1 Жети хызметши. 8 Степанның қолға алыныўы.
Елшилердиң ислери 6 bob
1 Масихтың шәкиртлериниң саны ѳсип атырған сол күнлерде грекше сѳйлейтуғын исениўши яҳудийлер тәрепинен еврейше сѳйлейтуғын исениўши яҳудийлерге қарсы наразылық пайда болды. Себеби күнделикли жәрдем бѳлистирилгенде, олардың жесирлерине кеўил аўдарылмайтуғын еди.
2 Сонда он еки елши ҳәмме шәкиртлерди бир жерге жыйнап: – Ќудайдың сѳзин жәриялаў исин таслап, дастурхан басында хызмет еткенимиз дурыс болмас.
3 Туўысқанларым! Араңызда жақсы аты шыққан, Мухаддес Руўх пенен даналыққа толған жети адамды таңлаңлар. Оларға усы исти тапсырайық.
4 Ал бизлер ѳзлеримизди дуўа етиўге ҳәм Ќудайдың сѳзин жәриялаўға бағышлайық, – деди.
5 Бул сѳз пүткил жәмәәтке унады. Олар исеними күшли ҳәм Мухаддес Руўхқа толы болған Степанды, және де Филипти, Прохорды, Никанорды, Тимонды, Парменди ҳәм яҳудий динине ѳткен антиохиялы Николасты сайлап,
6 елшилердиң алдында турғызды. Елшилер дуўа етип, олардың үстилерине қолларын қойды.
7 Солай етип, Ќудайдың сѳзи жайылып, Ерусалимдеги шәкиртлердиң саны кѳбейе берди. Руўханийлердиң кѳбиси де елшилердиң тәлимин қабыл алып, исене баслады.
8 Ќудайдың мийрими менен қүдиретине толы болған Степан халық арасында уллы таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер кѳрсететуғын еди.
9 Деген менен, киренели, искендериялы ҳәм Киликия менен Азиядан болған адамлардың «Еркинлер мәжилисханасы» деген мәжилисхананың айырым ағзалары Степанға қарсы шығып, оның менен тартыса баслады.
10 Бирақ ол даналық ҳәм Мухаддес Руўх пенен сѳйлегенликтен, олар қарсы тура алмады.
11 Сонда олар бир неше адамды үгитлеп: «Оның Муўсаға ҳәм Ќудайға тил тийгизгенин еситтик», – деп айтқызды.
12 Солай етип, олар халықты, ақсақалларды ҳәм диний муғаллимлерди ѳшегистирип, бас салып Степанды услады да, оны жоқарғы кеңестиң алдына алып келди.
13 Олар әкелген жалған гүўалар: – Мына адам Ибадатханаға ҳәм Муўсаның Нызамына үзликсиз қарсы сѳйлеп жүр.
14 Бизлер оның: «Насыралы Ийса Ибадатхананы жоқ қылады, Муўсаның бизлерге берген үрп-әдетлерин ѳзгертеди», – дегенин еситтик, – деди.
15 Жоқарғы кеңесте отырғанлардың ҳәммеси Степанның жүзине тигилип қарап, оның жүзиниң периштениң жүзине уқсас екенин кѳрди.