Елшилерди„„„ң ислери 15 bob

1 Ерусалимдеги қурылтай. 22 Басқа миллетлерден болған исениўшилерге хат. 36 Павелдиң екинши сапары. 

1 Яҳудиядан Антиохияға гейбир исениўшилер келип, туўысқанларға: «Егер Муўсаның үрп-әдети бойынша сүннет етилмесеңлер, қутқарыла алмайсызлар», – деп тәлим бере баслады.
2 Павел ҳәм Барнаба олар менен айтысып, қатты тартысып қалды. Ақырында Павел ҳәм Барнабаға, және де олар менен бирге басқа бир неше туўысқанға Ерусалимдеги елшилер менен ақсақалларға барып, усы мәселени шешиў тапсырылды.
3 Солай етип, олар исениўшилер жәмәәти тәрепинен жиберилип, Феникия ҳәм Самария үлкелеринен ѳтти. Жол-жѳнекей басқа миллетлердиң Ийемиздиң жолына түскенин айтып, сол жердеги туўысқанларға үлкен қуўаныш бағышлады.
4 Ерусалимге келгенде, олар исениўшилер жәмәәти, елшилер ҳәм ақсақаллар тәрепинен жақсы қабыл етилди. Ќудайдың ѳзлери арқалы ислеген ҳәмме нәрсесин оларға билдирди.
5 Бирақ, парисейлер арасынан шыққан айырым исениўшилер орынларынан турып: – Исениўши болған басқа миллет адамлары да сүннет етилип, оларға Муўсаның Нызамын орынлаўды буйырыў тийис, – деди.
6 Елшилер менен ақсақаллар бул мәселе бойынша мәсләҳәтлесиў ушын жыйналды.
7 Узақ талқылаўдан соң Петр орнынан турып, оларға былай деди: – Туўысқанлар! Басқа миллетлердиң Хош Хабарды мениң аўзымнан еситип исениўи ушын, Ќудай кѳп ўақыт бурын араңыздан мени таңлағанын билесизлер.
8 Адамның кеўлин билетуғын Ќудай Мухаддес Руўхты бизлерге бергени сыяқлы, басқа миллетлерге де берип, оларды қабыл еткенин кѳрсетти.
9 Ќудай олардың кеўиллерин исенимлери арқалы тазалап, бизлер менен олардың арасына айырмашылық қоймады.
10 Олай болса, енди не ушын ата-бабаларымыз да, ѳзлеримиз де кѳтерип жүре алмаған мойынтырықты шәкиртлердиң мойнына салып, Ќудайды сынап атырсызлар?
11 Олардың Ийемиз Ийсаның мийрими менен қутқарылатуғынындай, бизлер де ѳзлеримиздиң солай қутқарылатуғынымызға исенемиз.
12 Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси тынышланып, Барнаба менен Павелди тыңлай баслады. Олар ѳзлери арқалы Ќудайдың басқа миллетлер арасында кѳрсеткен кәраматлы белгилери менен таң қаларлық нәрселери ҳаққында айтып берди.
13 Олар сѳзлерин таўысқаннан соң, Яқып сѳз баслап былай деди: – Туўысқанлар, маған қулақ салыңлар!
14 Басқа миллетлерден Ѳзине тийисли бир халық шығарыў ушын, Ќудай оларға дәслеп қалай мийримлилик кѳрсеткенин Симон Петр баян еткен еди.
15 Пайғамбарлардың сѳзлери де усыған туўры келеди. Былай деп жазылған:
16 «Буннан кейин Мен қайтып келип, Даўыттың қулап қалған үйин қайта қураман. Ќыйралғанларды дүзетип, қайта тиклеймен.
17 Солай етип, қалған адамлар ҳәм Мениң атым менен аталыўшы барлық миллетлер Ийесин – Мени излеп тапсын.
18 Буларды әййемнен билдирген Ийемиз усылай дейди».
19 Сонлықтан, мениң пикиримше, Ќудайдың жолына түскен басқа миллет адамларын қыйнамаўымыз керек.
20 Бирақ, бутларға сойылып ҳарамланған қурбанлық гѳшинен, бузықшылықтан, буўындырылып ѳлтирилген ҳайўанлардың гѳшинен ҳәм қаннан аўлақ болыўларын жазып жибериўимиз тийис.
21 Ѳйткени әййемги ўақытлардан бери Муўсаның Нызамы ҳәр бир қалада жәрияланып киятыр ҳәм ҳәр дем алыс күни мәжилисханаларда оқылмақта.
22 Солай етип, пүткил исениўшилер жәмәәти менен елшилер ҳәм ақсақаллар ѳзлериниң арасынан адамларды сайлап, оларды Павел ҳәм Барнаба менен бирге Антиохияға жибериўге қарар етти. Сайланғанлар: туўысқанлар арасында басшылық етип жүрген Барсаба деп аталатуғын Яҳуда менен Сила еди.
23 Олар арқалы мына хатты жазып жиберди: «Ҳүрметли туўысқанларымыз! Туўысқанларыңыз болған биз, елшилер ҳәм ақсақаллардан, Антиохия, Сирия ҳәм Киликиядағы басқа миллет адамлары болған сиз, туўысқанларға сәлем!
24 Арамыздағы айырым адамлардың сизлерге барғанын ҳәм ѳз сѳзлери менен сизлерди тәшиўишке салып, ақылыңызды ҳайран қылғанын еситтик. Бизлер оларға ҳеш қандай жол-жорық бермеген едик.
25 Сонлықтан арамыздан бир неше адамды сайлап, сүйикли туўысқанларымыз Барнаба ҳәм Павел менен бирликте сизлерге жибериўди бир аўыздан мақул таптық.
26 Булар екеўи Ийемиз Ийса Масихтың аты ушын ѳмирлерин бағышлаған адамлар.
27 Сизлерге және де Яҳуда менен Силаны жиберип атырмыз. Олар бул жазғанларымызды аўызша айтып береди.
28 Себеби Мухаддес Руўх ҳәм бизлер әҳмийетли болған бул қағыйдалардан тысқары сизлерге ҳеш нәрсени жүклемеўди мақул таптық:
29 сизлер бутларға сойылған қурбанлық гѳшинен, қаннан, буўындырылып ѳлтирилген ҳайўанлардың гѳшинен ҳәм бузықшылықтан аўлақ болыңлар. Усылардан сақлансаңлар, жақсы ис қылған боласызлар. Аман болыңлар!»
30 Солай етип, жиберилгенлер жолға шығып, Антиохияға келди. Жәмәәтти бир жерге жыйнап, оларға хатты тапсырды.
31 Исениўшилер хатты оқып, ондағы кеўил кѳтериўши сѳзлерге қуўанды.
32 Пайғамбаршылық сыйын алған Яҳуда менен Сила туўысқанларға кѳп сѳзлер менен ақыл-нәсият айтып, руўхый күш-қуўат берди.
33 Бир қанша ўақыт сол жерде болғаннан соң, туўысқанлар оларды аман-есен шығарып салып, жоллағанларға қайтарды.
34 -
35 Ал Павел менен Барнаба Антиохияда болды. Олар кѳплеген адамлар менен бирликте Ийемиздиң сѳзин үйретип, жәриялап жүрди.
36 Бир қанша ўақыттан соң, Павел Барнабаға: – Енди изимизге қайтып, бизлер Ийемиздиң сѳзин жәриялаған ҳәр бир қаладағы туўысқанларымызға барайық, олардың ҳал-жағдайын кѳрейик, – деди.
37 Барнаба Марк деп аталатуғын Юханды бирге алып жүрмекши болды.
38 Бирақ Павел Памфилияда ѳзлерин таслап кетип, бирликте баслаған исти даўам етпеген Маркты ѳзлери менен бирге алып жүриўди мақул кѳрмеди.
39 Солай етип, олардың арасында кескин түсинбеўшилик болып, бир-биринен бѳлинди. Барнаба Маркты алып, кеме менен Кипрға кетти.
40 Ал Павел Силаны таңлады ҳәм туўысқанлар тәрепинен Ийемиздиң мийримине тапсырылғаннан соң, жолға шықты.
41 Ол Сирия ҳәм Киликия үлкелерин аралап, исениўши жәмәәтлерди беккемлеп жүрди.