Елшилерди„„„ң ислери 4 bob

1 Петр ҳәм Юхан жоқарғы кеңес алдында. 23 Исениўшилердиң дуўа етиўи. 32 Исениўшилердиң аўызбиршилиги. 

1 Петр менен Юхан халыққа сѳйлеп турғанда, руўханийлер, Ибадатхана сақшыларының басшысы ҳәм саддукейлер олардың жанына топарласып келди.
2 Ѳйткени олардың халыққа тәлим берип, Ийсаның мысалында ѳлилердиң қайта тирилетуғынын жәриялағанына қатты ашыўлы еди.
3 Сонлықтан олар Петр менен Юханды услап алды да, ертеңге дейин қамап таслады. Себеби күн кеш болып қалған еди.
4 Бирақ, елшилердиң сѳзин еситкен адамлардың кѳбиси исенди. Исенген ер адамлардың саны бес мыңға шамалас еди.
5 Келеси күни яҳудий басшылары, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер Ерусалимге жыйналды.
6 Бас руўханий Ханна менен Каяфа, Юхан, Искендер ҳәм бас руўханийдиң урпағынан болған басқа адамлар да сол жерде еди.
7 Олар Петр менен Юханды ортаға турғызып, олардан: – Сизлер буны қандай күш пенен ҳәм кимниң аты менен иследиңлер? – деп сорады.
8 Сонда Петр Мухаддес Руўхқа толып былай деди: – Халық басшылары ҳәм ақсақаллар!
9 Бул ләң адамға исленген жақсылық ҳәм оның қалай шыпа тапқаны ҳаққында бизлер бүгин тергелип атырған болсақ,
10 онда сизлердиң ҳәммеңиз ҳәм пүткил Израил халқы мынаны билип қойыңлар: бул адам сизлер атанақ ағашқа шегелеген, бирақ Ќудай ѳлимнен қайта тирилткен Насыралы Ийса Масихтың атының қүдирети менен сап-саў болып, алдыңызда тур.
11 Усы Ийса Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Сиз, қурылысшылар тәрепинен керексиз деп тасланып, Бирақ, үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болған тас».
12 Ийсадан басқа ҳеш ким арқалы қутқарылыў жоқ. Ќутқарылыўымыз ушын аспан астында адамларға берилген басқа ҳеш бир ат жоқ.
13 Кеңес ағзалары Петр менен Юханның билимсиз ҳәм қарапайым адамлар екенин байқап, олардың батыллығын кѳргенде таң қалысты. Олардың Ийса менен бирге болғанын билди.
14 Бирақ шыпа тапқан адамның Петр ҳәм Юхан менен турғанын кѳрип, оларға қарсы ҳеш нәрсе айта алмады.
15 Солай етип, кеңес ағзалары оларға сыртқа шығып кетиўди буйырды да, соңынан ѳз ара кеңесе баслап:
16 – Бул адамларға не ислесек екен? Ерусалимде жасайтуғын ҳәр бир адам олардың анық кәрамат ислегенин биледи-ғо. Бизлер буны бийкарлай алмаймыз.
17 Бирақ, бул хабардың халық арасында және де кѳбирек жайылмаўы ушын, буннан былай Ийсаның аты менен ҳеш кимге ҳеш қашан сѳйлемеңлер деп, қорқытып қояйық, – дести.
18 Соңынан оларды шақырып алып, Ийсаның аты менен ҳеш нәрсе айтпаўларын ҳәм үйретпеўлерин буйырды.
19 Бирақ, Петр менен Юхан оларға жуўап берип: – Ѳзлериңиз ойлап кѳриң: Ќудайдың сѳзлеринен гѳре, сизлердиң сѳзлериңизди тыңлаў Ќудай алдында дурыс болар ма екен?
20 Бизлер кѳргенлеримизди ҳәм еситкенлеримизди айтпай тура алмаймыз, – деди.
21 Кеңес ағзалары жазалаў ушын ҳеш қандай себеп таба алмағанлықтан, оларды және қорқытты да, босатып жиберди. Ѳйткени болған ўақыя ушын пүткил халық Ќудайға алғыслар айтып турған еди.
22 Себеби кәраматлы шыпа нәтийжесинде жазылған адамның жасы қырықтан асқан еди.
23 Петр менен Юхан босатылғаннан соң жолдасларына барып, бас руўханийлер менен ақсақаллардың ѳзлерине айтқан сѳзлериниң ҳәммесин хабарлады.
24 Олар буны еситкенде, бир аўыздан Ќудайға қарата бәлент даўыс пенен былай деди: – О, Ќүдиретли Ийемиз! Аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин Сен жаратқансаң.
25 Ѳз хызметшиң бабамыз Даўыттың аўзы менен Мухаддес Руўх арқалы былай деген едиң: «Миллетлер неге қозғалаң кѳтерди? Халықлар неге пушқа шығатуғын жобалар дүзди?
26 Жер жүзиниң патшалары бас кѳтерди, Ҳүкимдарлар бирге жыйналып, Жаратқан Ийемизге ҳәм Ол тайынлаған Масихқа қарсы турды».
27 Ҳақыйқаттан да, Ҳирод пенен Понтий Пилат бул қалада басқа миллетлер ҳәм Израил халқы менен бирге Сен тайынлаған мухаддес хызметшиң Ийсаға қарсы топланды.
28 Олар буны Сениң қүдиретиң ҳәм еркиң менен алдын ала белгиленгенлерди әмелге асырыў ушын иследи.
29 Енди, О Ийемиз, олардың айбат етиўлерине нәзер салып, Сениң сѳзиңди толық мәртлик пенен айтыўға Ѳз қулларыңа күш-қуўат бере гѳр!
30 Мухаддес хызметшиң Ийсаның аты менен аўырыўларға шыпа бериў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислер ислеў ушын қүдиретиңди кѳрсете гѳр!
31 Дуўа етип болғанда, олар жыйналған жер силкинип кетти. Ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Ќудайдың сѳзин мәртлик пенен айта баслады.
32 Исениўшилердиң жыйнағындағы ҳәмме адам бир жан, бир тән еди. Ҳеш қайсысы да ѳз мал-мүлкин «меники» демейтуғын еди. Ал ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды.
33 Елшилер Ийемиз Ийсаның қайта тирилгени ҳаққында күшли жигер менен, тәсирли түрде гүўалық беретуғын еди ҳәм олардың ҳәммеси Ќудайдың уллы мийримине ийе еди.
34 Олардың арасында жоқшылықта жасайтуғын адам болған жоқ. Ѳйткени жерлери ямаса үйлери барлар оларды сататуғын еди. Түскен ақшаларын алып келип,
35 елшилердиң қолына салатуғын еди. Ақшалар ҳәр кимге мүтәжлигине қарай үлестирилетуғын еди.
36 Мысалы: Лебий урыўынан шыққан Юсуп деген кипрлы бир адам бар еди. Елшилер оған Барнаба, яғный «Жубаныш бериўши» дегенди аңлататуғын ат берген еди.
37 Ол ѳзине тийисли жерди сатты да, ақшасын әкелип, елшилердиң қолына салды.