Елшилерди„„„ң ислери 19 bob

1 Павел Ефес қаласында. 11 Скеваның жети улы. 23 Ефестеги көтерилис. 

1 Аполос Коринфте болғанда, Павел таўлы үлкелерден ѳтип, Ефеске келди. Ол жерде айырым шәкиртлер менен ушырасып,
2 олардан: – Исенген ўақтыңызда Мухаддес Руўхты алдыңыз ба? – деп сорады. – Мухаддес Руўхтың бар екенин бизлер ҳеш еситпедик де, – деп жуўап берди олар.
3 – Олай болса, қандай шомылдырыў менен шомылдырылдыңлар? – деп сорады Павел. – Яқыяның тәлимине тийкарланып, суўға шомылдырылдық, – деди олар.
4 Павел былай деди: – Яқыя халықты тәўбе еттирип ҳәм суўға шомылдырып, оларға ѳзинен соң Келетуғынға, яғный Ийсаға исениўди айтқан еди.
5 Олар буны еситкенде, Ийемиз Ийсаның аты менен суўға шомылдырылды.
6 Павел олардың үстилерине қолларын қойып дуўа еткенде, оларға Мухаддес Руўх түсти ҳәм олар басқа тиллерде сѳйлеп, Ќудайдың сѳзлерин айта баслады.
7 Олар барлығы болып шама менен он еки адам еди.
8 Павел мәжилисханаға барды. Ол сол жерде үш ай даўамында Ќудайдың Патшалығы туўралы тәлим берди ҳәм оларды исендириўге тырысып, батыллық пенен сѳйледи.
9 Бирақ, гейбиреўлери қасарысып исенбеди ҳәм Ийсаның жолын халық алдында жаманлай баслады. Сонлықтан Павел оларды қалдырып, шәкиртлерди ѳзи менен бирге алды да, ҳәр күни Тиранустың мектебинде тәлим бериўин даўам етти.
10 Бул аўҳал еки жылға созылды. Солай етип, яҳудий болсын, грек болсын, Азия үлкесинде жасаған ҳәр бир адам Ийемиздиң сѳзин еситти.
11 Ќудай Павел арқалы таң қаларлық кәраматлар иследи.
12 Ҳәтте, Павелдиң денесине тийген бет орамаллар ямаса алжапқышлар наўқасларға қойылғанда, олар дәртлеринен азат болып, ишлеринен жаўыз руўхлар шығатуғын еди.
13 Ел аралап, жаўыз руўхларды қуўып жүрген гейбир яҳудий дуўаханлар да жаўыз руўх урған адамларға Ийемиз Ийсаның атын қоллана баслады. Олар: «Павел жәриялап жүрген Ийсаның аты менен буйырамыз, шығып кет!» – дейтуғын еди.
14 Бас руўханий Скева атлы бир яҳудийдиң жети улы да усылай ислеп жүрген еди.
15 Бирақ жаўыз руўх оларға: – Ийсаны билемен, Павелди таныйман, ал сизлер кимсиз? – деп жуўап берди де,
16 жаўыз руўх урған адам оларға тәп берип жығып, олардан үстин шықты. Олар үйден жарадар ҳәм жалаңаш болып қашып кетти.
17 Бул хабар Ефесте жасайтуғын барлық яҳудийлер менен греклерге жетип барды. Ҳәммесин қорқыныш бийлеп, Ийемиз Ийсаның аты үлкен ҳүрметке еристи.
18 Исенгенлердиң көбиси келип, ислеген жаман ислерин ашық мойынлады.
19 Сыйқыршылық пенен шуғылланатуғын кѳп адамлар да китапларын жыйнап, ҳәммениң кѳз алдында жағып жиберди. Китаплардың баҳасын есаплағанда, елиў мың драхма болды.
20 Солай етип, Ийемиздиң сѳзи қүдирет пенен жайылып, тәсири артып барды.
21 Бул ўақыялардан соң, Павел Македония ҳәм Ахая үлкелеринен ѳтип, Ерусалимге барыўға қарар етти. «Ол жерге барғанымнан соң, Римди де кѳриўим керек», – деди ол.
22 Сонлықтан ѳзи бир неше ўақыт Азия үлкесинде қалып, жәрдемшилеринен екеўин – Тимофей менен Ерастусты Македонияға жиберди.
23 Сол ўақытлары Ийемиз Ийсаның жолына қарсы күшли кѳтерилис пайда болды.
24 Димитрий атлы бир зергер гүмистен Артемида ибадатханасының кишкене үлгилерин соғып, өз өнерментшилерине көп пайда келтиретуғын еди.
25 Димитрий ѳз ѳнерментшилери менен ѳзиндей зергерлерди бир жерге жыйнап, оларға былай деди: – Дослар, усы кәсибимиз арқалы кѳп пайда алатуғынымызды билесизлер.
26 Бирақ Павел деген мына бир адамның қолдан соғылған қудайлардың ҳақыйқый қудайлар емес екенин айтып, тек Ефесте емес, ал пүткил Азияда кѳп санлы адамларды үгитлеп азғырғанын кѳрип ҳәм еситип атырсызлар.
27 Бул бизлердиң ѳнеримиздиң қәдирине қәўип туўдырып қоймай, ал уллы ҳаял қудай Артемиданың ибадатханасының арзымайтуғын нәрсеге айланып, пүткил Азия үлкеси менен пүткил дүнья сыйынатуғын ҳаял қудайды уллылығынан айырыў қәўпи бар.
28 Олар буны еситкенде, қатты ғәзепленип: «Ефеслилердиң Артемидасы уллы!» – деп бақыра баслады.
29 Пүткил қала тәртипсизликке толып кетти. Адамлар Павелдиң жолдаслары македониялы Гаюс пенен Аристархты услап алып, ҳәммеси бирликте тамаша майданына қарай умтылды.
30 Павел халықтың арасына бармақшы болды, бирақ шәкиртлер оған жол қоймады.
31 Павелдиң дослары болған Азия үлкесиниң айырым басшылары да оған хабар жоллап, тамаша майданында кѳринбеўин ѳтинди.
32 Жыйналғанлардың бири анаў, бири мынаў деп бақырысып, жыйналыс бийтәртип болды. Кѳбиси не ушын жыйналғанын да билмейтуғын еди.
33 Яҳудийлер Искендер атлы бир адамды ийтерип ортаға шығарғанлықтан, айырым адамлар болған ўақыя ушын оны айыпкер деп шешти. Искендер қолы менен ишарат етип, ѳзин халық алдында қорғамақшы болды.
34 Бирақ халық оның яҳудий екенин билгенде, ҳәммеси бир аўыздан шама менен еки сааттай: «Ефеслилердиң Артемидасы уллы!» – деп бақырып турды.
35 Ќала хаткери халықты тынышландырып былай деди: – Ефеслилер! Уллы Артемиданың аспаннан түскен мүсининиң ҳәм оның ибадатханасының қорғаўшысы – Ефес қаласы екенин ким билмейди?
36 Буларды ҳеш ким бийкарлай алмайды. Соның ушын тынышланып, ойланып ис тутыўыңыз керек.
37 Сизлердиң бул жерге әкелген адамларыңыз ибадатхананы да тонамаған, ҳаял қудайымызға да тил тийгизбеген.
38 Сонлықтан Димитрийдиң ҳәм оның ѳнерментши жолдасларының биреўге қарсы қандай да бир шағымы бар болса, қазыханалар ашық, қазылар да бар. Бир-бириниң үстинен сол жерде шағым етсин.
39 Ал егер тағы басқа мәселе болса, ол рәсмий жыйналыста шешилиўи тийис.
40 Бүгинги болған ўақыялар себепли айыпланыў қәўпиндемиз. Бундай топалаңды ақлай алыўға бизлерде себеп те жоқ.
41 Ол усы сѳзлерди айтып, жыйналғанларды тарқатып жиберди.