1 Павелдиң Ерусалимге қарай жолға шығыўы. 17 Павел Ерусалимде. 27 Павелдиң қолға алыныўы. 37 Павелдиң өзин ақлаўы.
Елшилердиң ислери 21 bob
1 Олар менен хошласқанымыздан кейин, кеме менен жүзип, туўры Кос атаўына кеттик. Ертеңине Родос атаўына, ол жерден Патара қаласына келдик.
2 Сол жерден Феникияға баратуғын кемени таўып миндик те, жүзип кеттик.
3 Кипр кѳрингенде, оның қубла тәрепинен ѳтип, Сирияға қарай жол алдық. Кеме Тир қаласында жүгин түсириў керек болғанлықтан, сол жерде тоқтадық.
4 Ол жерде шәкиртлерди излеп таўып, олар менен бирге жети күн қалдық. Шәкиртлер Мухаддес Руўхтың билдириўи менен, Павелден Ерусалимге бармаўды ѳтинди.
5 Бирақ кететуғын ўақтымыз болғанда шығып, жолымызды даўам еттик. Ҳәмме исениўшилер ҳаял ҳәм бала-шағалары менен бирге бизлерди қаланың сыртына дейин шығарып салды. Теңиздиң жағасында дизе бүгип, дуўа еттик.
6 Бир-биримиз бенен хошласқанымыздан соң, кемеге миндик. Ал олар үйлерине қайтты.
7 Тирден жолымызды даўам етип, Птолемайда қаласына келдик. Ол жердеги туўысқанларымыз бенен кѳрисип, олардың жанында бир күн қалдық.
8 Ертеңине шығып, Кесарияға келдик. Сайланған жети хызметшиниң бири болған, Хош Хабар жәриялаўшы Филиптиң үйине барып, оның менен қалдық.
9 Бул адамның пайғамбаршылық ететуғын, турмысқа шықпаған тѳрт қызы бар еди.
10 Сол жерде бир талай күн болғанымыздан соң, Яҳудиядан Агабус атлы бир пайғамбар келди.
11 Ол бизлерге келип, Павелдиң белбеўин алды да, оның менен ѳзиниң аяқ-қолларын байлап: – Мухаддес Руўх былай дейди: «Яҳудийлер бул белбеўдиң ийесин Ерусалимде усылай етип байлап, басқа миллет адамларына услап береди», – деди.
12 Бул сөзлерди еситип, бизлер ҳәм сол жердеги адамлар Павелден Ерусалимге бармаўын өтиндик.
13 Сонда Павел былай деп жуўап берди: – Не ислеп атырсызлар? Неге жыласып, жүрегимди езип атырсызлар? Мен Ийемиз Ийсаның аты ушын Ерусалимде тек аяқ-қолымды байлатыўға емес, ал ѳлиўге де таярман.
14 Павелди кѳндире алмағанлықтан: «Ийемиздиң қәлегени болсын», – деп қайтып үндемедик.
15 Сол күнлерден соң жолға таярланып, Ерусалимге келдик.
16 Кесариядағы шәкиртлердиң айырымлары да бизлер менен бирге келди. Олар бизлерди жасап турыў ушын дәслепки шәкиртлердиң бири болған, кипрлы Минасонның үйине алып барды. Бизлер сол үйде болдық.
17 Ерусалимге келгенимизде, туўысқанларымыз бизлерди қуўанышлы түрде қарсы алды.
18 Ертеңине бизлер Павел менен бирге Яқыпты кѳриўге бардық. Ақсақаллардың ҳәммеси де сол жерге жыйналған еди.
19 Павел олардан ҳал-аўҳал сорағаннан кейин, ѳз хызмети арқалы Ќудайдың басқа миллетлер арасында ислеген ислерин бирим-бирим айтып берди.
20 Олар буны еситип, Ќудайды алғыслады да, Павелге былай деди: – Туўысқанымыз Павел! Ѳзиң кѳрип турсаң, яҳудийлер арасында Ийемизге исениўши кѳп мыңлаған адамлар бар. Олардың ҳәммеси Мухаддес Нызамға жүдә инталы.
21 Олардың алған хабарына қарағанда, сен басқа миллетлер арасында жасайтуғын барлық яҳудийлерге балаларын сүннет етпеўлерин ҳәм үрп-әдетлеримизди орынламаўын айтып, Муўсаның Нызамынан бас тартыў кереклигин үйретип жүрген екенсең.
22 Енди не қылыў керек? Олар, әлбетте, сениң усы жерге келгениңди еситеди.
23 Сонлықтан мына айтқанымызды исле. Арамызда Ќудай алдында ант ишкен тѳрт адам бар.
24 Оларды жаныңа алып, тазаланыў рәсиминен ѳт. Олар шашларын алдырыўы ушын, керекли қурбанлықтың қунын сен тѳле. Солай етип, ҳәмме адам сен ҳаққында еситкенлериниң тийкарсыз екенин ҳәм сениң Мухаддес Нызам бойынша жасап атырғаныңды билсин.
25 Ал басқа миллет исениўшилерине келсек, бизлер оларға бутларға сойылған қурбанлықтың гѳшинен, қаннан, буўындырылып ѳлтирилген ҳайўанлардың гѳшинен ҳәм бузықшылықтан аўлақ болыўлары туўралы қарарымызды жазып жиберген едик.
26 Келеси күни Павел жанына сол тѳрт адамды алып, олар менен бирге тазаланыў рәсиминен ѳтти. Соңынан тазаланыў күнлериниң қашан тамам болатуғынын ҳәм ҳәр бири ушын қашан қурбанлық шалынатуғынын билдириў ушын, Ибадатханаға кирди.
27 Жети күнлик мүддет тамамланыўға шамаласқанда, Азия үлкесинен келген яҳудийлер Павелди Ибадатханада кѳрип, пүткил халыққа қозғалаң салды да, оны услап алып:
28 – Ҳәй, израиллылар, жәрдем бериңлер! Бул адам ҳәмме жерде ҳәмме адамларға бизиң халқымызға, Мухаддес Нызамға ҳәм Ибадатханаға қарсы тәлим берип жүр. Оның үстине, греклерди де Ибадатханаға алып келип, бул мухаддес орынды ҳарамлады, – деп бақырысты.
29 Ѳйткени олар буннан алдын Павелди қалада ефесли Трофим менен бирге кѳргенликтен, Павел оны Ибадатханаға алып келген, деп ойлайтуғын еди.
30 Пүткил қала аяққа турды. Ҳәр тәрептен жуўырысып келген халық Павелди услап, Ибадатхананың сыртына сүйреп шығарды. Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың дәрўазасы жабылды.
31 Олар Павелди ѳлтирмекши болып атырғанда, Рим мыңбасысына: «Пүткил Ерусалим қозғалаң кѳтерди!» – деген хабар жетип барды.
32 Мыңбасы дәрҳал әскерлер менен жүзбасыларды жанына алып, халық турған жерге жуўырып келди. Олар мыңбасы менен әскерлерди кѳргенде, Павелди урыўды тоқтатты.
33 Сонда мыңбасы жақынлап келип, Павелди тутқынға алды да, қос шынжыр менен байлаўды буйырды. Соңынан: – Бул ким? Ол не иследи? – деп сорады.
34 Халық ишинен биреўи анаў, биреўи мынаў, деп бақырды ҳәм шаўқым себепли жѳнли жуўап ала алмағанлықтан, мыңбасы Павелди әскерий бѳлимге алып кетиўди буйырды.
35 Павел басқышқа келгенде, халық сондай ғәзепли болғанлықтан, әскерлер оны кѳтерип жүриўге мәжбүр болды.
36 Халық оның изинен: – Оны жоқ етиңлер! – деп бақырып жүрди.
37 Єскерий бѳлимге кирейин деп атырғанда, Павел мыңбасыға: – Сизге бир нәрсе айтсам бола ма? – деди. Мыңбасы: – Сен грекше билесең бе?
38 Демек, сен буннан бурын қозғалаң кѳтерип, тѳрт мың қозғалаңшыны шѳлге апарған мысырлы емес екенсең-ғо, – деди.
39 Павел: – Мен яҳудиймен. Киликияның белгили қаласы Тарсустың пуқарасыман. Сизден ѳтиниш, халыққа сѳз сѳйлеўге рухсат етиң, – деди.
40 Мыңбасы рухсат етиўден, Павел басқыштың үстинде турып, халыққа қолы менен ишарат етти. Терең тынышлық орнағаннан соң, оларға еврей тилинде сѳйлей баслады.