1 Ханания ҳәм Сафира. 12 Елшилердиң көп адамларға шыпа бериўи. 17 Елшилердиң қуўдаланыўы.
Елшилердиң ислери 5 bob
1 Ал Ханания атлы адам ҳаялы Сафира менен мал-мүлкин сатып,
2 ақшаның бир бѳлегин жасырып қалды да, қалған бѳлегин елшилердиң қолына әкелип салды. Буннан оның ҳаялының да хабары бар еди.
3 Сонда Петр оған былай деди: – Ханания, неге шайтанға жүрегиңнен орын берип, Мухаддес Руўхты алдадың ҳәм сатылған жердиң ақшасының бир бѳлегин ѳзиңе алып қалдың?
4 Жер сатылмай-ақ саған тийисли емес пе еди? Сатылғаннан соң да, ақшасын қәлегениңше жумсаўға еркли емес пе едиң? Неге бундай ис ислеўге нийет еттиң? Сен адамларды емес, Ќудайды алдадың-ғо.
5 Ханания бул сѳзлерди еситиўден-ақ жерге жығылып, жан тапсырды. Буны еситкенлердиң ҳәммесин күшли қорқыныш бийледи.
6 Жас жигитлер орынларынан турып, оның денесин кепинледи де, алып кетип жерледи.
7 Арадан шама менен үш сааттай ѳткенде, болған ўақыядан хабарсыз Хананияның ҳаялы ишке кирип келди.
8 Петр оған: – Маған айтшы, жерди усынша ақшаға саттыңлар ма? – деди. – Аўа, соған, – деди ҳаял.
9 Петр оған былай деди: – Неге Ийемиздиң Руўхын сынап кѳриўге келистиңлер? Єнекей, күйеўиңди жерлегенлер есиктен кирип киятыр. Олар сени де алып кетеди.
10 Ҳаял сол ўақытта-ақ Петрдиң аяғына жығылып, жан тапсырды. Ишке кирген жас жигитлер оның ѳлип қалғанын кѳрип, сыртқа алып кетти де, күйеўиниң қасына жерледи.
11 Пүткил исениўшилер жәмәәтин ҳәм болған ўақыяларды еситкенлердиң ҳәммесин күшли қорқыныш бийледи.
12 Халық арасында елшилер арқалы кѳп кәраматлы белгилер кѳрсетилип, таң қаларлық ислер исленетуғын еди. Исениўшилердиң ҳәммеси Сулайманның айўанында жыйналып туратуғын еди.
13 Сырттан оларға қосылыўға ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди, бирақ халық оларға кѳп алғыслар айтатуғын еди.
14 Және де, Ийемизге исенип, исениўшилерге қосылған ер ҳәм ҳаяллардың саны барған сайын арта берди.
15 Ҳәтте, Петр ѳтип баратырғанда, ҳеш болмаса оның саясы аўырыўлардың бириниң үстине түссин деп, оларды кѳшелерге шығарып, кәтлер ҳәм тѳсеклердиң үстилерине жатқызып қойды.
16 Ерусалимниң дѳгерегиндеги қалашалардан да кѳп адамлар жыйналып, аўырыўларды ҳәм жаўыз руўхлардан азап шеккенлерди алып келетуғын еди. Олардың ҳәммеси шыпа табатуғын еди.
17 Сонда бас руўханий ҳәм оның тәрепдарларының ҳәммеси, яғный саддукей топарының ағзаларының қызғаныштан ишлери жанып,
18 елшилерди услатты да, мәмлекет қамақханасына қаматып таслады.
19 Бирақ түнде Ийемиздиң бир периштеси қамақхананың қапыларын ашып, оларды сыртқа шығарды да:
20 – Барыңлар, Ибадатханада турып, бул жаңа ѳмир туўралы сѳзлердиң барлығын халыққа айтыңлар, – деди.
21 Елшилер айтылғанды тыңлап, таң сәҳәрде Ибадатханаға барды да, тәлим бере баслады. Сол ўақытта бас руўханий ҳәм оның тәрепдарлары келип, жоқарғы кеңестиң адамларын, яғный Израил халқының барлық ақсақалларын жыйналыўға шақырды ҳәм елшилерди алып келиў ушын қамақханаға адам жиберди.
22 Бирақ, сақшылар қамақханаға барғанда елшилерди таппай, излерине қайтып келди де, мыналарды хабарлады:
23 – Ќамақхананың беккем етип жабылғанын, қапылардың аўзында қараўыллардың турғанын кѳрдик. Бирақ, қапыларды ашқанымызда, иштен ҳеш кимди таппадық.
24 Бул сѳзлерди еситкен Ибадатхана сақшыларының басшысы менен бас руўханийлер: «Бул не болғаны» десип, албырасып қалды.
25 Сонда олардың қасына бир адам келип: – Єне, сизлер қамаққа салған адамлар Ибадатханада тәлим берип тур, – деп хабарлады.
26 Солай етип, сақшылардың басшысы сақшылар менен бирге кетип, елшилерди алып келди. Бирақ халықтың ѳзлерин тас пенен урыўынан қорқып, оларға зорлық ислемеди.
27 Олар елшилерди алып келип, жоқарғы кеңестиң алдында турғызып қойды. Бас руўханий елшилерди сораўға тутып:
28 – Бул ат пенен тәлим бермең, деп қатаң буйырған едик-ғо. Бирақ сизлер ѳз тәлийматыңызды пүткил Ерусалим қаласына жайыпсызлар. Бул Адамның қанының тѳгилиўине де бизлерди жуўапкер қылмақшысызлар, – деди.
29 Петр менен басқа елшилер былай деп жуўап берди: – Адамларға емес, Ќудайға бойсыныў тийис!
30 Ата-бабаларымыздың Ќудайы сизлер атанақ ағашқа шегелеп ѳлтирген Ийсаны қайта тирилтти.
31 Израилдың тәўбе етип, гүналарының кеширилиўи ушын, Ќудай Оны Кѳсем ҳәм Ќутқарыўшы қылып, Ѳзиниң оң тәрепине кѳтерди.
32 Бизлер бул ислердиң гүўасымыз. Сондай-ақ, Ќудайдың Ѳзине бойсынатуғынларға беретуғын Мухаддес Руўхы да буларға гүўа.
33 Жоқарғы кеңес ағзалары буны еситкенде ашыўға минип, елшилерди ѳлтирмекши болды.
34 Бирақ, пүткил халықтың ҳүрметине ийе болған нызам муғаллими Гамалиел атлы бир парисей кеңесте орнынан турып, елшилерди аз-маз ўақытқа сыртқа шығарып турыўды буйырды.
35 Соңынан ол кеңес ағзаларына былай деди: – Израиллылар! Бул адамларға ислейжақ исиңизди абайлап ислеңлер.
36 Себеби буннан бурын ѳзин уллы деп есаплаған Теудас атлы бир адам шыққан еди. Оған тѳрт жүзге шамалас адам қосылды. Бирақ ол ѳлтирилип, изине ергенлердиң ҳәммеси тарқап, жоқ болып кетти.
37 Оннан соң, халықтың есабы алынған күнлерде галилалы Яҳуда шығып, бир топар адамларды изине ертти. Ол да ѳлтирилип, изине ергенлердиң ҳәммеси тарқап кетти.
38 Сонлықтан енди сизлерге айтатуғыным мынаў: бул адамларға тиймеңлер, оларды тынышына қойыңлар. Ѳйткени бул ис-ҳәрекет адамлардан болса, ол иске аспайды.
39 Бирақ Ќудайдан болса, бул адамларды жоқ қыла алмайсызлар. Және де, Ќудайға қарсы урысыўшы болып қалыўыңыз да мүмкин.
40 Кеңес ағзалары Гамалиелдиң мәсләҳәтин қабыл етти де, елшилерди ишке шақыртып, оларды қамшылатты ҳәм Ийсаның аты менен ўаз айтпаўды буйырып, босатып жиберди.
41 Елшилер Ийсаның аты себепли масқараланыўға миясар болғаны ушын жоқарғы кеңестен қуўанышлы түрде шығып кетти.
42 Олар ҳәр күни Ибадатханада ҳәм үйме-үй тәлим бериўин, Ийсаның Масих екени ҳаққында Хош Хабарды жәриялаўын тоқтатқан жоқ.