Елшилерди„„„ң ислери 24 bob

1 Павел ҳәким Феликс алдында. 24 Павелдиң Кесарияда тутқын болыўы. 

1 Арадан бес күн ѳткеннен соң, бас руўханий Ханания айырым ақсақаллар ҳәм Тертулус атлы нызам қәнийгеси болған бир шешен менен Кесарияға келип, ҳәкимге Павелдиң үстинен шағым жасады.
2 Павел шақырылғанда, Тертулус оны айыплай баслады: – Уллы мәртебели Феликс! Сизиң арқаңызда узақ ўақытлардан бери тынышлықта жасап атырмыз. Сизиң келешекти кѳре билетуғыныңыз арқалы бул миллеттиң абаданшылығы раўажланып бармақта.
3 Бизлер буны ҳәмме ўақытта, ҳәмме жерде үлкен миннетдаршылық пенен мойынлаймыз.
4 Бирақ сизиң ўақтыңызды алмаў ушын, бизлердиң айтажақ бир аўыз сѳзимизди дыққат пенен тыңлаўыңызды ѳтиниш етемен.
5 Бизлер бул адамды обадай қәўипли, дүнья жүзиндеги пүткил яҳудийлер арасында қозғалаң кѳтериўши ҳәм «Насыралылар» деген азғын топардың жетекшилериниң бири деп таптық.
6 Ҳәтте, ол Ибадатханамызды да ҳарамламақшы болғанда, бизлер оны қолға алдық .
7 Сиз де оны тергегениңизде,
8 бизлердиң оны не ушын айыплап атырғанымыздың ҳәммесин ѳзинен билип аласыз.
9 Яҳудийлер де Павелди айыплап, айтылғанлардың дурыс екенин мақуллады.
10 Ҳәким Павелдиң сѳйлеўи ушын ишарат еткенде, Павел былай деп жуўап берди: – Сизиң кѳп жыллардан бери бул миллетке қазылық етип киятырғаныңызды билип, ѳзимди сизиң алдыңызда ақлайтуғыныма қуўанышлыман.
11 Мениң Ерусалимге сыйыныў ушын келгениме он еки күннен кѳп болмағанын ѳзиңиз билип алыўыңызға болады.
12 Олар мениң я Ибадатханада, я мәжилисханаларда, я қаланың басқа бир жеринде биреў менен тартысып турғанымды ямаса халыққа қозғалаң салып жүргенимди кѳрмеди.
13 Ҳәзир де маған тағып атырған айыпларын сизге дәлиллеп бере алмайды.
14 Бирақ, сизге мынаны мойынлайман: олар «азғын топар» деп атайтуғын жол бойынша мен ата-бабаларымның Ќудайына сыйынып, Мухаддес Нызамда ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларында айтылған ҳәр бир нәрсеге исенемен.
15 Бул адамлар сыяқлы мен де ҳақ адамлардың да, гүнакарлардың да қайта тирилиўин Ќудайдан үмит етемен.
16 Сонлықтан да, мен Ќудайдың ҳәм адамлардың алдында пәк ҳүжданлы болыўға ҳәмме ўақыт тырысаман.
17 Миллетиме қайыр-садақа, Ќудайға қурбанлықлар бериў ушын, кѳп жылдан соң Ерусалимге қайтып келдим.
18 Мен тазаланыў рәсиминен ѳтип, усыларды ислеп атырғанымда, олар мени Ибадатханада кѳрди. Сонда мениң қасымда кѳп адам да, шаўқым да болған жоқ.
19 Бирақ ол жерде Азия үлкесинен келген айырым яҳудийлер бар еди. Сизиң алдыңызда әне солар турып, маған тағатуғын айыплары бар болса, айтыўлары керек.
20 Я болмаса, жоқарғы кеңестиң алдында турғанымда, меннен қандай айып тапқанын бул жердеги адамлар айтсын.
21 Мен тек олардың алдында турғанымда: «Ѳлилердиң қайта тирилетуғынына исенгеним ушын, бүгин мен ҳүким етилип атырман», – деп бақырған едим.
22 Сонда Феликс Ийсаның жолы туўралы жақсы билгенликтен: – Даўыңызды мыңбасы Лисяс келгенде шешемен, – деди де, истиң қаралыўын кейинге қалдырды.
23 Соңынан ол жүзбасыға Павелди қараўыллаўды, бирақ еркинлик берип, досларының оған жәрдемлесиўине тыйым салмаўын буйырды.
24 Бир қанша күннен соң, Феликс ѳзиниң Друзилла атлы яҳудий ҳаялы менен бирге келди. Ол Павелди шақыртып алып, оның Масих Ийсаға исениў ҳаққында айтқанларын тыңлады.
25 Павел ҳақлық, ѳзин тыйыў ҳәм келешектеги ҳүким ҳаққында айтқанда Феликс қорқып кетип: – Ҳәзирше бара бер. Ўақыт тапсам, сени және шақыртып аламан, – деди.
26 Соның менен бирге, босатылыўы ушын Павелдиң ѳзине пара бериўинен үмит ететуғын еди. Сонлықтан оны тез-тез шақыртып, оның менен гүрриңлесетуғын еди.
27 Бирақ арадан еки жыл ѳткенде, Феликстиң орнына Порций Фест келди. Феликс яҳудийлерге жағынғысы келгенликтен, Павелди қамақта қалдырып кетти.