен бирге тәрбияланған Манаим ҳәм Саул.
2 Олар Ийемизге сыйынып, ораза тутып отырғанда, Мухаддес Руўх былай деди: «Мен шақырған ис ушын, Маған Барнаба менен Саулды ажыратып бериңлер».
3 Солай етип, олар ораза тутып, дуўа еткеннен соң, Барнаба менен Саулдың үстине қолларын қойды ҳәм оларды жолға шығарып салды.
4 Мухаддес Руўх тәрепинен жиберилген Барнаба менен Саул Селевкияға барып, сол жерден кеме менен Кипрға жүзип ѳтти.
5 Олар атаўдағы Саламис деген қалаға келип, яҳудийлердиң мәжилисханаларында Ќудайдың сѳзин жәриялады. Марк деп аталатуғын Юхан да олар менен бирге болып, оларға хызмет етип жүрди.
6 Олар пүткил атаўды бастан-аяқ басып ѳтип, Папосқа келди. Сол жерде Барешу атлы сыйқыршы ҳәм жалған пайғамбар болған бир яҳудийди ушыратты.
7 Ол ҳәким Сергий Павелдиң кеңесгѳйи болып, оның менен бирге жүретуғын еди. Ҳәким ақыллы адам болғанлықтан, Барнаба менен Саулды шақыртып, Ќудайдың сѳзин тыңламақшы болды.
8 Бирақ, грек тилинде аты Елимас болған жаңағы сыйқыршы оларға қарсылық кѳрсетип, ҳәкимниң исениўине тосқынлық етиўге тырысты.
9 Сонда Мухаддес Руўхқа толған Саул, яғный Павел кѳзлерин Елимасқа тигип:
10 – Ҳәй, кеўли ҳәр қыйлы ҳийле менен жалғанға толы шайтанның баласы! Сен ҳәр қандай ҳақыйқатлықтың душпанысаң! Ийемиздиң туўры жолларын бурмалаўды қоясаң ба, жоқ па?
11 Мине, енди Ийемиз саған қарсы қолын кѳтерди. Сен соқыр болып қалып, бир қанша ўақыт қуяш жақтысын кѳре алмайтуғын боласаң, – деди. Сол ўақытта-ақ оның кѳзлерин қараңғы түнек қаплады ҳәм ол қолынан услап ѳзин жетелейтуғын адамды излеп, әтирапын сыйпалай баслады.
12 Ҳәким болған ўақыяны кѳрип, исенди. Ѳйткени Ийемиз туўралы тәлийматқа ҳайран қалған еди.
13 Павел менен оның жолдаслары Папостан кемеге минип, Памфилияның Пергия қаласына келди. Ал Юхан оларды қалдырып, Ерусалимге қайтып кетти.
14 Олар Пергиядан жолын даўам етип, Писидияның Антиохия қаласына барды. Дем алыс күни мәжилисханаға кирип отырды.
15 Мухаддес Нызам ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларынан оқылғаннан соң, мәжилисхананың басшылары оларға: «Туўысқанлар, халыққа айтатуғын нәсият сѳзлериңиз болса, мәрҳәмат, айтыңлар», – деп хабар жиберди.
16 Павел орнынан турды да, қолы менен ишарат етип былай деди: – Ҳәй, израиллылар ҳәм Ќудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары, тыңлаңлар!
17 Бул Израил халқының Ќудайы бизиң ата-бабаларымызды таңлап, олар Мысыр елинде жат болып жасағанда, оларды үлкен халық қылды. Соңынан Ѳзиниң қүдиретли қолы менен оларды сол жерден алып шықты.
18 Шѳлде шама менен қырық жыл олардың қыңырлығына шыдады.
19 Канан жеринде жети миллетти жоқ қылып, олардың жерин Ѳз халқына мийрас етип берди.
20 Булардың ҳәммеси тѳрт жүз елиў жылдай даўам етти. Соңынан Ќудай Самуел пайғамбардың заманына дейин оларға бийлерди берди.
21 Буннан кейин халық патша сорағанда, Ќудай оларға Бенамин урыўынан болған Кистиң улы Саулды берди. Саул қырық жыл патшалық етти.
22 Ќудай оны тахттан түсиргеннен соң, олардың үстилеринен Даўытты патша етип қойды. Ќудай ол туўралы мынадай гүўалық берди: «Мен кеўлимдегидей бир адамды, Ишай улы Даўытты таптым. Ол Мениң ҳәр бир тилегимди орынлайды».
23 Ќудай Ѳз ўәдеси бойынша оның урпағынан Израилдың Ќутқарыўшысы Ийсаны шығарды.
24 Ийса келместен бурын Яқыя пүткил Израил халқына тәўбе етип суўға шомылдырылыўды жәриялады.
25 Яқыя хызметин тамамлаўға шамаласқанда былай деген еди: «Мени ким деп ойлайсызлар? Мен Масих емеспен. Бирақ Ол меннен кейин келеди. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен».
26 Туўысқанларым, Ибрайымның урпақлары ҳәм Ќудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары! Бул қутқарылыў сѳзлери бизлерге жиберилген.
27 Ерусалимде жасайтуғынлар ҳәм олардың басшылары Ийсаның ким екенин билмеди ҳәм ҳәр дем алыс күни оқылатуғын пайғамбарлардың Ол туўралы жазған сѳзлерин түсинбеди. Сонлықтан олар Ийсаны ҳүким етип, пайғамбарлардың сѳзлерин әмелге асырды.
28 Оннан ѳлим жазасына ылайықлы ҳеш қандай айып таба алмаса да, Пилаттан Оны ѳлтириўди сорады.
29 Ол ҳаққында жазылғанлардың ҳәммесин орынлағаннан соң, олар Оны атанақ ағаштан түсирип, қәбирге қойды.
30 Бирақ, Ќудай Оны ѳлимнен тирилтти.
31 Ийса Ѳзи менен Галиладан Ерусалимге келгенлерге кѳп күнлер даўамында кѳринип жүрди. Енди бул адамлар халық алдында Оның гүўалары болды.
32 Бизлер де сизлерге Ќудайдың ата-бабаларымызға ўәде еткен Хош Хабарын жәриялап атырмыз.
33 Ол Ийсаны тирилтиўи арқалы олардың урпақлары болған бизлер ушын сол ўәдени әмелге асырды. Забурдың екинши жырында былай деп жазылған: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Єке болдым».
34 Ийсаны ҳеш қашан ширитпей, ѳлимнен қайта тирилтетуғыны ҳаққында Ќудай былай деген: «Мен сизлерге Даўытқа ўәде еткен мухаддес ҳәм ҳақыйқый жарылқаўымды беремен».
35 Сонлықтан басқа бир жерде былай делинген: «Ѳз Мухаддесиңниң шириўине жол қоймайсаң».
36 Даўыт ѳз заманында Ќудайдың ерки бойынша хызмет еткеннен соң кѳз жумып, ѳз ата-бабаларының қасына қойылды ҳәм денеси ширип кетти.
37 Бирақ, Ќудай тирилткен Адамның денеси ширимеди.
38 Солай етип, туўысқанларым, мынаны билип алыңлар: гүналарыңыздың усы Ийса арқалы кеширилетуғыны сизлерге жәрияланып атыр.
39 Муўсаның Нызамы менен сизлер ҳеш бир гүнадан ақлана алмас едиңиз. Бирақ Ийсаға исенген ҳәр бир адам Ол арқалы ақланады.
40 Енди абайлы болыңлар! Пайғамбарлардың айтқан мына сѳзлери басыңызға түспесин:
41 «Ќараңлар, ҳәй, мазақ етиўшилер, Таң қалысып, набыт болыңлар! Себеби Мен сизлер жасаған күнлерде бир ис ислеймен, Оны биреў сизлерге айтып берсе де, исенбес едиңлер».
42 Павел менен Барнаба мәжилисханадан шығып баратырғанда, адамлар олардан келеси дем алыс күни де усылар ҳаққында айтыўын ѳтиниш етти.
43 Мәжилисханадағы халық тарқағанда, яҳудийлер ҳәм яҳудий динине ѳткен Ќудайға сыйынатуғынлардың кѳбиси Павел менен Барнабаға ерип жүрди. Павел менен Барнаба олар менен сѳйлесип, Ќудайдың мийримине сүйенип жасаўды үгит-нәсият етти.
44 Келеси дем алыс күни қала халқының дерлик ҳәммеси Ќудайдың сѳзин тыңлаў ушын жыйналды.
45 Бирақ яҳудийлер сонша халықты кѳрип, қызғанышқа толды. Павелдиң сѳзлерине қарсы шығып, оны мазақ етти.
46 Сонда Павел менен Барнаба батырлық пенен жуўап қайтарып былай деди: – Ќудайдың сѳзин дәслеп сизлерге жәриялаўымыз керек еди. Сизлер оны қабыл алмағанлықтан ҳәм ѳзлериңизди мәңгилик ѳмирге ылайықлы кѳрмегенликтен, бизлер енди басқа миллетлерге кетемиз.
47 Ѳйткени Ийемиз бизлерге былай деп буйырған еди: «Дүньяның ҳәмме жерине қутқарылыў әкелиўиң ушын, Сени басқа миллетлер ушын нур етип қойдым».
48 Басқа миллет адамлары буны еситкенде қуўанып кетип, Ийемиздиң сѳзин алғыслады. Мәңгилик ѳмир ушын таңланғанлардың ҳәммеси исенди.
49 Солай етип, Ийемиздиң сѳзи пүткил үлке бойлап жайылды.
50 Бирақ яҳудийлер Ќудайға сыйынатуғын ҳүрметли ҳаялларды ҳәм қала басшыларын үгитлеп, Павел менен Барнабаға қарсы қойды ҳәм оларды қуўдалатып, үлкеден қуўдырып жиберди.
51 Сонда Павел менен Барнаба оларға қарсы ескертиў ретинде аяқларының шаңын қағып, Иконияға кетти.
52 Ал шәкиртлер қуўанышқа ҳәм Мухаддес Руўхқа толып-таса берди.