Елшилерди„„„ң ислери 28 bob

1 Мальтада. 11 Павелдиң Римге жетип барыўы. 17 Павелдиң Римде ўаз айтыўы. 

1 Аман қалғанымыздан соң, атаўдың атының Мальта екенин билдик.
2 Жергиликли адамлар бизлерге әдеттен тыс адамгершилик кѳрсетти. Жаўын жаўып, күн суўық болғанлықтан, олар от жағып, ҳәммемизди жақсы қабыл етти.
3 Павел бир қушақ отын жыйнап, оттың үстине салды. Сонда оттың ыссысынан қашқан бир уўлы жылан оның қолына жабысты.
4 Жергиликли адамлар Павелдиң қолына жыланның асылып турғанын кѳрип, бир-бирине: – Бул адам, сѳзсиз, адам ѳлтирген қанхор екен. Теңизден аман қалған болса да, әдиллик қудайы оның тири қалыўына жол қоймады, – дести.
5 Бирақ Павел қолын силкип, жыланды оттың ишине ылақтырып жиберди ҳәм ҳеш қандай зыян кѳрмеди.
6 Олар Павелдиң денесиниң исип кетиўин ямаса бирден ѳлип қалып, жерге жығылыўын күтип тур еди. Бирақ узақ ўақыт күтип, оған ҳеш қандай зыян келмегенин кѳргенде, пикирлерин ѳзгертип: «Ол бир қудай», – дести.
7 Бизлер турған жердиң жақынында атаўдың басшысы болған Публий атлы адамның жер-мүлки бар еди. Ол бизлерди үйине қабыл етип, үш күн мийман қылды.
8 Сол ўақытта Публийдиң әкесиниң ыссылығы кѳтерилип, иши ѳтип аўырып жатырған еди. Павел оның жанына барып дуўа етти де, қолларын оның үстине қойып, шыпа берди.
9 Усы ўақыядан соң, атаўдағы басқа аўырыў адамлар да келип, шыпа табатуғын еди.
10 Олар бизлерге кѳп ҳүрмет кѳрсетти ҳәм жолға шығып баратырғанымызда керекли нәрселерди кемеге жүкледи.
11 Үш айдан соң, сол атаўда қыслап қалған «Егиз қудайлар» деп аталатуғын Искендериядан келген бир кеме менен жолға шықтық.
12 Сиракуз қаласына барып, үш күн қалдық.
13 Ол жерден жолымызды даўам етип, Региумға келдик. Ертеңине қубладан есе баслаған самалдың жәрдеми менен еки күнде Путеолийге бардық.
14 Ол жерден туўысқанларымызды таптық. Олардың ѳтиниши бойынша, бизлер олар менен бирге бир ҳәпте қалдық. Ақырында бизлер Римге келдик.
15 Хабарымызды еситкен Римдеги туўысқанларымыз бизлерди күтип алыў ушын Аппий майданы ҳәм «Үш мийманхана» ға дейин келди. Павел оларды кѳргенде Ќудайға шүкирлик етип, жигерленип қалды.
16 Римге келгенимизде, Павелге ѳзин қараўыллайтуғын әскер менен ѳз алдына жасаўға рухсат етилди.
17 Үш күннен соң, Павел Римдеги яҳудий жетекшилерин бирге жыйналыўға шақырды. Олар жыйналғанда, Павел былай деди: – Туўысқанларым! Мен халқымызға ямаса ата-бабаларымыздың үрп-әдетлерине қарсы ҳеш нәрсе ислемесем де Ерусалимде тутқын болып, римлилердиң қолына тапсырылдым.
18 Олар мени тергеп болғаннан соң, босатып жибермекши болды. Ѳйткени маған ѳлим жазасын беретуғындай ҳеш қандай тийкар жоқ еди.
19 Бирақ, яҳудийлер буған қарсы шыққанлықтан, мен Рим патшасы-Ќайсардың ҳүкимин талап етиўге мәжбүр болдым. Деген менен, буны мен ѳз халқымды айыпламақшы болып ислемедим.
20 Сонлықтан сизлерди бул жерге усылар ҳаққында сѳйлесип, ушырасыўға шақырдым. Себеби мен Израилдың үмити ушын мына шынжырлар менен байланғанман.
21 Олар Павелге: – Сен туўралы Яҳудиядан хат алмадық, ол жерден келген ѳзимиздиң адамлардың ҳеш бири сен туўралы жаман хабар да әкелмеди ямаса жаман нәрсе де айтпады.
22 Бирақ бизлер сениң пикириңди ѳзиңнен еситиўди қәлеймиз. Ѳйткени ҳәмме жерде сен тийисли болған бул топарға қарсы шығып атырғанын билемиз, – деди.
23 Олар Павел менен бир күнди белгилеп, сол күни кѳп адамлар менен бирге ол болып атырған жерге келди. Павел азаннан кешке дейин оларға Ќудайдың Патшалығы туўралы гүўалық берип, түсиндирди. Муўсаның Нызамына ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларына тийкарланып, оларды Ийса ҳаққында айтылғанларға исендириўге ҳәрекет етти.
24 Айырымлары Павелдиң сѳзлерине исенди, ал базылары исенбей қалды.
25 Ѳз ара бир келисимге келе алмай, Павел мына соңғы сѳзлерин айтып турғанда олар кете баслады: – Мухаддес Руўх Ийшая пайғамбар арқалы ата-бабаларыңызға былай сѳйлеп, дурыс айтқан:
26 «Бул халыққа барып, мыналарды айт: Тыңлап еситесизлер, бирақ ҳеш түсинбейсизлер, Ќарайсызлар, бирақ ҳеш кѳрмейсизлер.
27 Себеби бул халықтың кеўли қайсар болып, қулақлары питип қалған, олар кѳзлерин де жумып алған. Олай болмағанда, олардың кѳзлери кѳрер еди, қулақлары еситер еди, кеўиллери түсинер еди. Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим».
28 Мынаны билип қойыңлар: Ќудай Ѳзиниң бул қутқарылыўын басқа миллетлерге берди. Олар буны қабыл алады.
29 -
30 Павел кирейге алған жайында толық еки жыл болып, ѳзин кѳриўге келгенлердиң ҳәммесин қабыл етти.
31 Ол батыллық пенен, ҳеш бир тосқынлықсыз Ќудайдың Патшалығы туўралы жәриялап, Ийемиз Ийса Масих ҳаққында тәлим берди.