1 Степанның сөзи. 54 Степанның өлтирилиўи.
Елшилердиң ислери 7 bob
1 Сонда бас руўханий Степаннан: – Усы дурыс па? – деп сорады.
2 Степан былай деп жуўап берди: – Туўысқанларым ҳәм ағаларым, маған қулақ салыңлар! Бабамыз Ибрайым Харанға кѳшип орналаспастан бурын Месопотамияда болған ўақтында уллы Ќудай оған кѳринип:
3 «Елиңди ҳәм ағайин-туўғанларыңды қалдырып, Мен саған кѳрсететуғын елге бар», – деген еди.
4 Солай етип, Ибрайым халдейлилердиң елинен шығып, Харанға орналасты. Єкесиниң ѳлиминен кейин, Ќудай оны сол жерден алып, ҳәзир сизлер жасап атырған бул елге кѳширди.
5 Деген менен, Ќудай бул жерде оған ҳеш қандай мийрас, бир қарыс жер де бермеген еди. Бирақ, сол ўақытта Ибрайымның баласы жоқ болса да, Ќудай бул жерди оған ҳәм оның урпақларына мүлик қылып беретуғынын ўәде еткен еди.
6 Және де, Ќудай оған былай деген еди: «Сениң урпақларың жат жерде жат болып, тѳрт жүз жыл қуллықта жасайды ҳәм зулымлық кѳреди.
7 Бирақ Мен оларды қул еткен халықты жазалайман. Буннан соң, олар сол жерден шығып, Маған бул жерде сыйынады».
8 Соңынан Ќудай Ибрайым менен мухаддес келисим дүзип, сүннетлеў рәсимин оның белгиси қылды. Солай етип, Ибрайым Ысақтың әкеси болып, оны сегизинши күни сүннет етти. Ысақ Яқыптың, Яқып он еки уллы аталарымыздың әкеси болды.
9 Юсупты күнлеген аталарымыз оны Мысырға сатып жиберди. Бирақ Ќудай оның менен бирге болып,
10 барлық қыйыншылықларынан қутқарды. Мысыр патшасы Фараонның алдында оған даналық ҳәм мийрим-шәпәәтлик берди. Фараон оны Мысырдың ҳәм сарайындағы барлық адамлардың үстинен басшы қылып қойды.
11 Соңынан пүткил Мысыр ҳәм Канан еллеринде ашлық болып, үлкен қыйыншылықлар басланды. Ата-бабаларымыз жеўге аўқат таба алмай қалды.
12 Мысырда ғәлле бар екенин еситкен Яқып аталарымызды сол жаққа биринши мәрте жоллады.
13 Олар Мысырға екинши мәрте келгенде, Юсуп туўысқанларына ѳзиниң ким екенин танытты ҳәм Фараонға оның шығысы белгили болды.
14 Юсуп әкеси Яқыпты ҳәм барлығы жетпис бес адамнан ибарат болған ҳәмме ағайин-туўғанларын ѳзине шақыртып алды.
15 Солай етип, Яқып Мысырға кѳшип кетти. Оның ѳзи де, ата-бабаларымыз да сол жерде қайтыс болды.
16 Олардың сүйеги Шикемге алып келинип, Ибрайымның сол жерде Хамордың улларынан гүмис ақшаға сатып алған қәбирине қойылды.
17 Ќудайдың Ибрайымға берген ўәдесиниң орынланатуғын ўақты жақынлағанда, Мысырдағы халқымыздың саны жүдә кѳбейип қалған еди.
18 Сол ўақытта Мысырда Юсупты танымайтуғын басқа бир патша тахтқа отырды.
19 Ол халқымыздан ҳийлекерлик пенен пайдаланып, зулымлық иследи ҳәм олардың жаңа туўылған балаларының тири қалмаўы ушын далаға таслаўға мәжбүрледи.
20 Сол ўақытта Муўса дүньяға келди. Ол жүдә сулыў бала болып, үш ай әкесиниң үйинде бағылды.
21 Ол далаға тасланғанда, оны Фараонның қызы таўып алып, ѳз баласындай қылып тәрбиялап ѳсирди.
22 Муўса мысырлылардың барлық билим тараўларынан тәлим алып, сѳзинде де, исинде де күшли болды.
23 Ол қырық жасқа толғанда, оның кеўлинде ѳз туўысқанлары болған израиллылардың жағдайын барып кѳриў нийети пайда болды.
24 Олардың бирине әдилсизлик исленгенин кѳрген Муўса оны жақлады да, әдилсизлик ислеген мысырлыны ѳлтирип, зулымлық кѳрген адам ушын ѳш алды.
25 Ол: «Ќудайдың мен арқалы ѳзлерин қутқаратуғынын туўысқанларым түсинер», – деп ойлаған еди. Бирақ олар түсинбеди.
26 Ертеңине Муўса тѳбелесип атырған еки израиллыны ушыратып қалғанда, оларды жарастырмақшы болып: – Жигитлер, сизлер туўысқансыз-ғо. Неге бир-бириңизге жәбир берип атырсызлар? – деди.
27 Бирақ, жақынына жәбир берген адам Муўсаны ийтерип жиберип: – Ким сени бизлердиң үстимизден басшы ҳәм қазы қылып қойды?
28 Кеше мысырлыны ѳлтиргениңдей, мени де ѳлтирмекшимисең? – деди.
29 Бул сѳзди еситкенде Муўса Мидиян елине қашып кетип, сол жат жерде жасады. Ол сол жерде еки балалы болды.
30 Ќырық жыл ѳткеннен соң, Синай таўының дѳгерегиндеги шѳлде, жанып турған путаның жалынында Муўсаға бир периште кѳринди.
31 Муўса бул кѳриниске таң қалды. Анықлап кѳриў ушын жақынлағанда, Жаратқан Ийемиздиң:
32 «Мен сениң ата-бабаларыңның Ќудайыман, Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың Ќудайыман», – деген даўысы еситилди. Муўса қорққанынан қалтырап, қараўға жүрексине алмады.
33 Соңынан Жаратқан Ийемиз оған былай деди: «Аяқ кийимиңди шеш! Ѳйткени сен турған жер мухаддес.
34 Мен халқымның Мысырда азап-ақырет шегип атырғанын кѳрдим, оның наласын еситип, оны қутқарыў ушын аспаннан түстим. Енди бар, Мен сени Мысырға жиберемен».
35 Бул: «Ким сени басшы ҳәм қазы қылып қойды?» – деп адамлар тән алмаған – сол Муўса еди. Ќудай оны путада кѳринген периште арқалы басшы ҳәм қутқарыўшы қылып жиберди.
36 Мысырда, Ќызыл теңизде ҳәм қырық жыл бойы шѳлде таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер кѳрсетип, халықты Мысырдан шығарған усы Муўса еди.
37 Израил улларына: «Ќудай сизлерге ѳз туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады», – деген де – усы Муўса еди.
38 Синай таўында ѳзине сѳйлеген периштениң сѳзлерин ата-бабаларымызға жеткизген ҳәм шѳлде жыйналған Израил халқы менен бирге болған да сол еди. Ол бизлерге жеткизиў ушын Ќудайдың тири сѳзлерин алған еди.
39 Бирақ, ата-бабаларымыз оған бойсыныўды қәлемеди ҳәм оны тән алмай, кеўиллери Мысырға аўды.
40 Олар Харонға: «Бизлерди баслап жүретуғын қудайлардың мүсинлерин соғып бер, себеби бизлерди Мысыр елинен шығарған сол Муўсаға не болғанын билмеймиз», – деди.
41 Сол күнлерде олар бузаўдың мүсинин соғып, сол бутқа қурбанлық берди. Олар ѳз қоллары менен соққан бутқа қуўанып, кеўил кѳтеристи.
42 Сонлықтан Ќудай олардан жүзин терис бурып, оларды аспан денелерине табыныўға таслап қойды. Бул пайғамбарлардың китабында жазылғандай болды: «Ҳәй, Израил халқы! Сизлер шѳлде қырық жыл бойы, Маған қурбанлық ҳәм сыйлар бердиңиз бе?
43 Ѳзлериңиз табыныў ушын ислеген бутларды: Молохтың шатырын ҳәм қудайыңыз Рефанның жулдызын кѳтерип жүрдиңлер-ғо. Сонлықтан Мен сизлерди Бабилонның аржағына сүргин қыламан».
44 Ата-бабаларымыздың шѳлде Гүўалық шатыры бар еди. Муўса оны ѳзине сѳйлеген Ќудайдың буйырғанындай, кѳрген үлги бойынша ислеген еди.
45 Шатыр әўладтан-әўладқа ѳтип, ата-бабаларымыз Ешуаның басшылығында Ќудай қуўып жиберген халықлардың жерлерин ийелегенде, оны ѳзлери менен бирге алып жүрди. Шатыр Даўыттың заманына дейин болды.
46 Ќудай алдында мийримге ерискен Даўыт Яқыптың Ќудайы ушын мәкан қурыўға рухсат сорады.
47 Бирақ, Ќудай ушын үй салған Сулайман болды.
48 Деген менен, Ќүдиретли Ќудай адамның қолы менен салынған мәканларда жасамайды. Ол пайғамбар арқалы былай деген еди:
49 «Аспан – Мениң тахтым, Жер – аяқ басарым, Сизлер Маған қандай үй салып бережақсызлар? Мениң дем алатуғын орным қай жерде екен?
50 Булардың ҳәммесин Мениң қолым жаратпады ма?»
51 Ҳәй, ѳжетлер, шын кеўилден Ќудайға бойсынбайтуғынлар, Оның сѳзин тыңламайтуғынлар! Сизлер ата-бабаларыңызға уқсап, Мухаддес Руўхқа бәрқулла қарсы турасызлар.
52 Ата-бабаларыңыз пайғамбарлардың қайсы бирин қуўдаламады? Олар ҳақ Адамның келиўин алдын ала болжағанларды да ѳлтирди-ғо. Сизлер де енди Оған сатқынлық ислеп, Оны ѳлтирдиңлер.
53 Сизлер периштелер арқалы берилген Мухаддес Нызамды алсаңлар да, оны орынламадыңлар!
54 Кеңес ағзалары бул сѳзлерди еситкенде ашыўға минип, Степанға қарсы тислерин қайрады.
55 Ал Мухаддес Руўхқа толған Степан кѳзлерин аспанға тигип, Ќудайдың салтанатын ҳәм Ќудайдың оң тәрепинде турған Ийсаны кѳрди.
56 Сонда ол: – Ќараңлар, аспанның ашылғанын ҳәм Адам Улының Ќудайдың оң тәрепинде турғанын кѳрип турман, – деди.
57 Ал олар қулақларын жаўып, қатты қышқырысты. Ҳәммеси бирден Степанға топылды да,
58 оны қаланың сыртына сүйреп шығарып, оған тас ылақтыра баслады. Гүўалар ѳз кийимлерин Саул атлы бир жас жигиттиң аяғының жанына қойды.
59 Олар тас ылақтырып атырғанда, Степан: «Ийем Ийса, руўхымды қабыл ет», – деп дуўа етти.
60 Соңынан ол дизе бүкти де, бәлент даўыс пенен: «О Ийем, бул гүнаны олардың мойнына жүклеме!» – деди. Усыны айтып болып, ол жан тапсырды.