12 Павелди өлтириў ушын тил бириктириў. 23 Павелдиң Кесарияға алып барылыўы.
Елшилердиң ислери 23 bob
1 Павел жоқарғы кеңес ағзаларына дыққат пенен нәзер салып: – Туўысқанларым! Мен бүгинги күнге дейин Ќудайдың алдында пәк ҳүждан менен жасадым, – дегенде,
2 бас руўханий Ханания Павелдиң жанында турғанларға оның аўзына урыўды буйырды.
3 Сонда Павел оған: – Ҳәй, еки жүзли! Сени Ќудай урады! Сен мени Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиў ушын отырсаң, бирақ Мухаддес Нызамды бузып, мени урыўды буйырып атырсаң, – деди.
4 Павелдиң қасында турғанлар: – Ќудайдың бас руўханийин де мазақ етиўге бола ма? – деди.
5 Павел былай деди: – Туўысқанларым, оның бас руўханий екенин билмейтуғын едим. Себеби: «Ѳз халқыңның басшысына жаман сѳз айтпа», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо.
6 Сонда олардың бир бѳлегиниң саддукейлер, басқа бѳлегиниң парисейлер екенин билген Павел жоқарғы кеңесте бәлент даўыс пенен: – Туўысқанларым! Мен парисеймен ҳәм парисейдиң улыман. Мен ѳлилердиң қайта тирилиўинен үмит еткеним ушын ҳүким етилип атырман, – деди.
7 Павел буны айтқанда, парисейлер менен саддукейлер арасында жәнжел пайда болып, жыйналғанлар екиге бѳлинди.
8 Ѳйткени саддукейлер ѳлимнен қайта тирилиў де, периште де, руўх та жоқ, дейди. Ал парисейлер булардың ҳәммесин тән алады.
9 Солай етип, жыйналыста күшли шаўқым басланды. Парисейлер топарынан айырым диний муғаллимлер орынларынан турып: – Бизлер бул адамнан ҳеш қандай айып таппай турмыз. Егер оған руўх ямаса периште сѳйлеген болса ше? – деп қызып сѳйледи.
10 Жәнжел кем-кемнен күшейип баратырғанлықтан, олардың Павелди тилкимлеп таслаўынан қорққан мыңбасы әскерлерге тѳменге түсиўди ҳәм олардың арасынан оны күш пенен алып кетип, әскерий бѳлимге апарыўды буйырды.
11 Сол түни Ийемиз Павелге кѳринип: «Мәрт бол! Мен туўралы Ерусалимде қалай гүўалық берген болсаң, Римде де солай гүўалық бериўиң тийис», – деди.
12 Ертеңине яҳудийлер тил бириктирип: «Павелди ѳлтирмегенимизше ишип-жесек, бизлерге нәлет болсын», – деп ѳз ара ант ишти.
13 Бул тил бириктириўге қатнасқанлардың саны қырықтан аслам еди.
14 Олар бас руўханийлер менен ақсақалларға барып былай деди: – «Павелди ѳлтирмегенимизше аўзымызға бир түйир нәрсе алсақ, бизлерге нәлет болсын», – деп қатал түрде ант иштик.
15 Енди сизлер жоқарғы кеңес пенен бирликте мыңбасыға барың да, ѳзлериңизди Павелдиң мәселесин еле де анығырақ тексеретуғын қылып кѳрсетип, оны сизлерге алып келиўин ѳтиниш етиңлер. Ол кеңеске келместен бурын бизлер оны ѳлтириўге таяр турамыз.
16 Бирақ Павелдиң жийени олардың тил бириктиргенин еситип қалып, әскерий бѳлимге барды да, бул хабарды Павелге жеткизди.
17 Павел жүзбасылардың бирин жанына шақырып: – Бул жигитти мыңбасыға алып барың, айтатуғын гәпи бар екен, – деди.
18 Жүзбасы жигитти мыңбасыға алып келди де: – Тутқын Павел мени шақырып, мына жигитти сизге апарыўымды ѳтиниш еткен еди. Оның сизге айтажақ гәпи бар екен, – деди.
19 Мыңбасы жигиттиң қолынан услады да, оны шетке шығарып: – Маған не айтпақшы едиң? – деп сорады.
20 Жигит былай деп жуўап берди: – Яҳудийлер өз ара тил бириктирип, Павелдиң мәселесин анығырақ тексериў сылтаўы менен, оны ертең жоқарғы кеңеске алып келиўиңизди сизден өтиниш етпекши.
21 Бирақ сиз оларға қулақ салмаң! Себеби олардың қырықтан асламы оны тасада күтпекте. Олар: «Павелди ѳлтирмегенимизше ишип-жесек, бизлерге нәлет болсын!» – деп ант ишти. Енди олар сизиң қайылшылығыңызды күтип, таяр болып турыпты.
22 Мыңбасы жигитке: – Буларды маған хабарлағаныңды ҳеш кимге айтпа! – деп тапсырды да, оны қайтарып жиберди.
23 Соңынан мыңбасы жүзбасылардың екеўин жанына шақырып алып былай деди: – Түнде, саат тоғызда Кесарияға кетиў ушын, еки жүз пияда әскер, жетпис атлы ҳәм еки жүз найзалы әскер таярлаңлар.
24 Павелди миндирип, оны аман-есен ҳәким Феликске жеткизиў ушын, атлар менен тәмийинлеңлер.
25 Соңынан мыңбасы тѳмендеги хатты жазды:
26 «Ҳүрметли ҳәким Феликске Клавдий Лисястан сәлем!
27 Яҳудийлер бул адамды услап алып ѳлтирейин деп атыр еди. Бирақ мен оның Рим пуқарасы екенин билгенимнен соң, әскерлерим менен жетип барып, қутқарып қалдым.
28 Оны не ушын айыплап атырғанын билмекши болып, яҳудийлердиң жоқарғы кеңесине алып бардым.
29 Сонда оның яҳудийлердиң нызамына байланыслы тартыслы нәрселер себепли айыпланып атырғанын анықладым. Бирақ онда ѳлимге ямаса қамалыўға ылайық ҳеш қандай айып жоқ.
30 Бул адамға қарсы қастыяншылық исленежақ екенлиги маған хабар етилгенде, оны дәрҳал сизге жолладым. Оның айыплаўшыларына да оған қарсы шағымларын сизиң алдыңызда айтыўды буйырдым».
31 Солай етип, әскерлер ѳзлерине берилген буйрық бойынша Павелди алып, түнде Антипатрис деген қалашаға барды.
32 Ертеңине олар атлы әскерлерди Павел менен жолды даўам етиў ушын қалдырып, ѳзлери әскерий бѳлимге қайтып келди.
33 Атлы әскерлер Кесарияға барып, хатты ҳәкимге берди де, Павелди оның қолына тапсырды.
34 Ҳәким хатты оқып, Павелден қайсы үлкеден екенин сорады. Киликиялы екенин билгенде, оған:
35 «Сени айыплаўшыларың келгенде тыңлайман», – деди де, оның Ҳиродтың сарайында қараўылланыўын буйырды.